Сабақтың мақсетлери : Оқӯшылардың тӯған жер, аӯыл тӯралы түсиниклерин кеңейтиӯ



Дата26.01.2020
өлшемі60 Kb.
#56488
түріСабақ
Байланысты:
Ауылым алтын бесигим

Класс : 1

Тәрбиялық сабақтың  темасы: Аӯылым – алтын бесигим.

Сабақтың  мақсетлери :

  • Оқӯшылардың тӯған  жер, аӯыл  тӯралы  түсиниклерин кеңейтиӯ.

Тӯған  аӯыл  тарийхыменен  таныстырыӯ.

Тӯған  жердиң  қәдир – қасиетин  билиӯге, өз  ойларын жеткере билйӯге  үйретиӯ.



  • Туған жерине деген  сүйиспеншиликтерин,  сезимин  қәлиплестириӯ.

Туған  Уатанын қурметлеӯге  тәрбийелеӯ.

  • Өз  ойларын еркин  жеткизе  билиӯге үйретиӯ.  Ойлаӯ,  есте  сақлаӯ  қабилеттерин  рауажландырыӯ.

Сабақтың  әдиси:  сораӯ – жуӯап, түсиндириӯ

Сабақтың  көргизбелилиги : интерактивти  тақта, аӯыл көриниси, суретлер .

Сабақтың  барысы:

  1. Шөлкемлестириӯ кезеңи:.

Мұғәллим :. Балалар бизлердиң бүгинги тәрбиялық саатымыз туған жер,ауыл туӯралы болмақ.Ауылымыздың тарийхы ,ауылымыздан шыққан атақлы адамлар ҳаққында билетуғын боламыз.

-Бизиң ауылымыз қалай аталады балалар ?

-Тахтакөпир.

Біз Тахтакөпир районының Тахтакөпир ауылында тұрамыз

Ауылымыз Тахтакөпир деп аталыӯ тарийхына нәзер тасласақ ертеректе халықлардың бир-бирименен тығыз қатнас жасаӯы ушын ауыл ақсақаллары бирлесип тереклерди жонып,тахтайлар жасап көпир соққан .Тийкарғы материаллар ағаш болғаны себепли көпир тахтай көпир—тахта көпир деп атала баслаған .Көпир 1903 -1904 жыллары соғылған. 1928 жылы район шөлкемлестирилгенде көпирдиң аты менен Тахтакөпир деп аталған. Биздиң ауылымызға да усы ат берилген.. Тахтакөпир ауылына 1971-1977 жыллары Ермек Асанов ,1977 жылдан баслап Ағытай Адилов басшылық еткен. Ағытай аға басшылық еткен дәуирде ауылымыз тек Қарақалпақстан емес ,пүткил Өзбекстанға белгили ауылға айналды .Өз еңбегимен елге танылған Ағытай аталарың «Өзбекстан қаһарманы» деген атақты алып ,өңирине Алтын жұлдыз тақты ҳәм де «Билгениңнен билмегениң көп дунья» атлы китабы басылып шыққан .Атамыздың ауылымызға сиңирген еңбеги өте көп .

«Ата көрген оқ жонар» деп халқымыз бекерге айтпаған Ағытай Адиловтың улы Жамбыл Адилов қазирги Тахтакөпир районы ҳәкими лауазымында ислеп атыр.Сондай-ақ ауылымызда мектеп ,бала бақша ,шыпакерлик пункти ,халыққа қызмет көрсетиӯ орталықлары бар . Мектебимизден түлеп ушқан қарлығаш Қумар Бегниязова «Зульфия» атындағы Өзбекстан мәмлекетлик сыйлығын алыӯға мийясар болды..Устазларымыздан Жолмырзаева Тазагул «Шухрат» , Искакова Баян «Өзбекстан ағласы»,Пазылбекова Анархан «Қарақалпақстан ағласы» медалларын алып жасларға тәлим- тәрбия берип атыр.

- Балалар ауыл туралы қосықлар ,тақмақлар айтайық.

1-оқушы :



Мынаӯ мениң атам ғой деп мақтанамын

Тұлғасына қараймын да толғанамын,

Суӯретинен көремин жас шағының

Аӯылына еңбегин арнағанын.

2-оқыӯшы:

Тахтакөпир- деп аталады ауылым,

Соннан изле инсанлардың тәуирин.

Жасайды онда мийнеткешлер хақыйқый,

Гүллендирип ғәрезсизлик дәуирин,

3- оқушы:

Тахтакөпир- мениң туган елатым.

Бәйгелерде аталуда зор атың,

Шығып жатыр сенен небир инсанлар ,

Атағыңды бул әлемге жаятын.

4-оқушы:

Бардур сениң атағыңда, даңқыңда ,

Хеш еринбей мийнет еткен халкыңда,

Арзыйды ғой айта берсем әрқашан ,

Туған жерим Тахтакөпир ҳаққында.

5-оқушы:

7-деген нөмер саны мектебимниң билсеңиз!

Бул санға да шынлап көңил бөлсеңиз!

Елге әдули талай устаз бар онда ,

Шадланып кел мектебиме келсеңиз.

Муғаллим

-Балалар биз бүгин «Ауылым –алтын бесигим» атлы темада әңгимелестик Енди сиздерге тапсырма «Ауыл-мақтанышым» деп аталады ауылымыздағы имаратлардың суретин қурастырамыз ҳәм сол ҳаққында айтып беремиз.

Оқыӯшылар тапсырманы орындайды .

Муғаллим: –Балалар бизлер ауыл ҳаққында көп мағлыӯматларды билип алдық.

Ауыл туӯралы биз не айтамыз?

Оқыӯшылар: –Ауылым мәңги жасасын!

Муғәллим: Балалар сабақты шайыр Толыбай Қабуловтың қосығыменен жуӯмақлаймыз

Тахтакөпир !Тахтакөпир дегенде

Тәбийғый күш толып тасар денемде,

Туӯылған жер демекликтиң мәнисин,



Түсиндиргим келер путкил әлемге.

Тахтакөпир районы 7-санлы улыӯма билим бериӯ мектебиниң баслауыш класс муғәллими Қанзада Айбергенова

Достарыңызбен бөлісу:




©engime.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет