Научно-методический журнал Серия: Естественно-технические науки. Социальные и экономические науки. Филологические науки



Pdf көрінісі
бет207/231
Дата30.07.2023
өлшемі4,81 Mb.
#179664
1   ...   203   204   205   206   207   208   209   210   ...   231
Байланысты:
2-сан 2023 (1-серия)

Key words: 
epic, composition, plot, myth, tradition, faith, «safar» month, superstition, damnation. 
Дəстанлардың 
композициясында 
əййемги 
дəўирлерге тəн мифологиялық көзқараслар, ҳəр қыйлы 
исенимлер, түрли дəстүрлер менен үрп-əдетлер, 
ырымлар сəўлеленип, олар сюжетти жүзеге келтириўде 
эпик характер ийелейди. Солардың бири сапар айында 
жолға шықпаў, cапарға шыққанда нан алып жүриў, 
алғыс алыў ҳəм қарғыс cөзлер менен байланыслы ырым 
ҳəм исенимлер есапланады. Биз бул мақаламызда усы 
мəселелер жөнинде пикирлермизди билдирмекшимиз. 
Халық арасында мусылманлардың ҳижрий жыл 
есабы бойынша жылдың екинши айында келетуғын 
сапар айында үйлениўге, неке қыйыўға, той бериўге, 
узақ жолға сапар етиўге болмайды деген түсиник
ырым сыпатында қəлиплескен. Егер усы ырымға əмел 
етилмесе басланған ис, узақ жолға исленген сапар 
нəтийжесиз болады деп түсинген. Халық арасында 
қолланылып киятырған усындай исенимдеги ырымлар 
дəстанлардың сюжетинде ўақыяны раўажландырыў, 
шийеленистириў, ўақыя бағытын өзгертиў ҳəм т.б. 
ҳалатларда 
əҳмийетли 
орын 
тутады. 
Мысалы, 
«Шийрин-Шекер» дəстанында ер жеткен балалар 
атасынан аң аўлап, шикарға шығыў ушын ат сорап 
келеди. Сонда балаларының елден шығынып, жат 
журтларға кетиўинен қəўипсинген Ўəлийхан патша 
балаларын иркиў ушын сапар айын бəне етеди. 
Балаларды бағытанан қайтарып жолынан иркеди. 
Мысаллар келтирейик: «Сол ўақытта патша ойланып 
турса, сол ай сапар айы деген ай екен. Сапар айда 
сапарға шықса жаман болатуғын еди, балаларына қарап 
бир-бир жуўап айтты: 
Атаңызды қылма, балам, сен сарсаң, 
Жолға шықпас кəрўан тартқан Бəзирген, 
Бул айлардың атын сапар дейдилер, 
Шықпа балам, нəсиятым, Шекержан» [1:22]. 
Дəстанда ер жеткен балалардың усы ат сораў моти-
винде ерте дəўирлерден қолланылып киятырған ырым-
ның сюжетке шеберлик пенен киргизилгенин көремиз. 
Бул ырым ислам дининен бурын пайда болып, адамлар 
əсирлер бойы сапар айын бақытсызлық айы деп 
қабыллап келген. Ҳəзирги күни де айырым адамлардың 
сапар айын ырым етип, оған əмел етиўи ушырасады. 
Сонлықтан да жыраўлар дəстанды жырлаў пайтында 
халық түсинигинде ҳəм психологиясында ертеден ор-
наласып қалған сапар айына байланыслы, турмыста 
бар, қолланылып киятырған ҳақыйқатлықты, яғный 
ырымды шеберлик пенен пайдаланған. Мысалы, 
«Шəрьяр дəстанының Жумабай жыраў вариантында 
халық исениминдеги мынадай ырым айтылады: «Сонда 
биреўи ойланып, бир сумлықты табады. Сапар айының 
үркериниң бешиндеги бəлеси я суўға, я қумға түседи 
дейтуғын еди. Сол усы быйыл усы қумға түскен қусай-
ды» [2:241], - деп сапар айынан қорқыў сезимлери 
сəўлеленеди. Сондай-ақ, жыраўлар унамсыз қаҳарман-
ның яки персонаждың портретин сүўретлеўде «Сапар 




Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   203   204   205   206   207   208   209   210   ...   231




©engime.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет