Адильчаев камал


Магистрлик  диссертация  жумысының  дүзилиси  ҳәм  көлеми



Pdf көрінісі
бет10/30
Дата19.12.2021
өлшемі0,62 Mb.
#103439
1   ...   6   7   8   9   10   11   12   13   ...   30
Байланысты:
aoyllyq zherlerde zheke isbilermenlik imkaniyatlarynan natijzheli pajdalanyo zhollary

Магистрлик  диссертация  жумысының  дүзилиси  ҳәм  көлеми

Магистрлик диссертация тийкарынан кирисиў, жуўмақлаў, тийкарғы үш бап, 



пайдаланылған  әдебиятлр  дизими,  сондай-ақ,  6  кесте,  2  суўрет  ҳәм  5 

диаграммадан  ибарат  болып,  Магистрлик  диссертация  жумысы  текстиниң 

улыўма кӛлеми 82 бетти қурайды. 

 

 



 


 

10 


I-бап. Исбилерменликти раўажландырыў ҳәм оны басқарыўдың 

теориялық тийкарлары 

1.1. Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликтиң мәниси, түрлери ҳәм 

өзгешеликлери  

Дүнья  жүзилик  финанслық-экономикалық  кризиси  шараятында  

экономиканың  ҳәмме  салаларында  базар    қатнасықларын    раўажландырып 

барыўды, мүликшилик формалары ҳәм хожалық жүргизиўдиң усыллары ҳәм 

әмеллериниң ҳәр түрли болыўына ерисиўди, экономиканы турақласқан ҳалға 

келтириўди,  сырт  ел  капиталларын  енгизиўди  кеңейтириўди,  ҳәм  ишки  

базарда,  ҳәм  басқа  республикалар  қала  берсе  сырт  еллер  менен  болатуғын 

алмасыўдың  эквивалентлигин  тәмийинлеўди  нәзерде  тутады.  Қулласы, 

реформалардың  хәзирги  дәўиринде  шешилиўи  тийис  болған  ўазыйпалар 

шешилиўи лазым болған машқалалар бир қанша болып есапланады. 

Ҳәр  қандай  мәмлекетте  Нызамлар,  Пәрманлар  ҳәм  басқа  ҳүжжетлер 

белгили  бағдарға,  тәрепке  қаратылған  болып,  тийкарынан  ӛндирислик, 

илимий-техникалық  ҳәм  ақыл-зейинлилик  саласындағы  бар  болған 

имкәниятларын  кеңейтириў,  сондай-ақ,  олардан  нәтийжелирек  пайдаланыў, 

инсанлардың 

экономикалық 

ҳәм 

социаллық 



аҳўалын 

жақсылаў, 

Республиканы  дүньяның  раўажланған  еллери  қатарына  алып  шығыў 

мақсетин нәзерде тутады. Бирақ, олар қаншелли дәрежеде пуқта ойлап қабыл 

етилген  болсада  әмелий  ис-ҳәрекетлериниң  тек  ҳуқықый  тийкары,  негизи 

ғана  болып  қалады.  Президентимиздиң  сӛзлери  менен  айтқанымызда, 

олардың ӛзлери ӛз алдына инсанлар болып есапланады,  басқарыў органлары, 

түрли  институтлар  орынлай  алатуғын  ямаса  орынлаўы  керек  болған 

нәрселерди әмелге асыра алмайды.  

Мүликшилик, исбилерменлик ҳәм улыўма экономиканың жеке секторын 

раўажландырыў  оны  беккемлеп  барыў  ҳаққында  сӛз  жүргизилер  екен, 

базардың  адам  не  қәлесе,  соны  ислейтуғын,  нызамлық-қәделери  болмаған 

орын емеслигин анализлеп атап ӛтиўимиз керек. Соның ушын жумыслардың 

барлық  салалары  ҳәм  түрлеринде  тек  ғана  бир  хожайын  -  базардың  ӛзи 




 

11 


болыўы  керек,  не  қылса  базардың  ӛзи  қылады,  оған  мәмлекет  ҳеш  қашан 

араласпайтуғынлығы,  яғный  араласпаўы  керек  деген  пикир  оншелли  дурыс 

емес.  Базар  экономикасы  раўажланған  мәмлекетлердиң    ҳәммеси  хожалык 

жүргизиў  ҳәм  базар  механизмин  мәмлекетлик  жол  менен  басқарып  барыў 

арқалы нәтийжелиликке ерискен. Базар бүгинги күнде ҳәр канша әҳмийетли 

болмасын,  тиришиликке  тийисли  базы  мәселелерди  мәмлекеттиң 

араласыўларысыз шешип балмайды. 

Шығарылған  нызам  ҳәм  қәделерди  ҳәзирги  шараятта  ҳәмме 

билетуғынлығыда рәўшан, оларға ҳәммениң бағыныўы тийис екенлиги жүдә  

әҳмийетли  болып  табылады.  Нызамларды  билмеслик,  түсинбеслик  ямаса 

олардың  талапларын  орынламаў  адамды  жуўапкершиликтен  азат  етпейди. 

Сол  мунәсибет  пенен  адамларға  нызам  ҳәмде  хуқықый-тәрбиялық 

тийкарларын үретиў базар  қатнасықларын ҳәм улыўма миллий экономиканы 

раўажландырыўда  үлкен  ролди  ойнайды.  Бул  нәрсе  исбилерменлик  пенен, 

бизнес  пенен  шуғылланыўы,  ӛз  капиталын  кӛбейтип  барыўды  қәлеўши 

адамлар ушын әсиресе әҳмийетли болып табылады.  

Ақырғы нәтийжеде, мүлик ӛзиниң ҳақыйқый ийесин, хожайинин таўып  

алатуғын  болыўы  ушын  мәмлекеттиң  ийгилигинен  шығарыў  ҳәм 

меншиклестириў  процессин  жанландырыў  ҳәм  тезлестириў  зәрүр.  Бул 

орында мәмлекет ийелигинен шығарыў ҳәм меншиклестириў  процессларин  

тереңлестириўге тийисли болған мәмлекетлик дәстүри, сондай-ақ Ӛзбекстан 

Республикасы  Президентиниң  “Ӛзбекстан  Республикасында  мәмлекеттиң 

ийелигинен 

шығарыў 


ҳәм 

меншиклестириў 

процессин 

жәнеде 


раўажландырыўдың артықмаш бағдарлары ҳаққында”ғы 1994-жыл 15-мартта 

шығарған  Пәрманы  ҳәм  усы  Пәрманды  орынлаў  бойынша  ҳүкиметимиз 

тәрепинен ислеп шығылған иләжлар жүдә үлкен әҳмийетке ийе. 

Ҳәммемизге мәлим, бир мүлик ийеси (усындай ҳалда мәмлекеттиң) жеке 

ҳәкимшилигине байланыслы,  жақсы  монопол  аҳўалда  сақланып  қалғанында 

базар  қатнасықлары  толық  рәўиште  раўажланып  бара  алмайды.  Лийкин 

мәмлекет мүликин барлық пукараларға «бӛлистирип бериў» де ҳәмме дәртке 



 

12 


даўа  бола  алмайды.  Дүнья  жүзи  тәжрийбесинен  белгили  болғанындай, 

национализация  қылыў  (жеке  мүликти  мәмлекетлик  мүликке  айландырыў) 

буның  терис  кӛриниси  болған  процесс  -  меншиклестириў  процессине 

аңсатырақ  кӛшеди,  әсиресе,  гәп  ири  индустриял  кәрханалары,  халық  

хожалығының қурәмелы объектлери ҳаққында баратырған болса. Бу орында 

киши  меншиклестириўдиң  сынаўларынан  ӛткен  механизми  ҳәмийше 

кеўилдегидей  нәтийже  беребермеслиги  мүмкин.  Яғный  рамзий  ҳалдағыдай 

етип 


айтқанымызда, 

адам 


меншиклестириўдиң 

“түнин” 


үлкен  

меншиклестириў  -  ири  индустриал  кәрханалар  ҳәм  объектлерин  

меншиклестириў “желкесине” таслап балмайды. 

Бизиң  шараятымызда  усы  машқаланың  шешимин  кӛп  ғана  мәмлекет 

кәрханалары  базасында  акционерлик  жәмийетлери,  усының  менен  бирге 

ашық  түрдеги  жәмийетлерди  пайда  етиўде  деп  биледи.  Бул  пикир  әсиресе 

сырт  еллерде, биринши  нәўбетте нени ӛндириў керек деген  мәселе  емес, ал 

ӛндирилип атырған нәрсени қалайынша сатыў керек деген мәселе әҳмийетли 

болып  турған  мәмлекетлерде,  әлбетте  жасаўға  уқыплы  болып  табылады. 

Бизиң  әмелиятымызда  болса  қәнигелердиң  пикирине  қарағанда,  пайда  ҳәм 

басқа байлықларға “бийганаларды” жолдас қылмаслық ушын кәрханалардың 

ашық  түрдегиден  кӛре  кӛбирек  жабық  түрдеги  акционерлик  жәмийетлерин 

дүзиўге бейим екенлиги бақланылмақта. 

Мүликти 


демократластырыўдың 

бир 


формасы 

сыпатындағы 

акционерлестириў 

стратегиясын 

қоллап-қуўатлап 

сӛйлесилер 

екен,  

акционерлердиң  кең  масса  қолына  тийетуғын  болыўын  тәмийинлеў  зәрүр.  

Лийкин бул орында “акцияларды сатып алың, сонда байып  кетесиз”  дегенде 

уқсас  реклама  сӛзлери  болыўын  нәзерде  тутып  атырғанымыз  жоқ.  Гәп 

акцияларға  ийе  болыўда  ҳақыйқаттан  ҳәм  халықтың  кең  түрде  қатнасыўы,  

акционерлер ҳәм акция ийелериниң тийисли басқарыў органлары тәрепинен 

ҳақыйқый  қадағаланып  барыўи  негизинде  кӛретуғын  нақ  пайдалары 

ҳаққында бармақта. 




 

13 


Экономикалық раўажланыў ҳәм абаданшылық айырым адамлар, айырым 

структуралар ҳәм институтларға байланыслы ўазыйпа балмай, ал пүткиллей  

жәмийетке  байланыслы  ўазыйпа  екенлигин  умытыў  жарамайды.  Усы  

шынжырда  колға  киргизилген  табыслар  да,  жол  қойылған  кемшиликлер  де 

реформалардың ақырғы нәтийжесине әлбетте  тәсир  ӛткизеди.  Соның ушын 

экономикалық  раўажланыў  ҳәм  абаданшылыққа  қарай  бәрше  бир  жағадан 

бас шығарып, ҳадал ҳәм жоқары ӛнимдарлы мийнет етип мудамы жаңалыққа 

ҳәм алдыңғы қатарға умтылып, батыллық пенен қәдем таслап барыўы  керек.  

Заманда, ҳәзирги турмыстың ӛзиде әне усыны талап етеди.  

Бүгинги 


күнде 

дүнья 


практикасында 

исбилерменликти 

шӛлкемлестириўдиң ең әпиўайы түри жеке исбилерменлик есапланады. 

Жеке  исбилерменлик-хожалық  жүритиўдиң  сондай  шӛлкемлестириў-

шилик-ҳуқықый түри, онда мүлик ийеси бир шахс ямаса шаңарақ олады ҳәм 

хызметинен  келген  дәраматтың  ҳәммесине  ийелик  етеди,  қала  берсе 

бизнестеги қәўип-қәтер ҳәм тәўекелшилик ушын жеке ӛзи жуўапкер болады. 

Исбилерменликтиң  бундай  түри  усақлап  сатыўда,  улыўма  аўқатланыў 

тараўында,  мәсләҳәт  тараўындағы  бизнесте,  фермершиликде,  медициналық 

әмелиятта  ҳәм  ӛнерментшиликте  кӛбирек  ушырайды.  Ол  еки  түрли 

кӛринисте  шӛлкемлестирилиўи  мүмкин:  а)  индивидуал-яғный  кәрхана 

дүзбестен  ҳәм  б)  жеке  кәрхана-яғный  юридикалық  шахс  шӛлкемлестирген 

жағдайда. 

Жолдаслық- бул еки ҳәм оннан да кӛп шахстың мүликин улыўма мәпин 

кӛзлеўши  мақсетлердеги  исбилерменлик  ҳәрекетин  улыўмаластырып 

бирлесиў. 

Бул 

шәртнама 



тийкарында 

шӛлкемлестириледи, 

оның 

қатнасыўшылары  дәслеп  ӛзиниң  ҳәм  басқа  ағзаларының  мәпин  кӛзлеп 



ҳәрекет етеди. 

Ӛзлериниң  хызмети  мақсети  бойынша  киши  кәрханалар  ири 

кәрханалардан  ажыралмайды.  Лекин,  әмелият  соны  кӛрсетеди,  онша  үлкен 

болмаған  кәрханалар  жәмийетте  әҳмийетли  социаллық-экономикалық  роль 

ойнаса  да,  олар  базар  шараятына  шыдамлы  емес.  Соның  ушын,  киши 



 

14 


кәрханалар,  мәмлекеттиң  қоллап-қуўатланыўына  зәрүр.  Усы  жағдайды 

есапқа  алып,  барлық  мәмлекетлер  киши  кәрханаларды  ири  кәрханалардан 

ажыратыў  ушын  белгили  кӛрсеткишлерден  пайдаланады  ҳәм  оларды 

нызамлы ҳүжжетлерде банкрот болыўдан қорғайды. 

Ӛзбекстан Республикасы нызамларына қарай киши кәрханалар оларда 

ислеўшилердиң санына қарай ажыратылады. Киши кәрханаларға, тӛмендеги 

жаңа раўажланып атырған ҳәм әмелдеги кәрханалар киреди: 

 

санаатта ҳәм қурылыста- 50 адамға шекем; 



 

илимий хызметте- 10 адамға шекем; 

 

аўыл хожалығы ҳәм басқа ислеп шығарыў тараўларында- 25 адамға 



шекем; 

 

ислеп шығармайтуғын тараўларда- 10 адамға шекем; 



 

усақлап сатыўда- 5 адамға шекем хызметкери болған кәрханалар. 

Қоспа  кәрханалар-  бул  еки  ямаса  оннан  да  кӛп  юридикалық  шахс, 

яғный  кәрханалар  мүликин  қосыў  жолы  менен  ашылған  кәрханалар 

есапланады. Лекин, әмелиятта хожалық субъектлериниң сырт ел шериклери 

менен  биргеликте  ашылған  кәрханаларды  ғана  қоспа  кәрханалар  деп 

айтылмақта.  Бул  кәрханалар  мәмлекетимизге  сырт  ел  технология,  басқарыў 

тәжирийбеси ҳәм қосымша финанслық ресурсларды (инвестицияларды) алып 

киреди ҳәм экспортты кӛбейтиўге мүмкиншилик береди. 

Қоспа  кәрхана  хожалық  жүритиў  субъекти  есапланады  ҳәм  хызмети 

дәрамат  алыўға  бағдарланған  болып  қайсы  мәмлекет  регионында  ашылған 

болса,  сол  мәмлекет  нызамлары  тийкарында  хызмет  кӛрсетеди  ҳәм  салық 

тӛлейди.  Егер  устав  капиталында  сырт  ел  инвесторының  үлеси  30%  тен 

артық  болса  ҳәм  нызам  менен  орнатылған  нызам  капиталының  түрлениў 

шәртине  әмел  қылса,  олар  ушын  салық  бойынша  қосымша  жеңилликлер 

болады. 


Жәмәәт кәрханасы-бул сондай хожалық түри, бунда барлық мүлик ҳәм 

алынатуғын пайда оның мийнет жәмәәтине тийисли болады. Ол тӛмендегише 

шӛлкемлестирилиўи мүмкин: 



 

15 


 

мийнет  жәмәәти  тәрепинен  мәмлекет  мүликин  сатып  алыў  жолы 

менен; 

 

онша 



үлкен 

болмаған 

мәмлекет 

кәрханаларын 

жәмәәт 

кәрханаларына айландырыў жолы менен; 

 

физикалық  ҳәм  юридикалық  шахслар  мүликин  иқтыярий  түрде 



бирлестириў жолы менен; 

 

мәмлекет  кәрханалары  мүликин  (қайтарып  бермеў  шәрти  менен) 



мийнет жәмәәтлерине бериў жолы менен. 

Жәмәәт  кәрханаларының  абзаллықлары:  жәмәәт  мийнетиндеги  ӛсип 

барыўшы  жаңалыққа  интилиў  ҳәм  жарысыў,  ӛз-ара  жәрдем  ҳәм  бирдейлик. 

Бул кәрхана толық ғәрезсиз болып, ол беганалардың араласыўысыз ӛзи ислеп 

шығарған  ҳәм  сататуғын  ӛнимине,  орынлайтуғын  жумысына  ҳәм 

кӛрсететуғын  хызметине  болған  талап  тийкарында  ӛз  хызметин 

режелестиреди, келешек раўажланыўын ҳәм кәрхананың ислеп шығарыўын, 

социаллық раўажланыўын ӛзинде, мийнет етиўшилердиң жеке дәраматларын 

қандай  асырыўды  ӛзи  ғәрезсиз  белгилейди.  Жәмәәт  кәрханасының  ҳәр  бир 

ислеўшисиниң  жеке  үлеси  оның  орынланатуғын  мийнетине  қарай 

белгиленеди.  Жәмәәт  кәрханалардың  кемшилиги:  топарлық  эгоизм  қәўипи, 

жыйналған  жамғарма  муғдарына  путур  жеткизип,  тутыныўды  асырыўда 

интилиў. 

Акционерлик  жәмийет-  бул  физикалық  шахслар  капиталларының 

бирлесиўи  болып,  ол  акциялар  шығарыў  жолы  менен  пайда  болады. 

Акциялар  фонд  биржаларында  айланыста  болады-бир  шахстан  екиншисине 

еркин  ӛтеди  ҳәм  акционер  ушын  оның  үлеси  ҳаққындағы  ҳүжжети 

есапланады. 

Акционерлик  жәмийет  сондай  хожалық  жәмийети  есапланады,  оның 

нызам  фонды  жәмийеттиң  номинал  қунын  белгили  акциялар  санына  қарай 

бӛлистирилген  болады  ҳәм  бул  фонд  усы  акцияларды  сатыўы  арқалы 

түрленеди: ашық ҳәм жабық түрдеги акционерлик жәмийетлер. 




 

16 


Барлық  жәмәәт  кәрханалары  ушын  (жуўапкершилиги  шекленген, 

қосымша  жуўапкершиликли  ҳәм  акционерлик  жәмийетлери)  тӛмендеги 

улыўма жағдайлары бар: 

 

нызам  капиталының  тийисли  бӛлеклерге  ямаса  акцияларға 



мәжбүрий бӛлиниўи; 

 

жәмийеттиң  ӛз  мәжбүриятлары  бойынша  тек  ӛзиниң  мүлики 



бойынша шекленген жуўапкершилиги; 

 

шериклер  арасындағы  ӛз-ара  қатнасықлар,  дәрамат  ҳәм  мүликти 



бӛлистириў,  кәрхананы  басқарыў  бойынша  қатнасықлар  олардың  кириткен 

үлеслери муғдарына қарай бӛлинеди; 

 

жәмийет  аағзалары  оның  капиталына  ӛз  үлеслерин  киритиўлер 



зәрүр,  лекин  ӛз  мийнетлери  менен  оның  хызметинде  қатнасыўы  мәжбүрий 

емес. 


Фирма-товар  ислеп  шығарыў  ямаса  хызмет  кӛрсетиў  мақсетинде 

экономикалық  ресурсларды  ислетиўши  шӛлкем  есапланады.  Киши  бизнесте 

фирмалар  әдетте  жоқары технологиялық ислеп  шығарыўды раўажландырыў 

менен  бәнт.  Олардың  хожалық  хызметин  басқарыў  стратегиясы  тӛртке 

бӛлинеди: 

Бириншиден-  раўажланып  атырған  ҳәм  жоқары  технологияға  ийе 

болған  фирмалар  бәсекиге  қызықпайды,  соның  ушын  олар  тар 

қәнигелестирилген  ӛнимлер  ислеп  шығарып,  базардың  жоқары  дәраматлы 

бӛлимин  ийелеўге  интиледи.  Екиншиден-  фирмалар  қәлеген  усыл  ҳәм 

ресурслар менен ӛз қәрежетлерин кемейтириўге интиледи. :шиншиден, киши 

фирмалардың  кӛпшилиги  ислеп  шығарыўды  бир  ӛним  ямаса  технология 

әтирапында  уйымластырады.  Олардың  ўазыйпасы  бул  ӛнимлерди 

тутыныўшылардың  ӛзине  сай  зәрүрликлерине  масластырыўдан  ибарат 

болады.  Тӛртиншиден,  барлық  фирмалар  илажы  барынша  басқаның 

капиталын  кемирек  жалп  етиўге,  ӛзлериниң  ғәрезсизлигин  сақлап  қалыўға 

ҳәрекет етеди. 




 

17 


Корпорация-  бул  улыўма  кәсиплик  мәплер  тийкарында  бирлескен 

шахслар жәмийети, бирлеспеси. Корпорациялардың тийкарғы ўазыйпалары: 

 

базар конъюнктурасын үйрениў ҳәм ҳәрекет стратегиясын анықлаў; 



 

илимий техниклық раўажланыў дәстүрлерин әмелге асырыў арқалы 

ерисилген илимий-техникалық раўажланыў нәтийжелерин ислеп шығарыў; 

 

ресурсларды 



ҳәм 

корпорацияның 

хожалықлар 

аралық 


кәрханаларында  ислеп  шығарылған  ӛнимлерди  орайластырылған  жағдайда 

бӛлистириў ҳәм ӛзиниң жеке коммерциялық бӛлимлери арқалы тарқатыў; 

 

хожалық механизмин жеделлестириў ҳәм басқалар. 



Холдинг  -  бул  мүлик  ийелери  тәрепинен  бир  қанша  ғәрезсиз 

акционерлик  жәмийетлери  хызметин  қадағалаў  мақсетинде  шӛлкемлес-

тирилетуғын жәмийет. Холдинг ямаса бас холдинг компаниясы ӛзиниң шуба 

кәрханалары  акцияларын  қадағалаў  пакетлерин  ӛзинде  жәмлеў  жолы  менен 

финанс  капиталын  топлайды.  Акциялардан  алынатуғын  дивиденлер  оның 

тийкарғы дәраматы есапланады. Холдинглер мәмлекетке қараслы ямаса жеке 

болыўы  мүмкин.  Мәмлекет  холдингте  акцияларды  қадағалаў  пакети 

мәмлекетке  тийисли  болады.  Холдинг  компаниялар  финанслық  ҳәм  аралас 

холдинг болып екиге бӛлинеди. Финанслық холдинг- тийкарынан қадағалаў 

басқарыў  ўазыйпасын  атқарады,  аралас  холдинг-  ҳәр  қыйлы  хожалық 

хызметин ҳәм саўда-сатық пенен шуғылланады. 

Офф-шор компаниясы- бул жеңилликли салық тӛлеў регионында пайда 

болатуғын кәрхана болып, ол дизимге алынған жерде турақлы турмайтуғын 

шахсларға  тийисли.  Кӛплеген  мәмлекетлерде  сырт  ел  инвестицияларын 

кӛбирек 

тартыў 


мақсетинде 

киритилген 

аманатлар 

ҳаққындағы 

информацияның  нызамшылық  ямаса  дәстүрлик  кепилликлер  жолы  менен 

конфиденциаллығын  тәмийинлеўши  ҳәм  бир  қатар  жеңилликлер  бериў 

системасы  пайда  болып,  бул  система  сырт  ел  исбилерменлерине  олардың 

исбилерменлик  хызметин  усы  мәмлекет  регионында  алып  барыў  шәрти 

менен ашылады. 



 

18 


Офф-шор  компаниясының  салық  тӛлеў  тартибине  тәсир  кӛрсетиўши 

тийкарғы  шәрт  бул  оның  резидент  ҳәм  резидент  емесликте.  Бунда  нәзерде 

тутылып  атырған  нәрсе  басқарыў  мекемелериниң,  оның  дизимнен  ӛткен 

регионына  қарай,  орманда  жайласқан  жайы  есапланады.  Резидент  емеслик 

компаниялардың резидентлик компаниялардан айырмашылығы, олар ӛзлери 

жайласқан  регионнан  тысқары  турып  басқарылады.  Резидентлик  емес 

компаниялар  әмелде  жергиликли  салық  тӛлеў  системасынан  пүткиллей 

шығарылады.  Усы  сыяқлы  компаниялардың  ӛзлери  дизимнен  ӛткен  жерде 

ӛзине  тийисли  офиси  болыўы  шәрт  емес,  базы  бир  мәмлекетлерде  болса 

бухгалтериялық  ҳүжжетлерин  алып  барыўдан  ҳәм  акционерлер  реестрин 

жүритиўден  де  азат  етилген.  Бул  жағдайда  корреспонденцияларды  қайта 

ислеў  ҳәм  жыллық  финанслық  есабатларды  таярлаў  мәжбүриятларын 

арнаўлы  фирмалар мойнына  жүкленеди.  Компанияның ийеси жер  шарының 

басқа  точкасында  турып-ақ  басқара  береди.  Компанияның  финанслық 

хызметинде  валюта  бойынша  шеклениўлердиң  болмағаны  себепли  алынған 

дәрамат қәлеген түрдеги валютада еркин алып шығып кетилиўи мүмкин. 

Консалтинг-  бул  ислеп  шығарыўға  ис  жүзинен  хызмет  кӛрсетиў 

тараўында  қәнигелестирилген  фирмалардың  ӛз  клиентлерине  мәсләҳәт 

хызметин  кӛрсетиў  ҳәм  техникалық  проектлерди  экспертиза  етиў  менен 

байланыслы  экономикалық  хызмет  есапланады.  Бундай  бирлеспелердиң 

тийкарғы ўазыйпасы тӛмендегилерден ибарат: 

 

бир  ғана  информация-сораўнама  фондын  жаратыў  ҳәм  реклама 



стратегиясын  әмелге  асырыў  жолы  менен  олардың  ағзалары  хызметин 

улыўма мақсетлер жолында жәмлеў; 

 

мәсләҳәтшилик  шӛлкемлерин  раўажланыўына  ҳәм  сырт  ел 



инвестицияларды тартыўға жәрдемлесиў; 

 

исбилерменлик хызметин әмелге асырыў ушын шериклер таңлаў. 



Экономикалық раўажланыў ҳәм абаданшылық айырым адамлар, айырым 

структуралар ҳәм институтларға байланыслы ўазыйпа балмай, ал пүткиллей  

жәмийетке  байланыслы  ўазыйпа  екенлигин  умытыў  жарамайды.  Усы  



 

19 


шынжырда  колға  киргизилген  табыслар  да,  жол  қойылған  кемшиликлер  де 

реформалардың ақырғы нәтийжесине әлбетте  тәсир  ӛткизеди.  Соның ушын 

экономикалық  раўажланыў  ҳәм  абаданшылыққа  қарай  бәрше  бир  жағадан 

бас шығарып, ҳадал ҳәм жоқары ӛнимдарлы мийнет етип мудамы жаңалыққа 

ҳәм алдыңғы қатарға умтылып, батыллық пенен қәдем таслап барыўы  керек.  

Ҳәзирги заманда, ҳәзирги турмыстың ӛзиде әне усыны талап етеди.  

Мәмлекетимизде  жумысшы  күши  бәнтлиги  ҳәм  халық  дәраматларын 

арттырыўда  ири  кәрханалардан  үйге  алып ислеў ҳәмде жеке жәрдемши  ҳәм 

дийқан  xожaлықлaрындa  қарaмал  бағыў  салаларының  әҳмийети  жылдан-

жылға күшейип бармақта. 

Зәрүрлилик  туўылса  консалтинг  бирлеспелери  киши  бизнес  кәрхана 

баслықлары  ҳәм  хызметкерлериниң  қәнигелигин  асырыў  ислерин 

шӛлкемлестириўи де мүмкин. 



Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   6   7   8   9   10   11   12   13   ...   30




©engime.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет