Ilim h
á
m jámiyet. №2.2023
61
экономиканы
жəне
де
еркинлестириў
ҳəм
модернизациялаў
ҳəм
де
елимиздеги
қолайлы
исбилерменлик орталығын қəлиплестириўдиң тийкарғы
бағдарлары белгилеп берилди.
Қарақалпақстанда экономикалық реформаларды
иске асырыўда ҳəм халықтың социал-экономикалык
шəраятларын жақсылаўда бир қатар унамлы өзгерислер
жүз берди. Экономикалық раўажланыўы нəтийжесинде
аймақтың финанслық турақлылығы тəмийинленди.
Буған санаат өнимлери көлеминиң турақлы артыўы,
өндирис инфраструктурасы раўажланып баратырғаны
себепли ерисилди. Соны да айрықша атап өтиўимиз
керек, Қарақалпақстан Республикасы ғəрезсизлик
жылларында санааты раўажланған,
экономикалық
потенциалы жыл сайын өсип баратырған ири
индустриал регионға айланды. Аўыл хожалығы
өнимлерин жетистириў ҳəм оларды қайта ислеў менен
бирге
химия
санааты,
электронэнергетика,
тоқымашылық, азық-аўқат санааты жедел раўажланды.
Қарақалпақстандағы
бай минерал шийки зат
дереклерин
жоқары
заманагой
технологиялар
тийкарында өзлестириў, сонын есабынан аймақтың
экономикасын раўажландырыў, халыкты жумыс пенен
тəмийинлеў, усы тийкарда халықтын абаданлы
ғ
ын
арттырыў бойынша оғада улкен жумыслар əмелге
асырылды.
Буның айқын мысалы ретинде, Орайлык
Азияда бирден-бир болған Қоңырат сода заводының
2006-жылы
иске
түсирилиўи
республиканың
экономикалық
потенциалының
беккемлениўине,
экспорт көлеминиң артыўына, адамлардың жумыс
пенен тəмийинлениўине хызмет етти. Бул қəрхана
толық қуўатлылықта ислеп баслап тек 2012-2016 жж.
өзинде-ақ кальцийлестирилген сода ислеп шыгары
ў
дын
куўатлылыгы 2 есеге арттырылды ҳəм жылына 200 мын
тоннаға жеткерилди [1:1].
Жəне бир улкен жойбар –
Устирт газ-химия
комплекси санаатымыздын локомотивине айланып,
Үстирт
кеңисликлери
менен
Арал
теңизи
акваториясында онлаған сырт елли шериклер менен
бирликте нефть, газ, углеводород кəнлерин излеп табыў
ҳəм қазыў, ҳəрекеттеги қудықларды реконструкциялаў
жумыслары алып барылды. 2015-жылы декабрь айында
иске тусирилген бул комплекс жылына 4 миллиард
кубометр газди кайта ислеў тийкарында 400 мын тонна
полиэтилен, 100
мын тонна полипропилен, 100 мын
тоннадан аслам пиролиз суйыклығын ислеп шығарыў
куўатлылығына ийе болды [2: 3].
Буннан басқа, сол жылларда избе-из алып барылып
атырған реформалардың нəтийжесинде Аралбойы
аймағында жыл сайын санаат раўажланып, жаңа
қəрханалар иске түсирилди. Бунда импорт орнын
басыўшы өнимлер ислеп шығарыў ҳəм де өндиристи
миллийлестириў бағдарламасына тийкарғы итибар
қаратылды.
Мысалы ушын, 2012-2016 жыллары
Қарақалпақстан Республикасындагы 12 аймаклық
қəрханада
Жергиликлилестириў
ба
Достарыңызбен бөлісу: