Колледжлерде қарақалпақ әдебияты бойынша муғаллим тәрепинен сабақтан тыс жумысларды шөлкемлестириўде ҳәм түрлеринен қолланғанда оның қаншелли дәрежеде нәтийжелилиги, педагогикалық
бет 1/2 Дата 12.10.2022 өлшемі 46 Kb. #152689 түрі Сабақ
Байланысты:
газетага макала-А.Тобаназаров
Mектеплерде әдебият пәни бойынша сабақтан тыс жумысларды шөлкемлестириў ҳаққында
Мектеплерде қарақалпақ әдебияты бойынша муғаллим тәрепинен сабақтан тыс жумысларды шөлкемлестириўде ҳәм түрлеринен қолланғанда оның қаншелли дәрежеде нәтийжелилиги,педагогикалық,тәрбиялық тәсиршеңлилиги күшли етип алып барылыўында педагогтың каншелли дәрежеде педагогикалык шеберликке ҳәм тәжрийбелерге ийелилигине де тиккелей байланыслы.Сондай-ақ мектеплерде қарақалпақ әдебиятын оқытыў барасында окытыўшы сабақтан тыс жумысларды шөлкемлестиргенде ҳәм искерлик алып көрсеткенде методист алым Ә.Пахратдинов атап өткениндей, кластан тыс жумыслардың бири сыпатында класстан тысқары оқыў, әдебий дөгереклер, ҳәр қыйлы оқыў конференцияларын шөлкемлестириў, мектепте өткерилетуғын әдебий кешелер ҳәм ертеликлер, ҳәр қыйлы саяхатлар, дийўалый газеталар ҳәм журналлар сыяклы дәстүрий формалары ҳәм усылларынан басқа бул бағдарда пән бойынша жаңа педагогикалық технологиялардан пайдаланған ҳалда дәстүрий емес усыл хәм формаларда, көбирек тәрбиялық характерге ийе сабақтан тыс жумысларды, ис илажларды алып барып, оннан күтилетуғын нәтийжелерге ериссе мақсетке мақсетке муўапық.
Анығырақ айтқанда, солардан мектеплерде бул пән бойынша сабақтан тыс жумысларды шөлкемлестирип, алып барғанда ҳәр қыйлы тренинглерден (интерактив шынығыўларды өткериў процесси) мектептиң қарақалпақ әдебияты пәни оқытыўшысы тәрепинен қолланыў жақсы нәтийжелерге ерисе алады. Методист Ж.Ғ.Йулдошев ҳәм С.А.Усмановлар өзиниң педагогикалық мийнетлериниң биринде тренинг ҳаққында сөз етип, оны өткериў қағыйдаларына тоқталып өтеди.Олардың пикиринше:
Интерактив шынығыў (тренинг) процессиниң тийкарғы баскышлары:
1.Сәлемлесиў (басшы,тренер ҳәм оқыўшылар);
2.Кирис сөз;
4.Танысыў;
5.Күтилетугын нәтийжелер;
6.Киши топарларға ажыратыў
7.Киши топарлардың исин шөлкемлестириў;
8.Презентациялар;
9.Киши лекциялар;
10.Талқылаў,пикирлесиўди өткериў;
11.Жуўмақ ҳәм ўазыйпаларды белгилеў;
12.Шынығыўды жуўмақлаўларды атап көрсетеди.
«Қәдембе-қәдем»Тренинги
Тренингдиң мақсети:- Оқыўшылардың әдеп-икрамлылыққа тәрбиялаў,көркем әдебиятқа болған қызығыўшылығын асырыў;
Тренингден күтилетуғын нәтийже: Оқыўшылар бир-бирине қарама-қарсы сөзлерди табыў арқалы жақсы,жыллы сөзлер ҳәм қарама-қарсы болған суўық,жаман сөзлер менен танысады.Олардың турмыстағы орнын анықлайды,бул сөзлердиң қолланыў дәрежесин билип алады.сөз өнерине болған қызығыўшылығы әдеўир асады.
Шынығыўды өткериў тәртиби: Шынығыў «Қәдембе-қәдем» усылы тийкарында шөлкемлестириледи.Яғный шынығыў даўамында әмелге асырылыўы керек болған ҳәр бир ис қәдем деп алынады ҳәм бир қәдемде оқыўшылар қандайда бир искерликте қатнасады яки қандайда бир ис орынланады.Мәселен,«Бир-бирине қарама-қарсы мәнидеги сөзлерди айт » темасындағында тәрбиялық шынығыў өткереў тәртибин келтиремиз:
1-қәдем-оқыўшылар оқытыўшы тәрепинен тарқатпа материал тәрепинен жазылған сөзлерди дыққат пенен оқып шығыўлары ҳәм ҳәр бир сөзге антонимин табыў ҳәм жазыў зәрүр:
Жақсылык- ……, Кеўилшеңлик-…….., Жуўапкершилик-………,
Ҳақыйқатлық-……, Зийреклик-………, Қайыр-сақаўат-……..,
Еркинлик- ……., Әдалат-……., Адамгершилик …….,
2-қәдем-оқыўшылардан ҳәр бир сөзге тәрийп бериў талап етиледи.
3-қәдем-топарларға бөлинип,келтирилген сөзлер қатнасыўында гүрриң яки ертек дүзиў усыныс етиледи.
4-қәдем-топарлар бир-бириниң гүрриңлери (ертеклери) бойынша сораў-жуўап өткизеди.
5-қәдем-топар ислери өз-ара баҳаланады.
6-қәдем-оқытыўшы шынығыўды жуўмақлайды.Бул тренингди мектеплерде қарақалпақ әдебиятын оқытыўда сабақтан тыс жумыслардың бир формасы сыпатында қандайда бир жазыўшы яки шайырдың дөретиўшилигин уйрениўде көркем шығармадағы образларды унамлы ҳәм унамсыз деп екиге бөлип,ондағы адамгершиликтиң жақсы ҳәм жаман сыпатларды оқыўшыларға ажыратып көрсетиўде ҳәм өмирдеги жақсы ҳәм жаман нәрселерди ажырата билиўге, әдеп-икрамлыкқа тәрбиялаўда қолланса күтилген нәтийжени береди.
«БАЙЛАНЫС» Тренинги-жәмәәтлик гүрриң ямаса ертек дүзиў
Достарыңызбен бөлісу: