Научно-методический журнал Серия: Естественно-технические науки. Социальные и экономические науки. Филологические науки



Pdf көрінісі
бет201/231
Дата30.07.2023
өлшемі4,81 Mb.
#179664
1   ...   197   198   199   200   201   202   203   204   ...   231
Байланысты:
2-сан 2023 (1-серия)

Ilim h
á
m jámiyet. №2.2023
112
тапқырлығында, терең ойшыллықта, аса талантта
баҳаланады.
Шешенлик өнери менен шайырлық кəсип бир-бирин 
толықтырып туратуғын егиз өнер болып табылады. Ше-
шенлик өнер тил мəдениятының, сөйлеў мəдениятының 
бийик шыңы. Журт алдында ямаса қурда (той дəстүри) 
қағазға қарамай сөйлейтуғын, пикирлейтуғын инсанлар 
сөз өнерине сүйенип айтатуғын ой-пикирин, нəсият-
ақылын да, сөзлерин де турған жеринде «суўырып салып» 
(импровизация) айтады. 
Қарақалпақ əдебиятында Әжинияз уллы шайыр, уллы 
шешен (оратор) деп баҳаласақ асыра айтқан болмаймыз. 
Себеби, шайырдың шығармаларында ушқыр қыял, терең 
ақыл менен дөреген даналық ой-пикирлери шешенлик 
талантының белгиси болып табылады. Шайырдың дөре-
тиўшилигинде «Қасқалдаққа бир ағары май питсе, ғарғыл-
дасып қонар көлин танымас», «Бул дүньяның көрки адам 
баласы», «Мəрт пенен нəмəртти айырар саўаш», «Сөзле 
ҳа, бүлбил зибаным, еки келур заман йоқты», «Адам улы 
адам қəдирин билмесе, оннан дүзде отлап жүрген мал 
жақсы», «Жер ҳəм ел билендур, ел ҳəм жер билен», «Сен 
бағ едиң, бүлбил ушты, зағ қалды» ҳəм т.б. усы сыяқлы 
дүнья, жəмийет, инсан арасындағы пикирлери даналық, 
терең ойлары шешенлик пенен қарысып кеткенлиги бел-
гили. Бул қатарларда жəмленген дидактикалық, филосо-
фиялық ой-пикирлери шайырдың турмыстан түйген тəжи-
рийбелери, қəлбинде, кеўил дүньясында қəлиплескен ой-
пикирлери болып табылады. Шайыр бул пикирлерин 
қосық сүйегине енгизип, халықтың мəжилис орынларында 
(бийлер мəжилиси) той-мерекелерде, (ҳайт-тойларда) саз-
сəўбетлерде үгит-нəсият еткенлиги белгили. Шайыр 
шайырлықты кəсип етиўи, мешит-медреселерде бала 
оқытыўы (сабақ бериўи) менен бирге бақсышылықты да 
кəсип етип, той саўғанлығы, қурда қосық айтқанлығын 
бир қатар əдебиятшы алымлар өз мийнетлеринде жазып 
қалдырған еди. Шайырдың ҳайт-тойларда (қурда) гейде 
бийлер мəжилислеринде баян етип жүрген философиялық, 
дидактикалық ой-пикирлери шешенлик пенен айтылған 
сөзлери импровизациялық уқыбының нəтийжеси болса 
керек. 
Әжинияз шайыр жазба əдебият ўəкили болып табыла-
ды. Шайыр көпшилик шығармаларын жазып дөретиў ме-
нен бирге аўызеки, саўырып салып, импровизация усылы 
менен дөреткенлиги белгили. Оған толық тийкар бар, бу-
ны өз ўақтында белгили илимпаз Н.Дəўқараев Әжинияз 
шайырдың импровизатор шайыр екенлигин мойынлаған 
[4:98]. 
Шайырдың «Еллерим барды», «Бозатаў», «Дəўран 
болмады», «Дүйсен қəндекли», «Бардур», «Болмаса», 
«Әжинияздың қыз Меңеш пенен айтысы» ҳəм т.б. да 
шығармаларында импровизациялық усылдың белгилери 
аңласылып турады. Демек, усы сыяқлы шығармаларын 
шайыр импровизациялық əдис пенен дөреткен. Мысалы: 
Кетер болдық енди бизлер баш алып, 
Хош аман бол, бизден қалдың, Бозатаў, 
Хошласалы қара көзге яш алып, 
Хош аман бол, бизден қалдың, Бозатаў. [2:26] 
Шайырдың «Бозатаў» деп аталған лирикалық поэмасы 
халықтың басына түскен жаўгершилик, қайғы-ҳəсирет, 
руўхый жан азабы сүўретленген шығарма болып табыла-
ды. Ўатан айралығы, рейимсиз жаўызлық, əрманлы жүрек 
шери, ат алдында əсир түсип баратырған «ғулпақлы 
уғлан»лар, «перийдей қыз» шоры болып, жаў алдында 
кетиўи, қыз-жаўанлардың ели менен еңиреп хошласып 
баратырған муңлы налышлары сүўретленеди. Ҳəтте, 
шайыр да ат алдында айдалып баратырған халық пенен 
бирге болып, руўхый жан азабына түскен. Жаў алдында 
əсир түскен халық пенен бирге айдалып баратырған 
пайытта шайырдың ишки ой толғаныслары, жүрек шерле-
ри, қайғы-муңы, налыш сезимлери көкирекке, ишки кеўил 
дүньясына сыймай налыш қосық болып төгилгени өз өзи-
нен түсиникли. Бул шайырдың импровизациялық талан-
тының жемиси болса керек. Шайырдың буннан басқа да 
тəрийп-арнаў ҳəм ҳəзил-дəлкек шығармаларында импро-
визациялық ырғақтың белгилери аңласылып турады: Мы-
салы; 
Беглер тəрийп етсем қалпақ йуртыны, 
Хуп əжеп тамаша еллери бардур, 
Ариф болып ҳақ йолына еришкен, 
Мүршиду муқаммал пирлери бардур… [1:60] 
Шайырдың «Бардур» шығармасы импровизациялық 
усыл менен дөретилген тəрийп жанрындағы дөретпе екен-
лигине толық тийкар бар. Өйткени, шығарма көркем тек-
стине тереңирек үңилсек, қарақалпақ халқының турмыс-
шараяты, аўыл-қалалары, илим-билими, көркем өнери, 
қыз-жаўанлары, батыр жигитлери, сулыў тəбиятын шайыр 
қур əтирапында дуўтар менен намаға салып, төкпе (им-
провизация) ҳалында атқарып турғандай сезиледи.
Юмор-сатиралық шығармалардың басым көпшилиги, 
қылмыскердиң бет жүзине қарамай туўрыдан-туўры айы-
бын айтыў, бетине басыў, дүзиў жолға салыў ямаса көркем 
текст, шығарма дөретиў тəбийий ҳал. Бундай процесс ХIХ 
əсир қарақалпақ шайырларының дөретиўшилигинде орын 
алған. Әжинияз шайырдың «Дүйсен қəндекли» шығарма-
сы усы бағдарда дөретилген. Мысалы: 
Ҳəр қəдем атқанда таўшан алса ҳəм, 
Атасы арабтан туўра келсе ҳəм, 
Әкеңниң көзин көрип қалса ҳам, 
Өлтир көк ийтиңди Дүйсен қəндекли. [1:59] 
Шайырдың бул шығармасында жетер-жетпес хожалық 
ийеси өз ҳалын билмей ийт сақлаўы, бул ийттиң елдеги 
үйлердиң торақ-майларын, нанын, таўығын урлап бүлдир-
гени, пүтин бир аўылды бийзар еткени қызықлы ҳəм 
күлкили сүўретленеди. Ҳəттеки, шайырдың өзи де бул 
ийттен күйгенлиги, аўыл халқының сыпыра-шанашын 
бүлдиргени шайырдың ғəзебин келтиреди. Мине, усы 
ғəзеп-ашыўдан туўылған шығарма ийт ийеси Дүйсен қəн-
деклиге арналған. Бул да импровизация менен дөретил-
генлигине даў жоқ. 
ХIХ əсирдеги қарақалпақ классикалық əдебиятында 
ҳəм мəденияты тарийхында Бердақ шайыр сөзге шешен, 
талантлы шайыр, хош ҳаўаз бақсы сыпатында терең из 
қалдырды. Заманласы Өтеш шайыр Бердақтың сөзге ше-
шен, импровизатор-шайыр екенлигин мойынлап: 
Сөзге дəрья, бақсылыққа зор еди, 
Тилге шешен мың адамға тай еди [7:65]– деп жоқары 
баҳалаған еди. Бердақ шайырдың сөзге шешен 
болғанлығы анық, бирақ Бердақ шешен болып даў-
жəнжелди шешти деген жуўмақ туўылмаўы керек. Ше-
шенлик сөзлердиң тийкарғы мəниси сөз қүдиретин көрсе-
тиў. Бердақ шайыр өзи жасаған дəўирде адамларды сөзден 
жеңип қəтесин мойынлатқан шешен шайырлардың бири 
еди. Ол шайырлық өнер менен бирге шешенлик өнерди 
өзинде жəмлей алған шайыр.
Қашырып сөзди ақпаса, 
Дəрьядай ағып тынбаса, 
Тиллеринен пал тамбаса, 
Аны шешен деп ким айтар. [3:96] 
Мине, бул қатарлар арқалы белгили болғанындай Бер-
дақ шайырдың шешен импровизациялық талантқа ийе 
шайыр екенлиги көринеди. Әлбетте, шешенликте, сөзге 
дилўарлықта, ҳəзир жуўаплылықта импровизация үлкен 
əҳмийетке ийе болады. 
Шайырдың көпшилик шығармалары импровизациялық 
усыл менен дөретилген. Бундай шығармаларына «Қален 
уста», «Жəмəтке», «Хожам», «Уфик мəҳрем» ҳəм т.б. да 
шығармаларын атап өте бериў мүмкин. Белгили Бер-
дақтаныўшы алым Ә.Пахратдинов мағлыўмат бериўши 
ядыкешлерге сүйене отырып, Бердақ дөретиўшилигиндеги 
импровизациялық таланты, төкпе шайырлығы, қосықла-
рының дөрелиўи тарийхына байланыслы қызықлы 
мағлыўматларды илимий жəмийетшиликке усынады [8]. 
Усы усынылған мийнетиндеги талқыға алған шығармала-
ры импровизациялық усыл менен дөретилгени аттың 
қасқасындай болып көринип тур.
Ә.Пахратдинов, К.Пахратдиновлардың (Пахратдинов 
Ә., Пахратдинов К.- Бердақ шайыр ҳаққында легендалар, 
əпсаналар ҳəм ҳақыйқатлықлар, Нөкис:-«Билим», 1997.) 
мийнетинде келтирилген шайырдың «Мегзер» шығарма-
сы импровизациялық усыл менен дөретилген. Шығарма-
ның дөрелиў тарийхына нəзер тасласақ, бир аўылда 
бақсысымақ биреўдиң қосық айтпай жыртыйып, халықтың 
ықласын, сазға, қосыққа интизарын билсе де, димарын 
қуртып, орсақы сөзлер менен халықтың зығырданын 
қайнатып «…мына қолдаўлы да жақыннан бери Бердақ 
деген баксы шығыпты-мыш» деп отырған қусайды. Курда 
отырған Бердақ шайыр шыдамай «…орнынан ушып ту-
рып аўыл бақсысының қолынан дуўтарды жулып алып
дуўтарды сөйлетип ядынан төмен-деги қосықты айтып 
дөндирди» [8:12] деп атап өтеди.




Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   197   198   199   200   201   202   203   204   ...   231




©engime.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет