Адильчаев камал



Pdf көрінісі
бет24/30
Дата19.12.2021
өлшемі0,62 Mb.
#103439
1   ...   20   21   22   23   24   25   26   27   ...   30
Байланысты:
aoyllyq zherlerde zheke isbilermenlik imkaniyatlarynan natijzheli pajdalanyo zhollary

 

болып


 

есапланади,  яғный  қайсы  жерде  нәтийжелиликке  ерисиў 

(пайда алыў) имкәнияты басқаларға қарағанда жоқары болса, исбилерменлер 

сол жердеги базарға кӛбирек талпынады. Сол кӛз қарастан қарағанда, бүгин 

Ӛзбекстан  Республикасы  базар  экономикасына  ӛтип  атырған  мәмлекетлер 

арасында  ең  жоқары  инвестициялык  орталықты  жаратқан    мәмлекет  болып 

қалды.  

Анализлер

 

соны  кӛрсетеди,  Ӛзбекстан  экономикасына  жалп  етип 



атырған  түрли  формадағы  инвестициялар  ағымы  жылдан-жылға  асып 

баратыр. Ӛтген жыллар даўамында сырт ел валюталарында енгизилген жәми 

инвестициялар  46,4%  тен  53.3%  ке  шекем  ӛсти.  Бундай  ӛсиў  пәти 

ғәрезсизлик  жылларындағы  ен  жоқары  кӛрсеткиш  болып  есапланади. 

Әмелдеги  баҳаларда  болса,  экономикаға  енгизилген  жәми  инвестициялар 

2008-жылда 22.6 млн. сумды қураған болса, 2009 жылда бул кӛрсеткиш 79,0 

млн.  сумға  тең  болған  ямаса  сол  дәўирде  инвестициялардың  ӛсиў  пәти

 



есеге асты.ў 

Бирақ  мәмлекетимиздиң  экономикалық  сиясаты  кӛбирек  туўрыдан-

туўры    сырт  ел  инвестицияларының  енгизилиўине  ҳәм  оны  хошаметлеўге 

қаратылған.  Себеби,  мәмлекетимизде  алып  барылып  атырған  реформалар 

шеңберинде  саррас  инвесторлардың  ӛзлери  тиккелей  қатнасыўы  есапқа 



 

69 


алынған  ҳәм  буның  ушын  жетерли  дәрежеде  шәрт-шараятлар  бар.  Әсиресе, 

республика  аймақларындағы  бай  минерал-шийки  зат  ресурслары,  жетерли 

муғдардағы  маманлыққа  ийе  жумысшы  күшлери,  саў  саламат  ҳалдағы 

қоршаған 

орталық, 

сиясий, 


социаллық-экономикалық 

турақлылық 

усылардың  қатарына  киреди.  Сол  себепли  Ӛзбекстан  Республикасы 

Президентиниң  2005-жыл  11-апрелдеги  Пәрманы

13

  туўрыдан-туўры  сырт  ел 



инвестицияларының ағымын жәнеде кӛбейттириўге кең мүмкиншиликлерди 

береди. 


Статистикалық  мағлыўматларға  қарағанда,  Президентимиз  Пәрман 

қабыл етилгенинен баслап республика экономикасына туўрыдан-туўры жеке 

сырт  ел  инвестицияларын  енгизилиўи  кескин  артты.  Атап  айтқанда, 

енгизилген  инвестициялар  егер  2006-жылда  15355  АҚШ  долларын  қураған 

болса,  2007-жылда  2946,  2008-жылда    16358  ҳәм  2009-жылда  52855  АҚШ 

долларына  тең  болды.  Сол  себепли  2009-жылда  экономикамызға  туўрыдан-

туўры сырт ел инвестицияларын енгизиў 2006-жылдағыға қарағанда 3.4 есеге 

артты.  Бул  Пәрманның  орынланыўын  тәмийинлеў  ушын  кӛрилген 

иләжлардың  тәсиршеңлиги,  мәмлекетимиз  экономикасына  сырт  ел 

инвесторларының қызығыўшылығы артып атырғанлығын кӛрсетеди. 

Соныда  айрықша  атап  ӛтиўимиз  зәрүр,  бундай  унамлы  ӛзгерислер 

экономикамызға  киргизилип  атырған  сырт  ел  инвестициялары  ва 

кредитларине ҳүкиметимиз  тәрепинен берилип  атырған  кепилликлер  әўелги 

жыллардағыға  салыстырғанда  юир  қанша  дәрежеде  кемейген  бир  ўақытқа 

туўры  келмекте.  Егер  2004-жылда  ҳүкиметимиз  кепилликлери  менен 

экономикаға 54385 АҚШ доллары кӛлеминде инвестиция киргизилген болса, 

бул кӛрсеткиш 2008-жылда 20494 АҚШ долларына, 2009-жылда болса 47531 

АҚШ долларына тең болған. 2009-жылда жәми инвестициялардың дерлик 70 

проценти  экономика  тармақлары  ҳәм  кәрханалары  менен  туўрыдан-туўры 

дүзилген шәртнамалар негизинде енгизилген. Бул сырт ел инвесторларының 

                                                 

13

 Ўзбекистон Республикаси Президентининг “Туўрыдан-туўры хусусий сырт ел инвестицияларни жалб 



этилишини рағбатлантириш борасидаги қўшимча чора-тадбирлар тўғрисида”ги Фармони.  // “Халқ сўзи”, 

2005 йил 12 апрель. 




 

70 


Ӛзбекстанда  олар  ушын  жаратылған  бизнес  орталығына  ҳәм  кәрханалар 

кележегине исеними артқанлығын дәлиллеп береди.. 

 Ӛзбекстан Республикасы Президентиниң 2009-жыл 6-апрельдеги №1090 

санлы Қарары ҳәмде усы қарар менен тастыйықланған “Халық ҳәм хожалық 

субъеклериниң  бос  ақшалай  қаржыларын  коммерциялық  банклердеги 

депозитлерине  жәнеде  енгизилиўи  бойынша  косымша  шара–илажлар 

комплекси”    шеңберинде  банк  системасында  бул  бағдарда  алып  барылып 

атырған жоллар жәнеде активлесиўине ерисилди. 

Жуўмақ  етип  айтқанымызда,  экономикаға  инвестицияларды,  соның 

ишинде,  туўрыдан-туўры  капиталлардың  енгизилиўи  кӛлемин  кеңейтиў 

негизинде  қурамлық  ӛзгертиўлерди  избе-излик  пенен  даўам  еттириў 

мәмлекетимизде  исбилерменликти,  әсиресе,  оның  киши  бизнес  формасын 

артықмаш ҳалда раўажландырыўға, халықтың бәнтлилиги, турмыс дәрежеси 

ҳәм сапасын жақсылаўға кең мүмкиншиликлер жаратады. Бул, экономиканы 

турақлы  ӛсиўин  тәмийинлеў,  санаат  тараўларында  ӛндирис  кӛлемлериниң 

артыўы,  кәрханалар  ҳәм  халықтан  алынатуғын  түрли  салықлар  ставкаларын 

басқышпа-басқыш  пәсейтирип  барыў,  кәрханалардың  финанслық  аҳўалын 

жетилистириў,  инвестицияларды  кӛбейтиў,  жумысшылардың  мийнет  ҳақы 

ҳәм дәраматларын жоқарылатыў имкәниятларын еледе кеңейтиреди. 

Жоқарыда  келтирип  ӛтилген  машқалалы  мәселелер  ӛз  ўақтында  ҳәм 

дурыс  шешилсе  республикамыз  экономикасында  әҳмийетли  орын  тутыўшы 

аўыл  хожалығы  жәнеде  раўажланады  ҳәм  буның  нәтийжесинде  аўыл 

халқының абаданласыўы жақсыланады. 

 

 



 

 

 



 

 



 

71 




Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   20   21   22   23   24   25   26   27   ...   30




©engime.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет