Научно-методический журнал Серия: Естественно-технические науки. Социальные и экономические науки. Филологические науки



Pdf көрінісі
бет128/231
Дата30.07.2023
өлшемі4,81 Mb.
#179664
1   ...   124   125   126   127   128   129   130   131   ...   231
Байланысты:
2-сан 2023 (1-серия)

Ilim h
á
m jámiyet. №2.2023
71
шығыӯы изертленгенде олардың дерлик барлығы 
англо-саксон тилинен өзлестирилгенлиги анықланған. 
Бир неше сөзлер Скандинавия тилинен өзлестирилген-
лиги инглис тили тарийхы мағлыуматлары ҳəм этимо-
логик сөзликлер маркерлары жəрдеминде дəлилленди 
(мысалы, they ҳəм are); булар қатарында бир қанша де-
рек ҳəм тилши илимпазлардың изертлеӯлеринде Роман 
тилинен өзлескен сөзлер ҳаққында мағлыӯматлар ҳəм 
келтирилген. 
Инглис тилиниң өзлескен сөзлериниң қатарында 
жуп ҳəм үшлик сөзлер ушрайды, булар ески инглис
француз ҳəм латын тиллериндеги эквивалентлери уш-
райтуғын сөзлер есапланады. Инглис тилине бул 
сөзлердиң өзлестирилиӯине тийкарынан англо-саксон 
элементлериниң санын көбейтиӯ болып табылған, се-
беби бундай усыл жəрдеминде ески инглис лексемала-
ры менен биргеликте заманагөй француз ҳəм латын 
тиллериндеги сөзлерди сөзлик қурамында бирдей 
мазмунда пайдаланыӯ ҳəм тилди заманагөйлестириӯ 
есапланады. Ҳəттеки, бул эквивалентлердиң денотатив 
мəнилери толығы менен бир-бирине туӯры келген 
жағдайда да ҳəм, олар бирдей қолланылған, əлбетте 
олардың айырым лексикалық өзгешеликлери ҳəм уш-
райды. Олардың мəнилериндеги өзгешеликлери стили-
стикалық ҳəм функционал қолланылыӯында болған, 
яғный олар формал, анық, əдебий ҳəм мүлайым форма-
ларда қолланыӯшы лексемалар сыпатында тəн алынады 
(қараң Таблица 1). 
1-Таблица. Инглис тилидеги жуплық эквивалентлер 
Old English/Ески 
инглис сӛзлер 
French/француз 
сӛзлер 
Latin/латын 
сӛзлер 
Guts
Courage

Clothes 
Attire

Climb 

Ascend
Sweat 
Perspire

Happiness 

Felicity 
House 
Mansion

Wish 
Desire 
Weariness 

Lassitude
Таблицада келтирилген мысаллардан ―cloth‖ ҳəм 
―attire‖ өзлескен сөзлерин анализ қылып көрейик:


Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   124   125   126   127   128   129   130   131   ...   231




©engime.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет