Адильчаев камал


II Бап. Аўылларда шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў-



Pdf көрінісі
бет18/30
Дата19.12.2021
өлшемі0,62 Mb.
#103439
1   ...   14   15   16   17   18   19   20   21   ...   30
Байланысты:
aoyllyq zherlerde zheke isbilermenlik imkaniyatlarynan natijzheli pajdalanyo zhollary

II Бап. Аўылларда шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў-

ды мәмлекетлик қоллап-қуўатлаўдың Өзбекстандағы өзгешеликлери 

2.1.  Шаңарақлық  исбилерменлик  ҳаққында  тийкарғы  түсиник  ҳәм 

пикирлер 

Шаңарақ  жәмийеттиң  ең  дәслепки  буўыны  болып,  ӛмир  шаңарақтан 

басланады. Экономикалық тәрептен қарағанда шаңарақ үй хожалығы болып, 

миикроэкономикалық системаның тийкарғы бӛлеги есапланады. Шаңарақ ӛз 

хизметине  қарай  киши  бизнесте  түрлише  қатнасларында  кӛринеди.  Оған 

киши бизнестиң ислеп шығарыў түри менен бирге ӛнерментлер, алып–сатыў 

хызмет 

кӛрсетиў 

тараўларын 

кӛрсетсек 

болады. 

Шаңарақ 


исбилерменлигиниң ҳәзирги күндеги әҳмийети үлкен.  

Бириншиден  ол  халық  ушын  зәрүр  болған  ӛним  ямаса  хызметлерди 

жаратады.  

Екиншиден  шаңарақ  жумысшы  күшин  мийнет  пенен  бәнт  етип 

шаңарақты дәрамат пенен тәмийинлеў имкәниятын жаратады, 

Шаңарақ исбилерменлигиниң кӛп ғана абзаллықлары бар. 

1.  Шаңарақ  исбилерменлиги  киши  кӛлемде  болғанлықтан  кӛп  капитал 

кетпейди, оны баслаў ушын пул табыў жеңил болады. 

2.  Шаңарақ  исбилерменлиги  шаңарақтағы  кӛшпес  мүлкке  таянады. 

Капитал қурылыс ямаса жайды ижараға алыў талап етилмейди. 

3.  Шаңарақ  исбилерменлиги  кӛбирек  қол  мийнетин  талап  еткенлиги 

себепли ӛним ҳәм хызметлер арзан ӛндириске ийкемлеседи. 

Ҳәр  қандай  шаңарақ  киши  бизнести  басламастан  алдын  бизнес  реже 

дүзип алады. Бизнес реже кәрхана хызметин жақсы алып барыўда үлкен роль 

ойнайды.  Бизнес  режениң  дүзлиси  ҳәм  мазмуны  шегараланбаған.  Бизнес 

режеде  мақсет  ҳәм  ўазыйпаларын  белгилеп  алыў  орайлық  орында  турады. 

Бизнес режени дүзиўде ўақыт факторын барлық ўақытта есапқа алыў керек. 

Басқаша  айтқанда,  келетуғын  пайда  ўақытқа  қарата  қандай  бӛлистириледи 

ҳәм  инфляцияға  қарата  оның  ӛнимдарлығын  есап  китап  етип  шығыў  шәрт. 

Соның  менен  бирге  бизнес  режеде  барлық  қәрежетлер  күтилетуғын 




 

43 


нәтийжелер ҳәм қанша жылға дүзилгенлигин кӛрсетеди. Бизнес реже арқалы 

исбилерменлер коммерциялық банклерден кридитлер алыў имканиятына ийе. 

Қарақалпақстан Республикасы коммерциялық банклер тәрепинен киши 

бизнести  раўажландырыў  мақсетинде  2010  жылды  105964,7  млн.сўм 

кӛлеминде  кредитлер  ажратылды.  2009  жылға  қарағанда  139,8    %  қурады. 

Соның  менен  бирге  105057,4  млн.сўм  банклардың  ӛз  қаржылары  есабынан 

907,3  млн.сўм  бюджеттен  тысқары  жамғармалар  есабынан  ажратылды. 

Сондай  –  ақ  қысқа  мүддетли  кредитлер  52437,6  млн.сўмды  ҳәм  узақ 

мүддетли  кредитлер  53527,1  млн.сўмды  қурады.  Ислеп  шығарыў  ҳәм 

тәмийнлеўге 12881,2 млн.сўм, хызметлер тараўына 18618,0 млн.сўм, қурылыс 

тараўына  9974,3  млн.сўм,  аўыл хожалық  тараўына 23916,2 млн.сўм,  айланыс 

қаржыларын толтырыў есабына кредитлер берилди.  

Халықтың 

турмыс 


дәрежеси 

ақырғы 


нәтийжеде 

шаңарақ 


абаданшылығы  менен  тығыз  байланыслы.  Базар  қатнасықлары  жағдайында 

шаңарақлық  бизнести  раўажландырыў  мәселеси  ең  актуаль  мәселелерден 

бири.  Бирақ,  бул  мәселе  мәмлекетимизде  үлкен  шӛлкемлестириўшилик  ҳәм 

басламашылық жумысларын әмелге асырыўды талап етеди. 

Ҳәзирги  экономикалық  орталық  айрықша  «Шаңарақлық  бизнес  ҳәм 

оны қоллап-қуўатлаў ҳаққында»ғы нызамның қабыл етилиўин талап етпекте. 

Бундай  нызамның  жаратылыўы  тәбийий,  реформалар  жеделлесиўинде,  ең 

әҳмийетлиси  шаңарақлардың  турмыс дәрежесин  жоқарылатыўда  ең  зәрүрли 

нызамлық тийкар болып хызмет етеди. 

Ӛзбекстан  Республикасы  Президенти  И.А.Каримов  атап  ӛткениндей: 

«Үлкемиздиң  ӛзине  тән,  жумыс  күшиниң  ҳәдден  тысқары  кӛп  болыўы, 

раўажланған  аўыл-хожалық  ҳәм  шийки-зат  базасы,  ҳәтте  айтыў  мүмкин, 

халықтың  дәстүрлери,  руўхы  киши  ҳәм  шаңарақлық  бизнести,  жеке 

исбилерменликти  жедел  раўажландырыўды  объектив  зәрүрлик  етип 

қоймақта».  

Шаңарақлық  бизнести  қәлиплестириў  мәмлекетимизде  бир  қанша 

социал-экономикалық машқалаларды шешиўге мүмкиншилик береди: 



 

44 


Булар,  1-ден,  базар  экономикасының  тийкарғы  ҳәрекетке  келтириўши 

күши есапланған мүлкдарлар класын пайда етеди. 

2-ден,  мәмлекетимиздиң  базарын  тутыныў  товарлары  ҳәм  ҳәр  қыйлы 

хызметлер менен байытыў имканиятын жаратады. 

3-ден,  жаңа  жумыс  орынларын  жаратыў  есабына,  жумыссызлықты 

сапластырыў машқаласын шешеди. 

4-ден,  шаңарақлық  дәраматларының  артыўына  тийкарғы  дерекке 

айланады.  

Шаңарақ  хожалығы  исбилерменлиги  –  бул  шаңарақ  хожалығы 

ағзаларының  ӛз  мүлкине  сүйенип,  дәрамат  алыўға  бағдарланған 

экономикалық хызмети есапланады. 

Бүгинги  күнде  экономиканы  еркинлестириў  шәраятында  ҳәм 

экономикалық 

реформаларды 

және 

де 


жетилистириў 

мақсетинде 

республикамызда 

бир 


қанша 

иләжлар 


алып 

барылып 


атыр. 

Республикамыздың аграр тараўында әмелге асырылып атырған кең кӛлемли 

реформалар  нәтийжесинде  аўыл  хожалығы  ӛнимлерин  жетистириўдиң  жеке 

меншик  формасы  жылдан-жылға  раўажланып  бармақта.  Соңғы  жыллары 

елимиз  Президенти  И.А.Каримовтың  2009-жылғы  26-январдағы  ПҚ-1047-

санлы «Азық-аўқат ӛнимлерин ислеп шығарыў ҳәм ишки базарды толтырыў 

барысындағы  қосымша  шара-тәдбирлер  ҳаққында»ғы  қарары  тийкарында 

Қарақалпақстан  Республикасы  Министрлер  Кеңесиниң  2009-жыл  3-

февралдағы 11/2-санлы қарары қабылланып, дәстүр ислеп шығылды. 

Дәстүрде  Қарақалпақстан  Республикасында  азық-аўқат  ӛнимлерин 

жетистириўге  айырықша  итибар  қаратылып,  белгиленген  ўазыйпаларды 

избе-излик  пенен  әмелге  асырыў  процессинде  бир  қанша  нәтийжели 

жумыслар  әмелге  асырылды.  Бул  жойбарларды  әмелге  асырыў  процессинде 

2009-жылда  846  млн.  сом  қаржы  жумсалып,  123  жаңа  жумыс  орынлары, 

2010-жылда  болса  1932,7  млн.  сом  қаржы  жумсалып,  133  жаңа  жумыс 

орынлары  жаратылған.  2011-жылдағы  гӛш-сүтти  ҳәм  мийўе-палызды  қайта 

ислеў  жойбарларын  әмелге  асырыў  ҳәмде  шийки  сүт  қабыллаў  пунктлерин 



 

45 


шӛлкемлестириў  процессинде  6054,4  млн.  сом  қаржы  жумсалып,  176  жаңа 

жумыс орынлары жаратылған.

8

 

Аўыл  хожалық  ӛнимлерин  жетилистирип  ҳәм  оларды  қайта  ислеп 

шығарыўдың  кӛпшилик  муғдары  аўыл  хожалығы  кәрханаларына  туўра 

келеди. Аўыл хожалығы кәрханаларын кӛбейтиў ҳәм де оларға қоллайлықлар 

жаратыў керек. Себеби, аўыл халқын белгили мийнет түри менен бәнтлигин, 

халықты кең түрдеги сапалы аўыл хожалық ӛнимлери ҳәм азық-аўқат пенен 

тәмийнлейтуғын  аўыл  хожалығы  кәрханаларын  арттырыў  экономикалық 

жаңаланыўлардың  ҳәзирги  басқышында  аграр  тараўды  раўажландырыўдың 

әҳмийетли ўазыйпаларынан бири болып есапланады. 

Кейинги  жылларда  киши  бизнес  ҳәм  жеке  исбилерменликтиң  зәрүрли 

формасы  сыпатында  раўажландырыў  ушын  тийисли  нызамшылық  базасын 

жаратыў, шаңарақ исбилерменлиги ушын ҳуқықый кепилликлерди күшейтиў 

ҳәм  жаңа  жумыс  орынларын  жаратыў  мақсетинде  Ӛзбекстан  Республикасы 

Президенти  И.А.Каримов  2012-жыл  26-апрелдеги  ӚзР-327-санлы  қарарына 

муўапық  «Шаңарақ  исбилерменлиги  ҳаққында»ғы  Нызамы  қабылланды. 

Шаңарақ исбилерменлиги  шаңарақ  ағзалары  тәрепинен  тәўекел  етип  ҳәм  ӛз 

мүлки  жуўапкерлигинде  дәрамат  (пайда)  алыў  мақсетинде  әмелге 

асырылатуғын  инициативалылық  искерлиги  болып  табылады.  Шаңарақ 

исбилерменлиги  ӛз  қатнасыўшыларының  ықтыярлығына  тийкарланады.  Ол 

юридикалық  тәреп  атағын  алмаған  ҳалда  әмелге  асырылыўы  мүмкин. 

Юридикалық  тәреп  атағын  алған  ҳалда  әмелге  асырылатуғын  шаңарақ 

исбилерменликтиң  шӛлкемлестириўшилик-ҳуқықый  формасы  шаңарақ 

кәрхана болып есапланады.

9

 



Усыларды  есапқа  алған  ҳалда  жаңадан  дүзилип  атырған  аўыл 

хожалығы ӛнимлерин   ислеп шығарыўшы кәрханаларын шаңарақ кәрханасы 

сыпатында  қайта  дүзиў  үлкен  әҳмийетке  ийе.  Себеби  шаңарақ  кәрханасы 

белгили  аўыл  хожалығы  ӛнимлерин  ислеп  шығарыўдан  тутыныўшыларға 

                                                 

8

  Қарақалпақстан  Республикасында  социаллық-экономикалық  раўажланыўдың  2011-жыл  жуўмақлары  ҳәм 



экономикалық реформалардың барыў ҳаққындағы Есабат мағлыўматлары. 

 

9



 

www.soliq.uz

 – интернет сайты мағлыўматлары. 



 

46 


жеткериўге шекемги болған процесс мәлим бир шаңарақ ағзалары тәрепинен 

әмелге  асырылады.  Бул  процессте  ӛнимлерди  жетистириў,  сақлаў,  қайта 

ислеў, қадақлаў, реклама етиў, маркетинг изертлеўин ӛткериў ҳәм сатыўдан 

түскен  дәраматлардың  кӛпшилик  бӛлеги  шаңарақтың  материаллық  базасын 

асырыўға  алып  келеди.  Сондай-ақ,  бул  аўыл  хожалығы  ӛнимлерин  ислеп 

шығарыўшы  шаңарақ  кәрханалары  ушын  «Шаңарақ  исбилерменлиги 

ҳаққында»ғы  Нызамды  қайта  ислеп  шығып  ҳәм  оны  әмелиятта  қоллаўдың 

ҳуқықый, экономикалық, социаллық механизмлерин жаратыў арқалы әмелге 

асырылады.  

Финанслық  жақтан  тӛмен  болған  аўыл  хожалығы  кәрханаларын 

«Шаңарақ  исбилерменлиги  ҳаққында»ғы  Нызамға  тийкарланған  ҳалда 

шаңарақ  кәрханасы  сыпатында  қайта  шӛлкемлестирип,  оларға  усы  нызамда 

кӛрсетилген кредит жеңилликлерин бериў, салық жеңилликлерин бериў ҳәм 

салық  жүгин  (аўырлығын)  оптималластырыў  және  де  жаңа  техника  ҳәм 

технологияларды киргизиўге имканият жаратып бериў керек. 

Жуўмақлап  айтқанымызда,  аўыл  хожалығы  тараўында  шаңарақ 

кәрханаларын  раўажландырыў,  аўыл  хожалығы  ӛнимлериниң  сапасын 

жақсылаў,  жаңа  жумыс  орынларын  жаратыў  ҳәмде  оларды  қоллап-қуўатлаў 

керек. Соның менен бир қатарда, бул аўыл хожалығы ӛнимлерин ӛндириўши 

жеке  шаңарақлық  кәрханалар  мәмлекетимиздиң  экономикалық  ӛсиўине 

ӛзлериниң  үлкен  үлесин  қосады  ҳәм  елимиз  экономикасын  тез  пәт  пенен 

раўажланыўына имкәният жаратады.

 

 

 



 

 

 



 

 

 




 

47 




Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   14   15   16   17   18   19   20   21   ...   30




©engime.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет