Адильчаев камал



Pdf көрінісі
бет26/30
Дата19.12.2021
өлшемі0,62 Mb.
#103439
1   ...   22   23   24   25   26   27   28   29   30
Байланысты:
aoyllyq zherlerde zheke isbilermenlik imkaniyatlarynan natijzheli pajdalanyo zhollary

 

 

 



 

 

 

 

 

 

 

 

 

 


 

79 


3.3. Регионды социаллық-экономикалық раўажландырыўда 

шаңарақлық исбилерменликтиң әҳмийети 

Ӛзбекстан  Республикасы  Президенти  тәрепинен  2012-жылы  26-апрелде  

«Шаңарақлық  исбилерменлик  ҳаққында»ғы  Нызамы  қабыл  етилди.  Бул 

қабыл етилген нызамның тийкарғы мақсети мәмлекетимиз экономикасының 

түрли тараўларында киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликтиң ең әҳмийетли 

формасы  есапланатуғын  шаңарақлық  исбилерменликти  раўажландырыў 

ушын  зәрүрли  шӛлкемлестириўшилик-ҳуқықый  тийкарларын  жаратыў, 

шаңарақлық  бизнес  ушын  ҳуқықый  кепилликлерди  күшейтиў  ҳәм  жаңа 

жумыс орынларын жаратыўдан ибарат.  

 

Шаңарақлық  исбилерменлик-бул  шаңарақ  ағзаларының  ықтыярлығына 



тийкарлан-ған,  ӛзлериниң  басламасы  ҳәм  таўекелшилиги  менен,  сондай-ақ 

мал-мүлки  бойынша  жуўапкерлиги  тийкарында  дәрамат  алыў  мақсетинде 

әмелге  асыратуғын  биргеликли  хызмети  болып  есапланады.  Шаңарақлық 

исбилерменликти 

шӛлкемлестириў 

жумыссызларды 

жумыс 

менен 


тәмийинлеўде кем қаржы талап ететуғын ҳәм социаллық жақтан нәтийжели 

исбилерменлик  формаларының  бири  болып  есапланады,  сондай-ақ 

шаңарақлық  исбилерменлик  мәмлекеттиң  жумыссызлар  бәнтилигин 

тәмийинлеў мәселелерин шешиўге жаққыннан жәрдем береди.  Шаңарақлық 

исбилерменлик  менен  балалы  ҳаяллар,  оқыўшы  жаслар,  сондай-ақ  исши 

күши  базарында  жумыс  табыў  мүмкиншилиги  болмаған  шахсларды  жумыс 

менен тәмийинлеў мүмкиншилигин жаратып береди. Бир қатар раўажланған 

мәмлекетлерде  шаңарақлық  исбилерменлик  жумыстан  босаған,  ӛзиниң 

жасына ҳәм ден саўлығына байланыслы кәсибин ӛзгертиўге, аўыр физикалық 

жумыс  менен  шуғылланыўға  болмайтуғын  мәмлекетлик  кәрханалардың 

хызметкерлерин  жумысқа  жайластырыў  менен  байланыслы  болған  ӛткир 

социаллық  мәселени  шешиўге  жәрдем  береди.  Шаңарақлық  исбилерменлик 

менен  шуғылланыў  арқалы  ҳәр  бир  шаңарақ  беккемленип  барады,  шаңарақ 

ишиндеги  ӛз-ара  келиспеўшиликлер  кемейеди,  олардың  социаллық  турмыс 

жағдайлары жақсыланады.  



 

80 


Шаңарақлық  исбилерменлик  юридикалық  тәреп  болып  шӛлкемлес-

тирилген  жағдайда,  оның  шӛлкемлестириўшилик-ҳуқықый  формасы  болып 

шаңарақлық  кәрхана  есапланады.  Шаңарақлық  кәрхана  киши  бизнес 

субъектлери  ушын  кӛзде  тутылған  әпиўайыластырылған  тәртипте 

мәмлекетлик  дизимнен  ӛткерилген  сәнеден  баслап  юридикалық  тәреп 

статусына  ийе  болады.  Дизимнен  ӛткериўши  уйымлар  арза  бериўшиге 

шаңарақлық  кәрхана  сыпатында  мәмлекетлик  дизимнен  ӛткериўде  оны 

шӛлкемлестириў  мақсетке  муўапық  емес  деген  себеплер  менен  қайтарыўға 

яки  нызам  ҳүжжетлеринде  кӛзде  тутылмаған  қосымша  талаплар  белгилеўге 

ҳақылы емес. 

Шаңарақлық  кәрхана  киши  кәрхана  статусына  ийе  болып,  оның 

қатнасыўшылары  тәрепинен  товарлар  ӛндириў,  хызметлер  кӛрсетиў  ҳәм 

сатыўды  әмелге  асырыў  ушын  ықтыярлы  түрде,  шаңарақлық  кәрхана 

қатнасыўшыларының  үлеслик  ҳәм  биргеликтеги  мүлкинде  болған 

улыўмалық  меншик,  сондай-ақ  олардың  ҳәр  бириниң  меншиги  тийкарында 

шӛлкемлестирилетуғын киши исбилерменлик субъекти болып есапланады. 

Шаңарақлық  кәрхана  қатнасыўшыларының  ең  кем  саны  еки  адамнан  аз 

болмаўы  шәрт.  Шаңарақ  баслығы,  оның  әйели  (ери),  балалары  ҳәм 

ақлықлары,  ата-анасы,  мийнетке  жарамлы  жасқа  толған  басқада 

туўысқанлары  шаңарақлық  кәрхана  қатнасыўшылары  бола  алады. 

Шаңарақлық  кәрхана  қатнасыўшыларының  биреуи  оның  баслығы  болыўы 

мүмкин, оған шаңарақлық кәрхананың барлық қатнасыўшылары бир аўыздан 

кәрхана  жумысларын  жүргизиў  бойынша  ӛз  атларынан  қатнасыў  ҳуқықын 

береди.  Мәмлекетлик  уйымлардың  лаўазымлы  хызметкерлери,  сондай-ақ 

нызам  ҳүжжетлеринде  исбилерменлик  жумысы  менен  шуғылланыў  қадаған 

етилген басқада шахслар шаңарақлық кәрхана қатнасыўшылары болыўы, бир 

шаңарақлық  кәрхананың  қатнасыўшысы  бир  ўақыттың  ӛзинде  басқа 

шаңарақлық кәрхананың қатнасыўшысы болыўы мүмкин емес. 

 

Шаңарақлық кәрхананың устав фонды пул қәрежетлери, қымбат баҳалы 



қағазлар,  басқа  мал-мүлк,  соның  ишинде  пул  менен  баҳаланатуғын  мүлкий 


 

81 


ҳуқықлар есабынан шӛлкемлестириледи. Шаңараққа тийисли болған жалғыз 

үйди  шаңарақлық  кәрхананың  устав  фондына  киргизиў  мүмкин  емес. 

Шаңарақлық  кәрхананың  устав  фонды  кәрхананы  мәмлекетлик  дизимнен 

ӛткериў  ушын  ҳүжжетлерди  тапсыратуғын  сәнедеги  нызам  ҳүжжетлеринде 

белгиленген  ең  кем  мийнет  ҳақының  он  есесинен  кем  муғдарда  болмаўы 

керек.  Шаңарақлық  кәрхананың  устав  фонды  тек  ғана  кәрхана 

қатнасыўшыларының  улыўма  мал-мүлки  есабынан  шӛлкемлестириледи. 

Шаңарақлық  кәрхана  қатнасыўшыларына  мүлк  ҳуқықы  тийкарында  ямаса 

басқада  нызамлы  тийкарда  тийисли  болған  турақ  жайлар  ҳәм  жасаў  ушын 

ажыратылмаған жайлар, сондай-ақ ӛндирисик, хожалык биналары ҳәм басқа 

имаратлар шаңарақлық кәрхана искерлиги әмелге асырылатуғын орын болып 

есапланады.  Шаңарақлық  кәрхана  қатнасыўшыларына  мүлк  ҳуқықы 

тийкарында  тийисли  болған  турақ  жайларды    шаңарақлық  кәрхана  ислерин 

жүргизиў  мақсетинде  пайдаланыўда,  оларды  жасаў  ушын  ажыратылмаған 

жайларға  айландырыў  талап  етилмейди.  Бул  берилген  жеңилликлер 

шаңарақлық  кәрхананы  шӛлкемлестириў  процессинде  жасаў  ушын 

ажыратылмаған  жайларды  ижараға  алыў  менен  байланыслы  болған 

қәрежетлерди  тежеўге  ҳәм  шаңарақлық  кәрхананың  пайдасының  артыўына 

алып келеди. Шаңарақлық кәрхана турақ жайдан бир ўакыттың ӛзинде онда 

жасап  турған  ҳалда  товарлар  ӛндириў  ҳәм  хызметлер  кӛрсетиў  ушын 

пайдаланған  жағдайда,  коммуналлық  хызмет  ҳақысын  тӛлеў  халық  ушын 

белгиленген тарифлер бойынша ҳәм шәртлер тийкарында әмелге асырылады. 

 

Шаңарақлық  кәрхана  қатнасыўшыларының  жеке  мийнетин  әмелге 



асырыў  шәртлери  олар  арасындағы  келисим  тийкарында  белгиленеди. 

Шаңарақлық  кәрхананың  жалланба  хызметкери  арасындағы  мийнет 

қатнасықлары  оның  менен  дүзилген  мийнет  шәртнамасы  (контракт) 

тийкарында тәртипке салынады. Шаңарақлық кәрхананың пайдасы салықлар 

ҳәм  басқада  мәжбүрий  тӛлемлерди  тӛлегеннен  кейин  қатнасыўшылардың 

ықтиярына ӛткериледи. Шаңарақлық кәрхана ӛзиниң мийнет ҳақы фондынан 

социаллық  фондларға  нызам  ҳүжжетлеринде  нәзерде  тутылған  тәртипте 



 

82 


мәжбүрий  тӛлемлер  тӛлейди.  Кәрхана  ӛзи  ислеп  шығарған  халық  кӛркем 

ӛнерментшилиги  ҳәм  әмелий  санаат  буйымларын  сатыўда,  оннан  түскен 

түсимлер  бойынша  бирден  бир  салық  тӛлемин  тӛлеўден  нызам 

ҳүжжетлеринде  белгиленген  тәртипте  азат  етиледи.  Республикада 

шаңарақлық  исбилерменлик  ҳәм  жеке  бизнести  раўажландырыў  бойынша 

2012  жылы  даўамында  ажыратылған  кредитлердиң  муғдары  905  миллиард 

сумды  қурады.  Жас  шаңарақлар  ушын  үш  жылға  мӛлшерленген  317 

миллиард сумға жақын тутыныў кредитлери ажыратылды.  

2012-жылы  елимизде  жас  шаңарақлар  ушын  2  мың  400  ге  жақын 

квартиралар  пайдаланыўға  тапсырылды,  мыңнан  аслам  жас  шаңарақларға 

тазадан  жай  сатып  алыў  ушын  15  жыллық  мүддетке  мӛлшерленген  210 

миллиард  сумға  жақын  жеңиллетилген  кредитлер  берилди.  Олардың 

абаданлығын ҳәм дәрамат дереклерин асырыў ушын коммерциялык банклер 

тәрепинен  80  миллиард  сумға  жақын,  кәсип-ӛнер  колледжлери 

питкериўшилериниң бизнес проектлерин финанс менен тәмийинлеў ушын 47 

миллиард сум муғдарында микрокредитлер ажыратылды. Аўыллық жерлерде 

турмыс  жағынан  хызмет  кӛрсетиў  ислери  менен  шуғылланыўшы  жеке 

тәртиптеги исбилерменлер үш жыл мүддетке салықлардан азат етилди ҳәм 40 

мыңға  жақын  ис  орынлары  шӛлкемлестирилди.  Сондай-ақ  жәрдемге  мүтаж 

болған  шаңарқларға  8  мың  600  ден  зыят  қара  маллар  ҳәм  1  миллион  900 

мыңға жақын үй қуслары тарқатылып берилди. 

Қабыл  етилген  нызамға  сәйкес  республиканың  барлық  орынларында 

шаңарақлық бизнести раўажландырыў бойынша барлық қолайлы шәраятлар 

жаратылған,  олардың  үстинлигин  тәмийинлеўге  қаратылған  ҳуқықый 

ҳүжжетлердиң 

жетилистирилиўи 

тийка-рында 

олардың 


ҳуқықый 

кепилликлери  тәмийинленген,  оларға  киши  бизнес  субъекти  сыпатында 

кеңирек  еркинликлер  берилген,  шаңарақлық  бизнести  раўажландырыў 

бойынша  анық  мақсетлерге  бағдарланған  ис-илажлары  комплекси  ислеп 

шығылған.   



 

83 


  Жуўмақлап 

айтқанда, 

регионды 

социаллық-экономикалық 

раўажландырыў  шәраятында  шаңарақлық  бизнестиң  базар  экономикасы 

талаплары  дәрежесинде  раўажланыўы,  жаңа  жумыс  орынларының 

жаратылыўы, 

халықтың 

дәраматлары-ның 

кӛбейиўи 

ҳәм 

халық 


пәраўанлығының  турақлы  түрде  ӛсип  барыўына  ерисиў  имканиятларын 

жәнеде  кеңейтеди.  Шаңарақлық  бизнести  раўажландырыў  нәтий-жесинде 

елимизде  қабыл  етилген  халық  бәнтилигин  тәмийинлеў  ҳәм  жаңа  жумыс 

орынларын  шӛлкемлестириў  бойынша  мәмлекетлик  бағдарламаның 

орынланыўы тәмийинленеди. 

Ӛзбекстан  Республикасы  Президенти  И.А.Каримовтың  «Ӛзбекстан 

ғәрезсизликке  ерисиў  қарсаңында»  китабында  изертленип  ӛтилгениндей-ақ, 

бурынғы дүзим дәўириндеги қурамалы машқалаларды шешиў ушын бурынғы 

Аўқам басшылары тәрепинен ислеп шығылған, бирақ бир-бири менен ӛз-ара 

байланыспаған түрли дәстүр ҳәм илажлар да шалама-шәкки әмелге асырылар 

еди.  Республиканың  айырым  аймақларын  социаллық-экономикалық 

раўажландырыў  тараўында  жол  қойылған  қәтелерди  дүзетиў  ушын  Орай 

тәрепинен әмелде ҳеш қандай ис қылынбады. 

Мәмлекетимиз  басшысы  сол  дәўирде  жүзеге  келген  аўҳалдан  шығыў 

жолы сыпатында тӛмендегилерди белгилеп берди: 

-  жумыслардың  аўҳалына  реал  баҳа  бериў.  Республикадағы  шараятты 

жақсылаўдың конкрет ҳәм анық пухта дәстүрин ислеп шығыў; 

-  турмыстың барлық тараўларында қатаң тәртип ҳәм имтизам ортаныў, 

басшы  кадрларды  орыны-орынына  дурыс  қойыў,  оларға  талапшаңлықты 

асырыў. 


Республикамыздағы 

аўҳалды 


жӛнлеў, 

ўатанласларымыздың 

дүньяқарасын, бүгинги ҳәм ертеңги күнге болған исенимин беккемлеў ушын 

дәслеп, олардың экономикалық, материаллық аўҳалын жақсылаў зәрүрлигин 

терең аңлаған Президентимиз сол дәўирде халық ушын шешиўши әҳмийетке 

ийе  болған  жүдә  үлкен  бир  мәселени  -  адамларға  қыйтақ  жер  бериў 




 

84 


мәселесин күн тәртибине қойды. Бул мәселениң оғада әҳмийетли екенлигин 

тӛмендеги жағдайлар арқалы да билип алыў мүмкин еди: 

-   республика аўылларында жери жоқ шаңарақлар саны – 240 мың; 

-  турақ-жай  қурылыўы  ҳәм  аўыл  хожалығы  ӛнимлерин  жетистириў 

ушын кеңейтирилген мүтәж ҳәўлилер саны – 1,8 миллионнан кӛбирек; 

-  тек  Ташкент  қаласында  жер  участкасын  алыў  ушын  нәўбетте  турған 

шаңарақлар саны – 92 мыңнан артық еди. 

Буның  үстине,  қалалар,  район  орайлары  ҳәм  қала  типиндеги 

посѐлкаларда  жери  жоқлығы  себепли  мийнеткешлердиң  жеке  тәртиптеги 

турақ-жай  қурыўға,  жәмәәлик  рәўиште  бағшылық  қылыў  ҳәм  палызшылық 

пенен шуғылланыўға имканы жоқ еди. 

Заманагӛй қалада, әсиресе, Ташкент сыяқлы әзим қалада жасаў әпиўайы 

жасаўды билдирмейди. Ҳәр бир шаңарақ ушын айырықша квартира яки жеке 

үй  болыўы  зәрүр.  Октябрь,  Сабыр  Рахимов,  Киров  районларында  600  мың 

адам жасап турған квартиралар урыстан алдын қурылған болып, жасаў ушын 

қолайсыз  еди,  оларды  қайта  қурыўдың  да  илажы  болмаған  (2  миллион 

квадрат  метрге  жақын  майданда  мине  усындай  үйлер  болған).  Бул 

квартираларда орайлық ысытыў системасы, водопровод, газ ҳәм канализация 

жоқ, еки-үш ханада бир неше шаңарақ жасап турған, адам басына 2-3 квадрат 

метр турар жай туўры келген. Егер Ташкентте орта есапта адам басына 14,2 

квадрат метр турар жай туўры келсе, гӛне қала бӛлиминде бул цифр еки есе 

кем  болған.  Шама  менен  7  мың  шаңарақ  сондай  жасаған,  ҳәр  бир  шаңарақ 

ағзасына  сәлкем  5  квадрат  метрден  кем  майдан  туўры  келген.  Бул  -  ең 

әпиўайы турмыс тәмийнаты шәртлерине де жақынласпайды. 

Үлкен қаланың нормал турмысын анық пуқта азық-аўқат тәмийнатысыз 

кӛз  алдымызға  келтирип  болмайды.  Дүканлар  ҳәм  базарлардағы  аўҳал 

мийнеткешлердиң, пүткил Ташкент халқының ҳақылы рәўиште наразылығын 

туўдырған.  Егер  халықты  гӛш-сүт  ӛнимлери  менен  тәмийинлеўдеги 

үзилислерди  бир  әмеллеп  түсиндирип  бериў  мүмкин  болса,  қаламыз 



 

85 


базарларында  мийўе  ҳәм  палыз  ӛнимлериниң  баҳасы  Сибирь  ҳәмде  Узақ 

Шығыс дәрежесинде екенин ақлап болмас еди. 

Мәселени  бир  қатар  жеңиллестириў  ушын  республика  баспа  сӛз 

кооперациясы  Ташкент  қаласының  барлық  районларында  мийўе-палыз 

базарларын  шӛлкемлестирген,  бундай  базарларда  30  мың  тоннадан  кӛбирек 

аўыл  хожалық  ӛнимлери  сатылған.  Буннан  тысқары,  «Ӛзбекбирлесиў», 

қаладағы  тийисли  мекемелердиң  күш-ғайраты  менен  аўыл  хожалығы 

ӛнимлерин келисилген баҳаларда сататуғын 53 дүкан қысқа мүддетте қурып, 

пайдаланыўға  тапсырылған.  Мийўе  ҳәм  палыз  ӛнимлерин  сақлаў  ҳәм  қайта 

ислеў  базасын  беккемлеў  ушын  үлкен  илажлар  қурылған.  Қытай  Халық 

Республикасынан қосымша тәризде картошка сатып алынған.  

Ташкент  қаласында  жасаўшы  халыққа  бағшылық-жүзимшилик  ушын 

ажыратып  берилген  участкалар  кӛбейип  барған.  Бул,  ӛз  нәўбетинде  азық-

аўқат  тәмийнатын  бир  қанша  жақсылаўға  ҳәм  адамлардың  бос  ўақтын 

пайдалы ислерге сарыплаўға, адамлардың саламатлығын беккемлеўге хызмет 

қылған. 


Адамлар  қандайда  бир  талап-зәрүрликлерин  гӛш  яки  қант-шекер, 

спиртли  ишимлик  яки  сабын  болсын,  сол  нәрселер  менен  тәмийинлеўдеги 

қыйыншылықларды  мәлим  бир  ўақытқа  шекем  түсиниўи,  буған  қанаат 

қылып  турыўы  мүмкин.  Бирақ  олар  ӛзлериниң  қәўипсизлигинен 

айырылғанын  түсине  алмайды,  буған  тақат  ете  алмайды.  Шаңарақтың, 

перзентлердиң,  жақын  адамлардың  турмысы  ҳәм  ден-саўлығы,  турақ-

жайының  қол  қатылмаслығының  сақланыўына,  неше  он  жыллар  даўамында 

мийнет  себепли  арттырылған  мүлкиниң  сақланыўына  ҳеш  нәрсе  кепиллик 

бермесе  олар  қандайда  бир  бийзары,  экстремист  топарлардың  қысымы 

астында ўайран болса, администраторлар инсан шахсы ҳәм турмысының қол 

қатылмаслығын тәмийинлемесе, буны ҳүжданлы адам, қабыл ете алмайды. 

Ғәрезсизликке ерисиў қарсаңында республикамызда адамлардың турмыс 

тәмийнаты  машқалалары  топланып  қалған  ҳәм  олар  оғада  ӛткир  түс  алған 

еди.  Пуқара  ҳәкимияттан  күтип  атырған  ең  тийкарғы  нәрсе  –  ҳәр  бир 




 

86 


адамның  жумысқа,  турақ-жайға  ийе  болыўы,  азық-аўқат,  кийим-кеншек, 

нормал турмыс ҳәм дем алыў, перзентлерди тәрбиялаў ушын дәрамат излеп 

таба  алыўы  менен  байланыслы  еди.  Бул  дәўирде  дүканларда  турмыслық 

зәрүр  ӛнимлер  турмаған,  ҳадал  мийнет  пенен  ислеп  табылған  ақшаға  ең 

әпиўайы  нәрселерди  нәўбетте  узақ  турып,  жоқары  баҳаларда  сатып  алыўға 

адамлар мәжбүр болған. 

Журтымызда  1989  жыл  17  августта  «Аўылда  жасаўшы  ҳәр  бир 

шаңарақты  қыйтақ  жер  менен  тәмийинлеў,  оларға  жеке  тәртипте  турақ-

жайлар  қурыў  ушын  барлық  шарт-шараятларды  жаратып  бериў  ҳақкында» 

қарар қабыл қылынды. Қарарда аўылда жасаўшы ҳәр бир адамға орташа 25 

сотихдан  жер  ажыратып  бериў  ҳәм  қыйтақ  жер  майданларын  4,5  есеге 

кӛбейтириў кӛзде тутылған еди. 

Бул  бойынша  әмелий  ислер  нәтийжесинде  1989-1990  жылларда  бир 

ярым  миллионнан  кӛбирек  шаңарақларға  қосымша  жер  ажыратылды,  700 

мың шаңараққа жаңа қыйтақ жерлери берилди. 

Бүгин  толық  исеним  менен  айтыў  мүмкин,  бул  қыйын  мәселеге  әне 

сондай  ақыллылық  пенен  мүнәсибетте  болыў  себепли  Ӛзбекстан  бойынша 

мың-мыңлап  адамлар  турақ-жайлы,  жумыслы  болды,  базарларда  ӛним 

кӛбейип,  баҳалар  арзанласты,  ең  әҳмийетлиси  жәмийетлик  кескинликтиң 

алдын алыўға ерисилди. 

Буннан тысқары жүз мыңлап гектар суўғарылатуғын жер техник егинлер 

айланысынан  шығарылды,  пахта  жетистириў  режеси  700  мың  тоннаға 

кемейтирилди. Бул- пахта монополиясын сапластырыў жолындағы дәслепки, 

бирақ оғада әҳмийетли қәдем еди. 

Президентимиз  аўыллық  жерлерде  халық  ушын  қыйтақ  жерлер 

ажыратыўды  кеңейтириў  мәселесине  бир  қанша  кең  қарап,  бул  шаралар 

арқалы кӛплеп әҳмийетли мәселелерди шешиўди, соның ишинде азық-аўқат 

дәсүрин  атқарыўды  кӛзде  тутқан  еди.  Жеке  хожалықтағы  жердиң  бир 

гектары  жәмәәт  секторындағыға  салыстырғанда  тӛрт  есе  кӛп  ӛним  береди. 



 

87 


Жеке  жәрдемши  хожалықтың  бир  гектарынан  алынатуғын  ӛним  12,5  мың 

сомды, жәмийетлик секторда болса сәлкем үш мың сомды қурайтуғын еди. 

Республикадағы  сүрип  егилетуғын  жерлердиң  тек  ғана  5  пайызы  жеке 

жәрдемши  хожалықларға  берилген,  олар  аўыл  хожалығы  жалпы 

ӛнимлериниң  тӛрттен  бир  бӛлимин  ислеп  шығармақта  еди.  Жетистирилип 

атырған  аўыл  хожалық  ӛнимлериниң  26  пайызы,  сол  қатарда,  гӛштиң  49 

пайызы,  сүттиң  65  пайызы,  жүнниң  66  пайызы  ҳәм  палыз  ӛнимлериниң  43 

пайызы  жеке  қыйтақлар  үлесине  туўры  келеди.  1990  жылдың  ӛзинде  жеке 

хожалықларда жетистирилген аўыл хожалығы ӛнимлериниң үлыўма кӛлеми 

300  миллион  сомнан  асқанлығының  ӛзи  жер  мәселесиндеги  қарардың 

әҳмийетин айқын кӛрсетеди. 

Екиншиден,  бул  қарар  турақ-жай  дәстүрин  шешиўге  жәрдем  береди. 

Жеке тәртипте  турақ-жай қурыў ӛз салмағына кӛре  турақ-жай дәсүринде 60 

пайыздан  кӛбирегин  қурап,  сол  дәўирде  бул  кӛрсеткиш  89-90  пайыз 

әтирапында  орынланған.  Халыққа  жер  участкалары,  ақша  ссудалары  ҳәм 

зәрүр  қурылыс  материалларын  ажыратып  бериў  бул  процессти  бир  қанша 

тезлестирди. 

Үшиншиден, бул қарар жумыссызлық машқаласын шешиўде қол келеди. 

Мәселен, Ферғана ўәлаятындағы 149 жәмәәт ҳәм мәмлекет хожалығының ҳәр 

биринде  халық  пенен  шәртнама  тийкарында  турақ-жай  қурыўшы  50-60 

адамлық  қурылыс  бригадасының  дүзилиўи  есесине  7,5  мың  адамды  жумыс 

пенен  тәмийинлеў  имканияты  туўылды.  Хорезм  ўәлаяты  хожалықларында 

гербиш,  қурылыс  буйымлары  ҳәм  басқа  нәрселер  таярлайтуғын  жәрдемши 

кәрханалардың  қурылыўы  қурылыс  материаллары  жетиспеўшилигиниң 

алдын  алыў  менен  бирге,  үш  жыл  даўамында  ислеп  шығарыўға  қосымша 

тәризде  2,5  мың  адамды  жумыс  пенен  тәмийинлеў  имканын  берди.  Бул 

адамларды жәмийетлик ислеп шығарыўға тартыўдың туўрыдан-туўры жолы 

еди. 


Тӛртиншиден,  ҳаяллардың  жумыс  пенен  бәнтлиги  машқаласын  шешиў 

имканы туўылды. Ҳаяллар жәмийетлик пайдалы мийнет пенен бәнт болмаған 




 

88 


халықтың бир қанша бӛлимин қурап, кӛп балалы шаңарақларда олар балалар 

тәрбиясы, үй жумыслары менен бәнт еди. Ҳаяллардың ӛз қыйтақ жерлеринде 

хожалық  пенен  рәсмийлестирилген  шәртнама,  мийнет  стажын  есаплаў  ҳәм 

кейиншелик  пенсия  тәмийинлеў  тийкарында  аўыл  хожалығы  ӛнимлерин 

жетистириўи олардың шаңарақ мәплерине сай келетуғын ис болды. 

Бесиншиден,  жәмийетлик-сиясий  турақлылық  мәселеси  шешилди. 

Жумыссызлық,  бийкаршылық  жәмийет  ушын  зыянлы  қатты-ҳәрекетлерге, 

жынаятлар  болыўына  себеп  болады.  Соған  кӛре,  кӛпшиликтиң  кәсип-ӛнери 

жоқ,  мийнет  қылыў  кӛнликпесине  ийе  болмаған  жасларға  жер 

участкаларының ажратып берилиўи оларды мийнет қылыўға, жасларға жерге 

ийелик  етиў  туйғысы,  мийнет  кӛнликпелери  қәлиплести.  Сол  дәўирде 

республикамыз аўылларындағы ҳәр бир бес шаңарақтың биреўинде де шарўа 

малы,  37  пайызында  сыйыр,  ярымында  қой  бағылмағаны  бул  машқаланың 

сол дәўирде оғада әҳмийетли болғанлығын кӛрсетеди. 

Президентимиз  аўыллық  жерлерде  жасап  атырған  халықтың  турмыс 

дәрежеси  пәслиги,  жасаў  шараятының  аўырлығы,  азық-аўқат  ӛнимлери 

тәмийнатындағы  қыйыншылықларды  есапқа  алған  ҳалда  әҳмийетли  бир 

усыныс  –  ҳәр  бир  шаңарақты  сыйыр  менен  тәмийинлеў  мәселесин  күн 

тәртибине  қойды.  Бул  илажды  узаққа  созбай,  1991-жылдың  ӛзинде 

аўылларда  жасаўшы  барлық  шаңарақларды  сыйыр  менен  тәмийинлеўге 

ерисиўдиң тӛмендеги жолларын кӛрсетип берди: 

- мал сатып алыў ушын арнаўлы кредит бериў, 

-  жәмәәт  падаларынан  ҳәр  бир  шаңараққа  бузаў  тапсырыў  шәрти  менен 

имканы болса, ҳәтте сол шәртсиз де ақшасыз сыйыр бериў. 

Мәмлекет  халқының  абаданлығын  асырыў  ҳәм  мийнеткешлерди 

социаллық  қорғаўдың  нәтийжели  кепиликлери  ҳаққында  сӛз  кетер  екен, 

тӛмендегилерди  айрықша  айтып  ӛтиў  лазым.  Ӛзбекстан  Президентиниң 

«Республика  халқы  жеке  хожалықлардағы  маллар  ҳәм  қусшылықты  от-жем 

менен тәмийинлеў ҳәм оларға шарўа ӛнимлерин жетистириўди кӛбейттириў 

ҳаққында»  ғы  1990-жыл  10  майда  қол  қойылған  Пәрманын  орынлаўға 




 

89 


қаратылған  қатар  қарарлар  қабыл  қылынды.  Сол  негизде  1990-жылдың  1-

июлинен  баслап  жәмәәт  ҳәм  мәмлекет  хожалықлары  халыққа  сататуғын 

пишен  ҳәм  ширели  от-жемлерди  таярлаў  режесине  қосып  есаплай  баслады. 

1990-жылда  жеке  хожалықларға  сатыў  ушын  мәмлекет  ресурсларынан  400 

мың  тонна  омухта  жем  ҳәм  60  мың  тонна  гунжара,  75  мың  тонна  шигит 

қабығы,  3,8  мың  тонна  пуш  шигит  ҳәм  100,9  мың  тонна  пиво  ӛнимлери 

ажыратылды. Жәмәәт ҳәм мәмлекет хожалықларына олар халыққа сататуғын 

пишен  ҳәм  ширели  от-жемлерди  жетистириў  ҳәм  таярлаўға  қылған  сарп-

қәрежетлердиң 50 пайызы тӛленди

14



Соны  айрықша  айтып  ӛтиў  лазым,  соған  уқсас  илажлардың  ҳәммеси 

республика  халқына,  ең  дәслеп  аўыл  халқына  жүдә  мақул  болды. 

Ҳақыйқаттанда,  жеке  жәрдемши  хожалықлар  ушын  ҳәм  жеке  тәртиптеги 

турақ-жай  қурыў  ушын  берилип  атырған  жердиң  кӛбейтирилиўи,  сол 

мақсетте ссудалар кӛлеми  ҳәм  қурылыс  материалларын  сатыўдың кӛбейиўи 

сондай илажлар қатарына киреди. 

Сондай-ақ  аўылда  жасайтуғын  адамларды  жумыс  пенен  тәмийинлеў 

бойынша  бир  қатар  тийкарғы  бағдарларға  итибар  қаратыў  зәрүрлиги 

белгилеб берилди (7-сүўретке қараң)

.

  

Аўыл  халқын  тәбиий  газ  ҳәм  ишимлик  суў  менен  тәмийинлеў 



республика бағдарламасын әмелге асырыў ушын биринши нәўбетте дәрамат 

ҳәм  материаллық  ресурсларды  сарплаў  ҳаққында  ҳүкимет  қарары  қабыл 

етилди.  Аўыл  халқын  тәбиий  газ  ҳәм  ишимлик  суўы  менен  тәмийинлеў 

шаралары белгиленген республика бағдарламасының орынланыўы: 

-1990  жылда  2200  километрлик  суў  ҳәм  3000  километрге  жақын  газ 

тармақлары  иске  түсти.  Бул  болса  және  270  мың  халықты  ишимлик  суўы 

менен, 120 мың шаңарақты болса газ бенен тәмийинлеў имканын берди, 

-1991 жылы аўылларда 4 мың километрден аслам газ тармақларын қурыў 

керек  еди.  Және  200  мың  шаңарақ  газ  бенен  тәмийинлениўи,  5,5  мың 

километрлик  ишимлик  суўы  трубалары  иске  түсирилиўи  белгиленди. 

                                                 

14

 Шарипов Р.Ш. Ижтимоий ва иқтисодий кафолатлар.-Т.: «Ўзбекистон» 1991.7-8-бетлер. 




 

90 


Қулласы,  аўыллық  жерлерде  жәмийетлик  инфраструктура  объектлери 

қурылысы ушын 1 миллиард сумнан зыят капитал дәрамат сарыпланды. 

 

 

 



 

 

 



 

 

 



 

 

 



 

 



Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   22   23   24   25   26   27   28   29   30




©engime.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет