5
Кирисиў
Магистрлик диссертация темасының актуаллығы
. Ӛзбекстан
Республикасы экономикасын раўажландырыўда аграрлық сектор үлкен
әҳмийетке ийе болып табылады. 2010-жылда аўыл хожалығында мәмлекет
жалпы ишки ӛниминиң 17,5% жаратылған болып, усы салада экономикада
бәнт болған халықтың 3 млн адамға жақыны хызмет кӛрсетип келмекте
1
ҳәм
сала мәмлекет экспортында салмақлы үлеске ийе есапланады. Тутынылып
атырған ғәлле, овощ, картошка, бағшылық ӛнимлериниң кӛпшилик бӛлеги
миллий дийқаншылық ӛними болып, 2010-жылда ӛндирилген жалпы аўыл
хожалығы ӛнимлериниң 56,7 проценттен кӛбиреги дийқаншылықтың
үлесине туўры келеди
2
.
Республикамыз дийқаншылық тараўын турақлы раўажландырыўда жеке
исбилерменлик хызметлериниң әҳмийетли ролин инабатқа алып,
мәмлекетимиз Президенти И.А.Каримов: «Нәўбеттеги ең артықмаш болған
ўазыйпа – бул мәмлекетимизди молернизациялаў ҳәм халықтың бәнтлилигин
арттырыўдың әҳмийетли факторы сыпатында ӛндирислик ҳәм социаллық
инфраструктураны еледе раўажландырыўдан ибарат»
3
деп атап ӛтеди.
Елимизде аграр саланы модернизациялаў, аграр ӛнимлер ушын жаңа
базарлар ашыў, миллий ҳәм сырт ел базарларындағы бәсекеге
шыдамлылығын арттырыў, базар экономикасына сәйкес сала жеке
исбилерменлик
системасын
белсене
раўажландырыўды
аңлатады.
Жоқарыдағы жағдайлар магистрлик диссертация жумысының темасы
актуаллығынан дерек береди.
Достарыңызбен бөлісу: