Адильчаев камал


III Бап. Аўыл хожалығы экономикасын реформаластырыўда сырт



Pdf көрінісі
бет23/30
Дата19.12.2021
өлшемі0,62 Mb.
#103439
1   ...   19   20   21   22   23   24   25   26   ...   30
Байланысты:
aoyllyq zherlerde zheke isbilermenlik imkaniyatlarynan natijzheli pajdalanyo zhollary

III Бап. Аўыл хожалығы экономикасын реформаластырыўда сырт 

ел инвестицияларының орны 

3.1. Базар қатнасықлары жағдайында аўыл хожалығын 

реформаластырыўда сырт ел инвестицияларының зәрүрлиги ҳәм 

әҳмийети

 

Аўыл  хожалығын  турақлы  раўажландырыў  тармақтың  ӛзине  жараса 



ӛзгешеликлеринен  келип  шыққан  ҳалда,  тийкарғы  қуралларды  сатып  алыў, 

қайта  оңлаў,  қурыў  ушын  узақ  мүддетли  ва  айланба  қәрежетлерге  сарып 

етилетуғын қысқа мүддетли инвестицияларды енгизиў пәтлери ҳәм олардың 

муғдарына байланыслы болып табылады. 

Аўыл  хожалығында  артықмаш  раўажланыў  тенденциясына  ийе  болған 

фермер  хожалықларының  ис  ҳәрекетине  унамсыз  тәсир  кӛрсетип  атырған 

әҳмийетли  факторлардан  бири  ­  бул  инвестиция  қаржыларының 

жетиспеўшилиги,  ӛндиристи  раўажландырыў  ҳәм  кеңейтиў  ушын  зәрүр 

болатуғын  материяллық-финанслық  қаржылар  менен    тәмийинленбегенлиги 

болып 


табылады. 

Сол 


кӛз-қарастанда, 

фермер 


хожалықларын 

раўажландырыўда,  бар  болған  шӛлкемлестириўшилик-техникалық  ҳәм 

ҳуқықый  шәрт-шараятлар,  ең  алды  менен,  олардың  инвестиция 

белсендилигин  асырыўға  ҳәм  инвестициялық  процесслерге  белсене 

енгизиўине байланыслы.  Соның  ушын  ҳәм    фермер хожалықларын,  олар ис 

ҳәрекетиниң  дәслепки  басқишларынан  инвестиция  процесслерге  енгизилиў, 

олардың ишки қаржылари шекленгенлиги ҳәм жетиспеўшилиги шараятында  

турақлы  ис  ҳәрекетин  шӛлкемлестириўдиң  әҳмийетли  факторларынан  бири 

есапланады.  Аграр  тармағының  ҳәзирги  раўажланыў  басқышында  сақланып 

кейятырған 

тәбийий-экономикалық 

номутаносибликлар, 

фермер 

хожалықларының  артықмаш  раўажланыўын  тәмийинлеўде  инвестициялық 

процесслерди пайда етиўге жаңаша қатнасықта талап етеди. Себеби, фермер 

хожалықларының  дәслепки  шаклланиш  ҳәм  раўажланыў  басқышында 

олардың ишки ис ҳәрекетиндеги әмелий тәжрийбе, қаржы жетиспеўшилиги, 

жер  ресурсларының  ӛнимдарлығын  асырыў  ҳәм  суў  ресурсларынан 




 

61 


нәтийжели  пайдаланыўда  мүмкиншиликлериниң  шекленгенлиги,  ең  алды 

менен,  мәмлекет  тәрепинен  әмелге  асырылатуғын  инвестиция  сиясатын 

жетилистириў  зәрүриятын  келтирип  шығарады.  Сыртқы,  соннан,  сырт  ел 

инвестицияларды енгизилиўде жаратылған қулай инвестициялық орталығын 

жаратылғанлығына  қарамай,  аграр  тармағында  олардың  үлеси  пәслигинше 

қалмақта.  

Аўыл 

хожалығында 



инвестиция 

белсендилигин 

асырыўда  

инвестициялық  жеңилликлерын  қоллап-қуўатлаў  жеке  ҳәм  сырт  ел 

инвесторларын  сол  процесске  енгизилиўде,  ен  алды  менен,  олардың 

материаллық  мәпдарлығына  унамсыз  тәсир  кӛрсетпеген  ҳалда,  тармақда 

артықмаш  әҳмийетге  ийе  болған  жердиң  мелиоративлик  жағдайын 

жақсылаў,  суў  хожалығы  инфраструктурасын  қайта  ремонтлаў  ҳәм  

раўажландырыў,  жаңа  агротехнологияларды  енгизиў,  ишки  ҳәм  сыртқы 

инвесторларға  жаратылған  шәрт-шараятларда  кескин  қарама-қарсылыққа 

жол  қоймаў  ҳәм  жеңилликлер  экономикалық  процесс  қатнасыўшыларын 

толық қанаатландырылыўы  лазым. 

Аўыл  хожалығына инвестицияларнды енгизилиў  машқалаларын  шешиў 

ушын, ен алды менен, тийкарғы итибар, оның басланғыш буўыны есапланған  

фермер  ҳәм  дийқан  хожалықларына  қаратылыўы,  олардың  сол  процессте  

енгизилиўиниң 

ҳуқықый, 

шӛлкемлестириўшилик, 

экономикалық  

механизмлери 

ҳәзирги 

дәўир 


талабынан 

келип 


шыққан 

ҳалда 


жетилистирилиўи керек.  

Соның  менен  бир  қатарда  аўыл  хожалығы  товар  ислеп 

шығарыўшылары  бәрше  тайфаларының  инвестиция  белсенелиги,  олардың 

басқа  тармақлары  менен  қуралсыз  ӛз-ара  байланыслылығы  ҳәм  

инвестиция  процесслериниң  теңсалмалығын  тәмийинлеў

 

бойынша  кең 



кӛлемде әмелий шара-тадбирлер ислеп шығылыўы лазым. 

Аўыл хожалығыннг бугунги бар болған инвестициялық белсенелиги ҳәм  

жозибадорлигини  есапқа  алған  ҳалда  оларды  тӛмендеги  жӛнелислерде 

әмелде асырыў мақсетинде муўапықдыр: 




 

62 


-

 

аграр  тармағында  инвестицияларды  енгизилиўиниң    артықмаш 



жӛнелислерин реал шәраятларынан келип шыққан ҳалда анықлаў; 

-

 



инвестициялық процессин илимий ҳәм әмелий тийкарланған  баҳалар 

дизими менен анықлаў; 

-

 

жеңилликли кредит, салық ҳәм амортизация сиясатын әмелге асырыў; 



-

 

лизинг  қатнасықларын  жетилистириў  ҳәм  оннан  пайдаланыў  ушын  



қолай шӛлкемлестириўшилик-экономикалық  шәрт-шараятлар жаратыў; 

-

 



аймақлар

 

дәрежесинде  аўыл  хожалығының  ӛзине  мәс  реал 



ӛзгешеликлери  толық  итибарға  алған  ҳалда  жойбарлар

 

ислеп  шығарыўды 



әмелге асырыў;  

-

 



кәрханалар,  атап  айтқанда,  фермер  хўжалиқлар  дәрежесинде  ис 

ҳәрекетин шӛлкемлестириўде бизнес-режелер ислеп шығыўды жетилистириў 

ҳәм  онда инвестиция ис ҳәрекетин тийкарлаў, финансластырыў  дереклерин  

анықлаў кибилер. 

Инвестиция  белсендилигин  ҳәм  оның  нәтийжелигин  асырыў  ушын   

жоқарыда  атап  ӛтилген  шара-тадбирлер,  ең  алды  менен,  экономикалық, 

социаллық ҳәм экологиялық болжаўларына тийкарланыўы лазым. 

Себеби,  аграр  тармағында  инвестицияларды  енгизилиўден  жоқары 

нәтийжеге  ерисиўде  тек  ғана  экономикалық,  бәлким  социаллық

 

ҳәм 



экологиялық  түрлери

 

ҳәм  әҳмийетли  ойнайди.  Соның  ушын  ҳәм    аўыл 



хожалығында  ислеп  шығаратуғын  инвестиция  дәстурлери  ҳәм  де 

жойбарлары  экономикалық-социаллық  ҳәм  экологиялық  жӛнелтирилген 

болыўы лазым. 

Ақырғы нәтийжеде аўыл хожалығына енгизилетуғин инвестициялар тек 

тармақта  ӛндиристиң  нәтийжелигин  арттырыў  ғана  емес,  ал  турақлы 

раўажланыўына  ерисиў,  сондай-ақ  экологиялық  жақтан  таза  ҳәм  сыпатлы 

ӛним  ислеп  шығарыў,  аграр  тармақ  экспорт  потенциалын  асырыўға,  ишки 

ҳәм  сыртқы базарын сыпатлы, бәсекеге шыдамлы аўыл хожалығы ӛнимлери 

менен толтырыўға ҳәм де  атырап-оталығын жақсылаўға алып келеди. 



 

63 


Ўзбекстан Республикасына, соннан, тармақ раўажланыўи ушын сырт ел 

инвестицияларын енгизбестен, соннан, аўыл хожалығындай жетекши тараўда 

сырт  ел  капиталы  қатнасыўын  кеңейтирмей  турып,    экономикамызда 

қурамлық  ӛзгерислерди  әмелге  асырыў  ҳәм    модернизациялаў,  хожалық 

жүргизиўши  субъектлеримизди  заманагӛй    техника  ҳәм де  үскенелер  менен 

тәмийинлеў,  сондай-ақшунингдек,  бәсекеге  шыдамлы  ӛним  ислеп  шығарыў 

ҳәм  де  экспорт  қылыў  жүдә  ҳәм  қурамалы  мәселедир.  Демек  усы

 

мәселеге  



Республикамыз  Президенти  И.А.Каримов  айрықша  тоқтап  ӛтип,  "Бәршемиз 

әпиўайы бир ҳақыйқатты  жақсы аңлап алыўымыз лазым- инвестицияларсиз 

модернизация  ҳәм,  жаңаланыў  ҳәм    болмайды"  –  деп    атап  ӛткенлиги 

бийкардан-бийкарға емес. 

Мәмлекетимизде алып барылып атырған экономикалық реформалардың 

ҳәзирги  басқыш  аўыл-хожалығын  жәнеде  раўажландырыў,  сырт  ел 

инвестицияларын  кырытыў  арқалы  ӛндиристи  заманагӛй  технология  ҳәм 

әспаб-үскенелер  менен  тәмийинлеў  ҳәм  модернизациялаў  ҳәмде  таза  

қуўатларын  пайда  етиў,  шийки-зат  ресурсларын  тереңирек  қайта  ислеў  

нәтийжесинеде  экспортқа жӛнелтириў ҳәм  импорт орнын басатуғын тайяр 

ӛнимлер  ӛндирисин раўажландырыўдан ибарат. 

Сырт  ел  инвесторларын  енгизилиў  шерикликтиң  перспективалы 

жойбарларын  әмелге  асырыў,  жаңа  заманагӛй  техника,  технологияларды 

енгизиў  тийкарында  ислеп  шығарылып  атырған  ӛнимлеримиздиң  сапасын 

дүнья  жүзи  базарларының  талабы  дәрежесине  кӛтериўге  имкәниятлар 

жаратады. 

Сырт  ел  инвестициялар  қатнасыўында    пайда  етип  атырған  қоспа 

кәрханаларды    мәмлекетимиздеги  артықша  жумысшы  күши  бар  болған   

аймақлар,  сонлықтан,  аўыл  орынларына  жайластырыў,  олар  тәрепинен  

жетилистирилген  аўыл-хожалық    ӛнимлеримизди  қайта  ислеў  ҳәмде 

ӛндиристиң  ҳәмме  басқышларынан  ӛтеген  товарларды  экспорт  қылыў, 

әсиресе жоқары нәтийже бермекте. 




 

64 


Дүнья жүзилик финанслық-экономикалық кризиси нәтийжесинде барған 

сайын  күшейип  баратырған  бәсеке  орталығын  ҳәмде  үзликсиз  рәўиште 

пәсейип    баратырған  базар  талаплары  ӛндиристи  модернизация  етиў,  оны 

техникалық  ҳәм  технологиялық  тәрептен  жаңаланып  барыўын  тәмийинлеў, 

жаңа  заманагӛй кәрханалар қурыў, үлкен муғудардағы капиталлар енгизиўин 

билдиреди. Сол ўазыйпаларды шешиў ушын бир қатар шара - иләжлар ислеп 

шығылған,  яғный  сырт  ел  инвесторлары  ушын  белгиленген  жеңилликлер 

солардың қатарынан болып табылады

.

 Сол жеңилликлер нәтийжесинде: 



 

Дүнья  жүзи  базары  талапларына  жуўап  беретуғын  сапалы  ӛнимлер 



ислеп шығарыў имканияты жаратылды; 

 



яғный  ис  орынларын  жаратыў  арқалы  социаллық-экономикалық  

машқалалар шешеилежи; 

 

таяр  ӛнимлерди  экспорт  қылыныўы  нәтийжесинде  мәмлекет  валюта 



резервлери артады;

 



 

хожалық  жүргизиўши  субъектлер  экономикалық  турақлылығын 

жақсылаўға алып келеди. 

Жуўмақлаў  иретинде  айтатуғын  бўлсақ,  мәмлекетимизде  сырт  ел 

инвестицияларын  енгизиў  арқалы  аўыл  хожалығын  жәнеде  раўажландырар 

екенбиз, усы бағдар бойынша тӛмендегилерге айрықша итибар қаратыўымыз 

мақсетке муўапық есаплайман. 

 



енгизилип 

атырған 


инвестицияларни 

аўыл 


хожалығына 

бағдарландырыўда қосымша жеңилликлерди енгизиў; 

 

усыныс



 

етилген    инвестициялық  жойбарларды

 

финансластырыўға 



шекем болған 

 

қарежетлерди максимал кемейиттириўге ерисиў;  



 

кредитлеўдиң нәтийжели усыларынан жәнеде  кеңирек пайдаланыў; 



 

инвестициялық  жойбарларды  дәслепки  ҳәм    комплекс  экспертизасы 



бойынша шара - иләжларын ислеп шығыў ҳәмде жәнеде  жетилистириў; 

 



жойбардың 

техникадық 

экономикалық 

тийкарларын 

ислеўде 

методикалық    ҳәм  ҳуқықый  кӛрсетпелер    бериў  бойынша  семинарлар 

шӛлкемлестириў; 



 

65 


 

усыныс 



етилген 

жойбарларын 

анализлеў 

мүддетин 

жәнеде 

кемейиттириў мәселелерин шешиў. 

    Улыўма  алғанда,  сырт  ел  инвестициясы  мәмлекетимиз  экономикасын 

раўажландырыўдың  тийкарғы  факторларыдан  бири  болып  табылады.  Және 

сонны  айтып ӛтиў лазым,  Ӛзбекстан  экономикасы  ушын сырт  ел кредитден 

кӛре  сырт  ел  инвестициясы  файдалырақдыр.  Солай  екен  елимизде  сырт  ел 

капитал  қойыўшылар  ушын  қолай  шәрт  -  шараятлар жаратып берген  ҳалда, 

олардың  қаржылрынан    ақылға  муўапық  пайдаланыўымыз  зәрүр.  Әне 

сондағана Республикамыз экономикасы ӛзимиз арзу етген дәрежеге ериседи.   

2010 жылдың артықмаш ўазыйпаларынан бири бул - тийкарғы жетекши 

тармақларды модернизация қылыў, техникалық ҳәм технологиялық жаңалаў, 

транспорт  ҳәм  инраструктура  коммуникацияларды  раўажландырыўга 

қаратылган  ири  стратегиялық  әҳийетге  ийе

 

жойбарларды  әмелге  асырыў 



ушын  белсене инвестициялық сиясатын алып бариыў.  

Соның  мене  бирге,  мүлкти  меншиклестирип,  жеке  мүлкшилик 

минасабетлери  раўажланыўи,  финанслық    қўллап-қуўатлаўға  бәрҳулла  

мүтәж ири аўыл хожалығына жӛнелтирилетуғын мәмлекет  инвестициялары 

муғқдары  қысқарыўы,  нархлар  диспаритети,  ӛним  жетистириўшилерге 

шийки  зат  ҳәм  материяллар  жеткизип  бериў  системасының  бузылыўы, 

ӛндирис  қуралларының  физикалық  ҳәм  мораллық  жақтан  гӛнериўи  киби 

факторлар  тараў  кәрханаларында  рентабеллик  дәрежеси  пәсейиўине  алып 

келеди.  

Дүнья  тәжрибесине  назер  тасласак,  кӛп  ғана  раўажланған  мәмлекетлер  

аўыл  хожалығын  раўажландырыў  ушын  үлкен  муғдарда  қаржылар 

сарыплайды. Мәселен, Уллы Британияда фермер хожалықларына 1971-жылға  

шекем  кӛп  ғана  түрдеги  жәрдемлер  бийпул  кӛрсетилген.  Бул  мәмлекетте 

аўыл хожалығына ҳәзир ҳәм үлкен муғдарда субсидиялар ажыратылмақда.  

АҚШда тийкарғы товар ислеп шығарыўшылар ири фермер хожалықлары 

(жыллық  ӛним  сатыў  кӛлеми  100  мың  АҚШ  долл.  ҳәм  оннанда  артық) 

есабланады.  Бул  хожалықларда  жер  ҳәм  имараттың

 

46,2%  и,  машина  ҳәм 




 

66 


үскенелердиң  44  %и,  трактор  ҳәм  жүк  автомобиллердиң  26  %и  топланған. 

Олар жалланба жумысшы күшлериниң (74%), от жемлердиң (78%), минерал 

тӛгинлердиң  (63%),  энергия  ресурсларының  (57%)  тийкарғы  қарийдарлары 

болып  есапланады.  96%  ке  жақын  фермер  хожалықлары  дәрамадларының 

50%  тен  кӛпшилигин  бир  ӛним  түрин  сатыўдан  алыўшы,  тар  қәнигеликке 

(тар ҳалда қәнигелестирилген) ийе кәрханалардыр. 

Кейинги  жылларда  финансластырыўда  қарыз  капиталының  салмағы 

кескин кӛтерилди. Фермерлерди қаржыландырыўда кредитлер жыллык үлеси 

1950-жылларда 12% ти қураған болса, 1990-жылларда 40% тен асты. Ҳәзирги 

ўақытта АҚШ аўыл хожалығы кәрханалары ӛндирислик қарежетлердиң 35% 

тен 70% ке шекемгиси кредитлер жәрдеминде финансластырылмақта.   

Аўыл 


хожалығына 

мәмлекет 

жәрдеминиң 

әмелдеги 

қуралы 

жеңилликллерге  ийе  салық  сиясаты  есапланады.  Бәрше  түрдеги  салық 

тӛлеўлер  фермердиң  жыл  даўамында  ислеген  қарежетлериниң  орташа  3-5% 

тин пайда етеди.  

Аўыл хожалығы ислеп шығарыўшыларға берилетуғын ссудалар, әдетде, 

2 түрге бӛлинеди: кӛшетуғын ҳәм кӛшпес мүлик ссудалары.  

АҚШда  фермерлерге  ссудалар  жер  сатып  алыў  ямаса  егислик 

майданларын  кеңейтиў,  имарат-қурылмалар  қурыў  ҳәм  оларды  ремонтлаў, 

топырақ  ӛнимдарлығын  арттырыў,  мелиоративлик  жағдайын  жақсылаў,  

сондай-ақ,  жер ҳәм  суў  ресурсларынан  мақсетке  муўапық ҳалда,  нәтийжели 

пайдаланыўға усағанларға байланыслы иләжлар ушын ажратылады. 

Экономикасы  тез  раўажланып  атырған  Түслик  Корея  ҳәм  тәбийий 

ресурслары қыт

,

 ишки базары тар ҳәм раўажланбаған, миллий фондлары кем 



ҳәм  тәжрийбесизлик  сезилип  турған  бир  шараятта  экономикалық 

раўажланыў  сиясатын  тиккелей  аўыл  хожалығынан  баслап  қәте  қылмаған 

еди.  Сол  ўақытта  мәмлекет  дийқанларын  халық  тутыныўы  ушын  зәрүр 

болған  ӛнимлерди  базар  баҳаларынан  жоқары  баҳаларда  сатып  алыў  жолы 

менен  финанслық  қоллап-қуўатлап  турды.  Нәтийжеде  дийқанда  мәпдарлық 

жәнеде  күшейип,  жоқары  ӛнимдарлылық,  сапалылық

 

ҳәм  дәрамат 




 

67 


тәмийинленилди.  Салық  системасындағы  реформаларда  буған  ӛз  тәсирин 

ӛткизбей  қалмайды.  1998-жылға  келип,  салық  ставкасы  23%  тин  қурады. 

Ӛткизилген  нәтийжели  аграр  реформалар  нәтийжесинде  аўылда  социаллық 

экономикалық  турмыс  жетилисти.  Сол арқалы  қала халқы ҳәм мәмлекеттиң 

социаллық-экономикалық аҳўалында жақсылаўға ерисилди. 

Аўыл хожалығы жақсы раўажланған Израйлда да фермер хожалықларын 

раўажландырыў  бойынша  бай  тәжрийбелер  топланған.  Бул  тәжрийбелерден  

айырымлары Ӛзбекстан аўыл хожалығы әмелиятында ҳәм сынап кӛрилмекде. 

Мәселен,  пахташылықда  тамшылатып  суўғарыў  системасы  усылы  унамлы 

нәтийжелер  бермеқте:  тәбияттың  бийбаҳа  байлығы  инәмы  болған  суўдан 

ақылға  муўапық  пайдаланыў,  аўыл  хожалығы  кәрханалары  қаржыларын 

тежестириў, ӛнимдарлықты жоқарылатыў имканиятлары кенеймекте. 

Раўажланған 

мәлекетлер 

тәжирийбелерине 

тийкарланып, 

Мәмлекетимизде  де:  -АҚШдағы  киби  бәрше  салық  ҳәм  мәжбүрий  тӛлеўлер 

аўыл  хожалығы  кәрханалары  ушын  басқа  тараў  кәрханаларына 

белгиленгенине қарамастан сезилерли дәрежеде кемейтириўди тәмийинлеў; - 

Қытай тәжрийбесине тийкарланып, фермер хожалықларын 3–5 жыл мүддетке 

салықлардан азат қылыў; -аўыл хожалығы кәрханалары финансластырылыўы 

ушын  жӛнелтирилген  қарыз  қаржыларының  50%  тен  70%  ке  дейингиси 

мәмлекет  тәрепинен  кепиллик  бериў  системасын  енгизиў  мақсетке  муўапық 

болып табылады. 

Туўрыдан-туўры  сырт  ел  инвестицияларын  енгизиў  ҳәм  оны 

раўажландырыў  бағдарындағы  машқалаларды  шешиў  бойынша  Ӛзбекстан 

Республикасында бир қанша унамлы жумыслар әмелге асырылмақта.  

Дүнья  жүзи  мәмлекетлериниң  тәжирийбелери  соны  кӛрсетеди,  колай 

инвестициялық  ықлым  (климат)  дурыс  қәлиплеспестен  ҳәм  сырт  ел 

инвестицияларын  миллий  экономикаға  белсене  енгизбестен  турып,  базар 

экономикасына  ӛтип  атырған  мәмлекетлер  дүнья  жүзилик  экономикалық 

шериклигине  табыслы  ҳалда  интеграцияласа  алмайды.  Сырт  ел 

инвестициялары, капитал қарежетлерди топлаў, заманагӛй технологиялардан 



 

68 


пайдаланыў  имканиятларын  жаратыў  арқалы  миллий  инвестиция  

базарларының  қәлиплесиўине  кӛмеклесип  ғана  қалмастан  товар  ҳәм  хызмет 

кӛрсетиў  базарларының  раўажланыўына  да  ҳәрекетлендириўши  тәсир 

кӛрсетеди. 

 Мәмлекетлер  арасында  сырт  ел  инвестицияларын  ӛз  миллий 

экономикасына  енгизилиў  ушын  кескин  бәсеке  бар.  Сол  себебли  сырт  елли 

инвесторлар 

кӛбирек 


жаратылған 

инвестициялық 

ықлым 

ямаса 


инвестициялық  қолайлылық  қайсы  мәлекетде  артықмашлыққа  ийе  болса, 

қысқаша  етип  айтқанда,  олар  ушын  пайдалырақ  болса,  әйне  усы  мәмлекет 

экономикасына  ӛз  инвестициясын  киргизиўине  қызығады.  Бул,  базар 

экономикасының салыстырмалы нәтийжелилик нызамынан келип щығатуғын 

шешим



Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   19   20   21   22   23   24   25   26   ...   30




©engime.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет