Научно-методический журнал Серия: Естественно-технические науки. Социальные и экономические науки. Филологические науки



Pdf көрінісі
бет94/231
Дата30.07.2023
өлшемі4,81 Mb.
#179664
1   ...   90   91   92   93   94   95   96   97   ...   231
Байланысты:
2-сан 2023 (1-серия)

 
 
ҤСТИРТТЕН ТАБЫЛҒАН АЙҚАЛ ЕСТЕЛИГИНЕ БАЙЛАНЫСЛЫ БАЗЫБИР МАҒЛЫЎМАТЛАР 
Е.Е.Қанаатов – 
докторант
Әжинияз атындағы Нӛкис мәмлекетлик педагогикалық институты 
Таянч сўзлар:
Айқал, Балбал, Устюрт, Байте, тош ҳайкаллар, кўчманчилар, сак-массагетлар 
Ключевые слова:
Айкал, Балбал, Устюрт, Байте, каменные изваяния, кочевники, сак-массагеты. 
Key words:
Aykal, Balbal, Ustyurt, Bayte, stone sculptures, nomads, Sak-massagets 
Үстирт платосы тарийхый естеликлерге оғада бай. 
Көшпели халықлар мəденияты менен байланыслы 
болған талай тарийхый естеликлер, əсиресе, платоның 
Өзбекстан (Қарақалпақстан) аймағындағы бөлиминде 
көплеп ушырасады.
Бүгинги күни елимизде туризм тараўының жедел 
пəтлер менен раўажланыўы нəтийжесинде сырт елден 
туристлер ағымы əдеўир дəрежеде артпақта. Ҳүкимет-
тиң бул салаға айрықша итибары менен жергиликли 
туристлик потенциал да раўажланбақта. Әйне тарийхый 
естеликлердиң 
атамалары, 
олар 
ҳаққындағы 
мағлыўматлар туристлер ушын қызық. Сан əсирлик 
жасы ҳəм тарийхы бар естеликлердиң атамаларын, 
олардың тарийхын билиў ҳəр биримиздиң ўазыйпамыз 
болмағы лазым. Себеби, қарақалпақ халқының қəдири-
ятларының бири усындай өтмиштен жеткен мийраслар 
[1:7-132].
Биз жумысымыз барысында қарақалпақ тилинде та-
рийхый естеликлерге, тийкарынан зыярат орынларына 
байланыслы қолланылатуғын гейпара терминлерге 
түсиндирме берип барыўға ҳəрекет етпектемиз. Сондай 
естеликлердиң бири адам келбетиниң тас мүсини 
болған «
АЙҚАЛ
»лар. 
Бурынғы заманларда адам тулғасына уқсатып жа-
салған тас мүсинлер «айқал» деп аталған. Ҳəзирги 
ўақытта бул сөз Бухара қарақалпақлары сөйлесимле-
ринде ҳəм қубла диалект ўəкиллериниң тилинде қолла-
нылады. Д.Насыров ҳəм О.Доспанов авторлығындағы 




Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   90   91   92   93   94   95   96   97   ...   231




©engime.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет