3.2. Базар экономикасы шараятында аўыл хожалығын жүргизиў
механизмин жеделлестириў факторлары
Қарақалпақстан Республикасы халқының азық – аўқат ӛнимлерине,
санатын шийки затларға болған тутыныў талапларын қанаатландырыўға тек
ғана жер – суў ресурсларынан ӛнимли пайдаланыў ҳәм аўыл хожалығы
тараўларын нәтийжели алып барыў тийкарында ғана ерисиў мүмкин.
Базар экономикасы шараятында тек ғана жер – суў ресурсларынан
ӛнимли пайдаланыў емес, ал, ӛндирислик процессин шӛлкемлестириў ушын
зәрүр болған басқа ӛндирислик факторларынан ҳәм нәтийжели
пайдаланыўды аңлатады. Базар механизмлерин аўыл хожалығы ӛндирисинде
әмелге асырылыўы гуман жоқ жуўмақлаўшы экономикалық унамлы
нәтийжени бериўи керек. Бул аҳўалда ӛним ӛндириўдиң ӛсиўи қосымша
ӛндирислик шығынларына салыстырғанда артықмаш дәрежеде болады. Базар
экономикалық қатнасықлары шараятында аўыл хожалығы ӛндирислик
ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, ҳәр бир гектар суўғарылатуғын
жерлерден, қара мал бас саны есабына кем каржылар сарыплаў ҳәм жоқары
зүрәәт алыў
,
ӛним ӛндириў, пайданы кӛбейтиў, ӛндиристиң нәтийжелигин
арттырыў ушын тийкарғы зәрүр болған шәрт – шараятлар есапланады.
Усы мақсетти әмелге асырыў ушы тӛмендеги ўазыйпаларды шешиў
әҳмийетли болып есапланады:
-
базар экономикасы шараятындан келип шыққан ҳалда ӛндирислик ҳәм
материаллық ресурслардан пайдаланыў нәтийжелигин арттырыў ҳәм
хожалықты жүргизиў механизмлери шәртлерин кӛрсетип бериў;
-
аграр секторды қайта қурыўда мүликшиликтиң экономикалық
қатнасықларын
анализлеў
ҳәм
мүликшилик
пайларын
анықлаў
методологиясын үйрениў;
-
базар экономикасы шараятында экономиканы мәмлекет тәрепинен
басқарыўдың тийкарғы бағдарларын анықлаў;
72
-
жер – суў ресурсларынан пайдаланыўдың ҳәзирги аўҳалын, аўыл
хожалығы тармақларын анализлеў ҳәм перспективада зүрәәтлиликтиң ӛсип
барыўы бойынша усыныслар ислеп шығыў;
-
аўыл хожалығында материаллық – техникалық хорларының
қәлиплесиўи ҳәм сыпаты жағынан ӛзгериўи ӛзгешеликлерин кӛрсетип бериў;
-
тийкарғы ҳәм айланыс фондлар ортасындағы альтернативалық
салыстырмалық, ӛндирислик процентлериниң нәтийжелигин арттырыў
резервлери ҳәм оның ӛндирис нәтийлигине тәсирин анықлаў;
-
ӛндирис процессинде мийнет ресурсларының қәлиплесиўине,
нәтийжели
пайдаланыўға баҳа бериў ҳәм
жумысшы күшлеринен нәтийжели
пайдаланыў жәнеде мийнет ӛнимдарлығын арттырыў резервлерин анықлаў;
-
базар экономикасы шараятында артықмашлыққа ийе ӛндирис
күшлерин анықлаў ҳәм оларды жумыс пенен тәмийинлеў бойынша
усыныслар ислеп шығыў;
-
ири товар ӛндирисиниң майда фермер ҳәм дийхан товар хожалықлары
менен ӛз-ара байланыслығын, ӛндирис резервлеринен нәтийжели пайдаланыў
ҳәм ӛндиристиң нәтийжелилигине олардың тәсирин тийкарлап бериў;
-
ӛндирис ҳәм ӛндирис ресурсларын нәтийжелилигине ӛнимниң ӛзине
түсер баҳасы ҳәм ӛним сапасының
тәсирин анықлаў;
-
аўыл хожалығы кәрханалары менен санаат кәрханалары ортасындағы
экономикалық қатнасықларды жетилистирилиў ушын усыныслар ислеп
шығыў;
-
кредит қатнасықларын жетилистириў кредит ҳәм лизинг хызметлерин
қайтарыўды жеделлестириў
ушын усыныслар ислеп шығыў;
-
Қарақалпақстан Республикасының экологиялық жағдайын итибарға
алған ҳалда улыўмаласқан жер салығын алыўды жетилистириўди тийкарлап
бериў;
Базар, бул – товар - ақша қатнасықларында ең тийкарғы элементлерден
бири болып есапланады. Товар ӛндирис ҳәм товар-пул мүнәсибетлериниң
объектив ҳалда бар болыўы ӛз нәўбетинде базардың бар болыўы шәрт
73
екенлигин аңлатады. Базар – адамлар ортасындағы усақлап сатыў
тараўына
тийисли социаллық-экономикалық қатнасықлардың жыйындысы болып, әйне
базар арқалы товарларды (ӛнимлерди) сатыў әмелге асырылады ҳәм оларды
ӛндирисге сарпланған мийнеттиң социаллық-пайдалы ҳарактери үзил-кесил
атап ӛтиледи. Базар экономикасына ӛтиўдиң әҳмийети, ең алды менен, халық
хожалығын экономикасы тӛмен дәрежеде раўажланып атырғанлығы себепли
келип шыққан. Пайда болған жағдайдан қутылыўдың жолы – мәмлекет
экономиканы раўажландырыўдың еркинлестирилген базар қатнасықларына
ӛткизиў есапланады. Жәмийет пәрәўанлығын базар экономикасы менен
тығыз ҳалда байланыслы болып табылады, сондай-ақ базардағы орайлық
фигура тутыныўшы болып, ол товарларға болған талапты да ӛз
мүтәжликлерин қанаатландырыў жолын белгилеп береди. Бундай
шараятларда болса, ӛндирис ӛсип атырған мүтәжликти турақлы түрде
қанаатландырыў мақсетин гӛзлеп мийнет етеди.
Базар экономикасы – жәмийеттеги реал жағдайдың натуўрылығы болып,
онда жоқары нәтийжелер ҳәм әўметсизликлер, жоғалтыўлар ҳәм жеңислери
ӛз кӛрнисин табады. Базардың ашшы ҳақыйқаты пүткил жәмийетге тийисли
болыўы керек.
Базардың тийкарғы ўазыйпалары ҳәм ӛзине сәйкес қәсийетлерин
улыўмалық тәризде тӛмендегише тәриплеўимиз мүмкин:
– базар ӛндиристиң, яғный ӛнимлер кӛлеми ҳәм қурамын тәртипке
салыўшы – регулятор сыпатында хызмет етеди;
– базар товарға, усақлап сатыў тараўына сарыпланған мийнеттиң
социаллық-пайдалы ҳарактерин аңлатыўын тәмийинлейди. Тек ғана базарда
ӛндиристиң қандай шәрт-шараятлары социаллық зәрүр екенлиги, товар
муғдары анықланады;
– базар ӛним сапасының жақсыланыўына, бәсекилес болыўына,
қарыйдарлардың мүтәжликлерин қандырыўға умтылады;
– базар ӛним суммасының турақлылығына кӛмеклеседи. Ӛнимлерге
болған мүтәжлик ҳәм оларды усыныс етиў ортасындағы қатнасықтың
74
белгили дәрежеде тең салмақлылығын орнатылады, бундай жағдайларда баҳа
мәселесинде теңликке ерисиледи;
– базар ӛндирислик шығынларын, ӛнимниң ӛзине түсер баҳасын
кемейтириўге кӛмеклеседи. Ӛнимниң пайда менен сатылыўы ушын базар
товар ӛндириўшилерди ӛнимниң ӛзине түсер баҳасын, иләжы барынша
баҳасын пәсейтириўге ҳәрекет етеди;
–
базар жаңа түрдеги раўажланыў процесслерин жеделлестириўге
кӛмеклеседи, илимниң жетискенликлеринен ҳәм жоқары технологиялардан
пайдаланғанда ғана ӛним ӛнидирисин кӛбейтиў, оның сапасын жақсылаў ҳәм
ӛнимниң ӛзине түсер баҳасын кемейтиў мүмкин;
– базар социаллық машқалаларды шешиўге жәрдемлеседи, сондай-ақ,
ҳәр бир инсан ӛз уқыбын, қәбилетин ҳәм қәлеўин әмелге асырыўы ушын
имкәният жаратып береди. Әйне усы ўақытта базардың унамсыз қағыйдасы
бар: «турмысың жаманласқан болса, тек ғана ӛзиңе ӛкпеле»;
– базар товар ӛндирислери мийнеттиң халық - аралық бӛлистирилиўи
системасына қосылыўлары, дүнья жүзи хожалығының экономикалық
системасы менен тәбийий ҳалда уйғынласыўлары ушын имканият жаратып
береди. Ақырғы нәтийжеде базар нормал ҳалда мийнет етип атырған ҳәр бир
товар ӛндириўшиниң пайда алыўын тәмийинлейди;
– базардың үйретип ӛтилген ўазыйпалары ҳәм ӛзине тән қәсийетлери
А.Смитге ӛз ўақтында “пинҳаный қол”, яғный базардың социаллық қайта
ӛндириси бәрше процесслерге бир қарағанда кӛз илмейтуғын дәрежедеги
тәсири ҳаққында пикир билдириў мүмкиншилигин берген.
Базар экономикасының раўажланғанлығы – шахс ҳәр тәреплеме ӛзин
кӛрсетиўи, инсанның исбилерменлик қәбилети ушын имканиятлар жаратыў,
мүликшиликтиң бәрше формаларын ҳуқуқый қорғаўы ушын шәрт-шараятлар
жаратыўда пайда болады.
Базар экономикасы – ӛзиниң объектив нызамлылықлары ҳәм ӛз бетинше
орынлаўшысына ийе болған товар ӛндириси деп аталатуғын үлкен
тармақтың белсенди элементи болып табылады. Әйне базар мүликшилик
75
формаларын таңлаў ҳәм оларға ислеў бериў, инвестиция структурасын
жӛнелтиў, тармақлар аралық байланысларды раўажландырыў арқалы товар-
пул қатнасықларын раўажландырыў катализаторы сыпатында пайда болады.
Базардың
жоқарыдағыларға
усағанларының
бәршеси,
товар-пул
қатнасықлары қәлиплесиўиниң пүткил процессии тутыныўшыда, оның
мүтәжликлерин раўажландырыў ҳәм қанаатландырыўда ӛз кӛрнисин табады.
“Базар экономикасы” түсиниги үш элементти ӛз ишине алады, булар:
тәртипке салынбайтуғын усыныс (ӛндирислик еркинлик), тәртипке
салынбайтуғын мүтәжлик (сатып алыў еркинлиги) жәнеде мүтәжлик ҳәм
усынысты теңлестирип турыўшы тәртипке салынбайтуғын баҳа. Болжаўлар
соны кӛрсетеди, элементлердиң биреўи болмаса ҳәм толық ҳалында базар
болмайды ҳәм болыўыда мүмкин емес.
Раўажланған базар қатнасығы шәрт-шараятларында кәрхана ҳәм
мәмлекет ортасындағы, сондай-ақ кәрханалар ортасындағы ӛз-ара
қатнасықлар ҳәм байланыслар түпкиликли ҳалда ӛзгереди. Кәрханалар
мәмлекетлик органларына админстративлик тәртипде бойсындырыўға
тийкарланған ҳәм олардың ғәрессизлигин шеклеп қоятуғын вертикал
қатнасықлар ҳәм байланыслар, әдетке айланған жоқарыдан тӛменге қарай
бағдарланылған байланыс ҳәм
мағлыўматлар системасының орнын
кәрханалар ортасындағы горизонтал қатнасықлар
ҳәм байланыслар яғный
базар экономикасы қағыйдалары себепли әмелге асырылатуғын тең ҳуқықлы
шерикшилик қатнасықлары ийелейди (1-сүўрет).
Хожалықты жүргизиў базар механизмин админстративлик-режели
механизмнен үстемликлери ҳаққында америкалық ири экономист Д.Гельберт
жүдә орынлы пикир билдирген. Оның айтыўынша, базардың ӛзине сәйкес
қәсийетлери сондай, ол белгили баҳа жәрдеминде усыныс ҳәм мүтәжлиликти
теңлестиреди. Мүтәжликке қарағанда артықша усыныс пайда болыўы менен-
ақ, баҳаны түсириў арқалы қарыйдарлар ушын хошаметлеў факторы
жаратылды, усыныс шекленип, сол арқалы артықша товарларға жол
қойылмайды; солай етип, қысқа ўақыт даўамында товарлар қытшылығы
76
сезилип қалса, баҳаның асырылыўы ақыбетинде товар жеткизип бериўши
хошаметлеў факторына ийе болады, қарыйдарлардың белсендилиги пәсейип,
сол арқалы товарлардың жетиспеўшилиги сапластырылады.
1-сүўрет.
Аўыл хожалығы кәрханасының жумыс альп барыўда
әмел қылған базар механизмлери шараятларындағы хызмети
Хызмет түрлери
Әмел қылған механизм
Базар механизми
1. Ӛнимлер ӛңдириси
Мәмлекет режеси
Ӛндирислик
хызметти
еркин таңлаў, пахта ҳәм
дәнге берилген мәмлекет-
лик
буйыртпасынан
тысқары.
2. Капитал қаржыларды
финансластырыў дереклери
Мәлекет
бюджетинен
финансластырыў,
ӛз
дереклери
Ӛз қаржылары (пайда ҳәм
басқалар), банклер кредит-
лери, инвестициялар
3. Ӛндирис қуралларын
сатып алыў
Лимитлер ҳәм фондлар
бойынша бӛлистириў
Ӛндирислик
қуралларды
базарда
туўрыдан-туўры
шәртнамалар
бойынша
еркин таңлаў
4. Мийнетге ҳақы тӛлеў
Мәмлекетлик
баҳалар,
тарифлери,
мийнет
ҳақылары
Мийнеттиң
ақырғы
нәтийжелери
менен
байланыслы табыслар
5. Ӛнимди сатыў
Мәмлекет тәрепинен туты-
ныўшыларға
бириктирип
қойыў
Базарда
тутыныўшыны
еркин таңлаў
6. Ӛним нарҳлары
Мәмлекет
тәрепинен
баҳаны белгилеў
Базар,
шәртнамалық
баҳалар
7. Пайда
Ӛним
баҳасын
диффе-
ренциялаў арқалы кәрхана-
лар ортасында бӛлистириў
Кәрхана ийелигинде қала-
ды
(бирден-бир жер салығы
ҳәм мәжбүрий тӛлемлер
әмелге асырылғаннан соң)
8.Экономикалық хошамет-
леў фондларын қәлиплести-
риў
Мәмлекетлик нормативлер Уставқа муўапық пайдадан
еркин ҳалда қәлиплестириў
Базар экономикасын басқарыўдың админстративлик - режели
усылларынан үстемлиги негизинде ең демократиялық экономикалық
системасы сыпатында ҳәр тәреплеме кӛзге тасланыўында да пайда болады.
Булар тӛмендегилерден ибарат:
– товар ӛндирисинде ҳәр бир субъект еркин ҳәм тең имканиятқа ийе
болады, яғный тең ҳуқықлы экономикалық шерикке айланады;
77
– товар-пул базар қатнасықлары жәрдеминде ӛндирис ҳәм оны
реализациялаў ушын социаллық зәрүр қарежетлер талап ҳәм усыныс нызамы
тийкарында қәлиплеседи;
– базар турақлы түрде ӛзгерип баратуғын мүтәжликлердиң ҳәммесин
анықлаў имканын береди;
– базар ири мүлик ийелериниң қуўдалаўларынан еркин екенлигин есапқа
алатуғын болсақ, ол тутыныўшыдан ӛндирислик тәрептен баратуғын қарсы
байланысты, социаллық ӛндиристиң әмел қылыўы арқалы нәтийжелери
белгиленетуғын байланысты
жолға
қойыўдың
ең
демократиялық
экономикалық формасы болып табылады;
– базар товар ӛндириси менен кәрханалар ортасындағы экономикалық
қатнасықларды демократластырыўдың гиреўи есапланады.
Мәмлекетимиз кӛп жыллардан бери ҳәрекет етип атырған ҳақыйқаттан
да реал хожалық есап-китабына, анығырақ айтқанда, коммерциялық есап-
китапқа, сол себеплы, аўыл хожалығы экономикасындағы есап-китабына тек
ғана базарда реализациялнатуғын кең товар-пул қатнасықлары бар болғанда
ғана толық ерисиў мүмкин болады.
Соның менен бирге донья жүзи тәжрийбесиниң кӛрсетиўинше, мәмлекет
тәрепинен әмелге асырылатуғын режели тәртипке салыў механизми болмаса,
базар экономикасы нәтийжели әмел қыла алмайды. Режеге тийкарланып
бәрше нәрселерден ўаз кешип, хызмет жүргизиўге жол қойып болмайды,
себеби бундай ҳалда ис тутыў аўыл хожалығы экономиканы
раўажландырыўдың теориясы ҳәм әмелиятын алдыңғы ӛзегине салып қояды.
Арадағы парық тек сондай болыўы мүмкин, үзликсиз товар-пул, базар
қатнасықларына зыян келтирген ҳалда режели тийкарлардың ролин ҳәм
әҳмийетин асырып жиберилген болса, енди керсинше, базар қатнасықларын
режели тәртипке салыўдың әҳмийети тийкарсыз рәўиште тӛменлетип
жибериледи.
Базар экономикасы шараятында аўыл хожалығы тараўындағы товар
ӛндирисиниң кең ғәрезсизлиги ҳәм базар қатнасықларының раўажланыўы
78
шараятларында мәмлекет тәрепинен режелестириў индикатив түрге ийе
болыўы, яғный базар салықлар, жеңилликлер, кредитлар, нырқ-баҳа ҳәм
басқа соған усаған экономикалық факторлар жәрдеминде тәртипке салып
барылыўы экономикалық ҳәм социаллык әҳмийетке ийе. Экономист алымлар
П.Самуэльсон ҳәм В.Нордхаус пикиринше, салықлар мәмлекеттиң
экономикалық активликке тәсир кӛрсетиўши тийкарғы қуралы болып, олар
арқалы жеке тутыныў ямаса инвестициялар қысқартырылып, социаллық
мақсетлер ушын ресурслар жаратып бериледи. Булар қатарына айырым
экономикалық хызметин қошаметлеўши салықлар ямаса қыйынластыратуғын
салықларда киреди. Америка тәжрийбесине тийкарланған авторлардың
айтыўынша, салық ставкалары 50%ден артық болса, адамлар аз ислеп, аз
жамғарыўына умтылады ямаса ӛз хызметлерин “жасырын” экономикаға
жӛнелтириледи.
Жоқарыда баян етилгенлерге жуўмақ жасап, сондай жуўмаққа
келиўимиз мүмкин, аўыл хожалығы экономиканы базар қағыйдалары менен
тәртипке салып барыў тийкарынан, бул экономикаға мәмлекеттиң тәсири
болса жәрдемши фактор болып есапланады. Булардың жәрдеминде
фактордың тийкары индикатив режелестириў ҳәм салық салыўдың ақылға
муўапық системасынан ибарат болып, жоқарыдағыдай етип тәртипке салып
барыўды белгили шегараларда тек ғана толтырады ҳәм дүзетиўлер
киргизеди.
Достарыңызбен бөлісу: |