Научно-методический журнал Серия: Естественно-технические науки. Социальные и экономические науки. Филологические науки



Pdf көрінісі
бет182/231
Дата30.07.2023
өлшемі4,81 Mb.
#179664
1   ...   178   179   180   181   182   183   184   185   ...   231
Байланысты:
2-сан 2023 (1-серия)

Ilim h
á
m jámiyet. №2.2023
98
қобыз ең əййемги түрклерден келип шыққан, ол 
ҳаққында автор күтə қызықлы ҳəм узақ даўам еткен 
аңыз сөзди баян етеди [4:19].
Қарақалпақ арасында қобыз қаҳарманлық дəстанла-
ры атқарыўшылары болған жыраўлар тəрепинен қолла-
нылған. Жыраўлардың қобыз бенен атқаратуғын 
арнаўлы намалары болады. Қобыз намалары əдетте ай-
тарлықтай көп болмайды. Қырғыз манасшылары, қазақ 
жырлары, өзбеклердиң ҳафызлары сыяқлы қарақалпақ 
жыраўлары да халық тəрепинен жоқары баҳаланған. 
Қобыз əсбабы дəўирдиң өтиўи менен басқа бир қанша 
халықларда кем-кем қолланыўдан шығып, оның орнын 
басқа əсбаплар ийелейди. Ал, қарақалпақ халқы ара-
сында болса, қобыз хəзирге шекем халық турмысында 
турақлы орын ийелеп келмекте. Қобыз жуп тар тар-
тылған музыка əсбабы болып, скрипка, гиржек сыяқлы 
тартқыштың жəрдеми менен шертиледи. Ол көбинесе 
ерик, тут ағашларынан исленип, оның дузилиси бир 
тəрепке бүгилип келеди. Қобыздың төменги оймасына 
(қабағына) түйе териси қапланады. Ол дəстесине (гри-
фи) жылқының қылынан исленген тар тағылып, ол 
көбинесе квартаға сазланады. Қобыз сесиниң көлеми-
диапазоны бир ярым, еки октава көлеминде болады. 
Қобыздың улыўма узынлығы 75-80 сантиметрден 
аспайды. Ол гиржек сыяқлы дизеге қойылып, дəстеге 
тиймей, тек тарлар арасында тайғанап журеди. 
Қобыздың пайда болыўы жөнинде ел арасында 
қызықлы аңыз сөзлерде таралған. Онда қобыз даўысы-
ның күтə жағымлы ҳəм шыққыш болыўы ушын оны 
тоғайда доңыз сүйкенип кеткен жийде ағаштан ойып, 
бақыраўық түйениң бас териси менен қаплап, суў тул-
пардың қылынан тар тағылып исленеди. Сонлықтан 
қобыздың даўысы жағымлы болыўы менен қатар, 
узақтағы аўылларға шекем еситилип туратуғын болған, 
- деп өзиниң сүйкимли əсбабы болған қобызды күтə 
көтермелеп, жетилистиреди. Бунда асыра силтеўлер 
болыўына қарамастан қобыздың ерте заманлардан бер-
ли халықтың ең сүйикли, кеўил хошы, ажыралмас жол-
дасы болғанлығын аңлатады. 
Қарақалпақ халқының арасында оғада кең таралып, 
жəмəəтлик тус алып кеткен күтə көркем, сулыў даўыс-
лы музыкалық əсбаплардың бири -дуўтар. Ол келип 
шығыўы жағынан тарийхый дереклерге ҳəм көп ғана 
илимпазлардың ескертиўлерине қарағанда, қарақал-
пақлар арасында Хорезм оазисине көшип келгеннен 
кейин пайда болған деген тусиникти ескертеди. Би-
рақта бундай етип қысқа жуўмақ шығарыў да 
ҳақыйқатлыққа туўра келмейди, өйткени əзелден-ақ 
сыбызғы, сырнай, қобыз, шынғобыз сыяқлы əсбаплар 
кең таралып, соның менен қаналас (шаңарақ) əсбабы 
болған дуўтарлардың қоңсылас басқа халықларда да 
болып, қарақалпақлар арасында бурын ушыраспай, 
соңғы Хорезм дəўиринде қосылды деў үйлеспеген 
нəрсе болар еди. Соң қосылған əсбаплар дуўтардай бо-
лып тез ўақытта беккем сиңисип кетиўи қыйын. Кейин 
қосылып, халықтың музыкалық турмысына толық 
сиңисе алмай журген əсбапларға гиржек, дəп тағы 
басқаларды көрсетиўге болар еди. 
Дуўтар қарақалпақ халқының миллий музыкалық 
əсбабы болып ғана қоймастан, ол қарақалпақ музыка-
сының раўажланыўында тийкарғы роль ойнаған əсбап. 
Дуўтардың халық турмысына сиңисип кеткенлиги сон-
шелли, оны ҳəр бир уйден табыўға болады дерлик. Се-
беби, жоқарыда айтылып өтилгендей-ақ дуўтар сазлары 
тийкарынан алғанда еки даўыслы болыўы жағынан да, 
дуўтар сазларының жоқары дəрежеде раўажланып кет-
кенлигин көриўге болады. Әзелден усылайынша ха-
лықтың арасында сиңисип келмегенде бирден бундай 
дəрежеге тез пəт пенен раўажланыўға ерисиўи мүмкин 
емес еди. Дуўтар сазының өзи парысша – дуў - еки, тар 
- тар, еки тарлы əсбаплар деген мəнини аңлатады. 
Дуўтар еки түрли усылда исленип, бириншиси қазба-
ойма дуўтар, екиншиси қурама-тилме дуўтар деп жури-
тиледи. Қазба дуўтар əдетте тут, ерик ағашынан исле-
неди. Қурама дуўтар болса тут ағашынан исленген бир 
қанша бөлеклерден қуралып, олар өз ара белгили 
тəртипте байланыстырылады ҳəм бириктиргишлер ме-
нен бириктириледи. Дуўтардың даўысының шыққыш 
болыўы оның устиндеги қақпағының қəншелли жуқа 
ҳəм беккем болыўына байланыслы. Дуўтардың мойны-
на қойдың ишегинен (жилка) таярланған 12 перде ора-
тылып хромматикалық қурылыста болады. Ретинде 
айтып өтилетуғын нəрсе, дуўтардағы пердесиниң он 
еки болыўы шəртли болмай, ҳəр бир бақсының еркине 
қарай көбейтилип кететуғын жағдайлары да болған. 
Орынбай бақсы дуўтарына бəрқулла 14-15 перде 
жалғап журген. Оны ҳəр наманың узын, қысқа ке-
лиўине байланыслы болған. 
Тарлы тартқышлы əсбаплардан гиржеклерде де 
қарақалпақ саз əсбаплары қатарынан орын алады. Гир-
жеклер өзбек, түркмен, тəжик, əзербайжан т.б. ха-
лықларында да күтə кең таралған. Қарақалпақ гиржеги 
сол ўақытлардан мəдений байланыс ретинде келип, 
қарақалпақ музыкасының атқарылыў усылларына, тех-
никасына ийкемлестирилген. Әдетте гиржек қарақал-
пақлар арасында тек бақсыларға қосылып «Жанапай-
лар» иретинде ғана қолланылып, жеке өзи («Соло») 
ретинде пайдаланылған. Қарақалпақ гиржегине, өзбек, 
туркмен т.б. халықлардың гиржеги сыяқлы уш тар 
тағылады, оның үстинги еки тары бир сеске, төменги 
бир тары болса өз алдына айрықша рольди атқарып 
намадағы барлық жөнелиси соның менен шертиледи. 
Ҳəзирги А.И.Петросянц тəрепинен қайта исленген 
қарақалпақ халық сазларының оркестринде қолла-
нылған гиржек төрт тарлы болып, онда диапозоны төрт 
октаваға шекем барады. Гиржек дуўтар сыяқлы ағаштан 
ойылып исленеди, қақпағы ылақа балықтың териси ме-
нен қапланады. Ҳаял-қызлар тəрепинен атқарылатуғын 
бармақтың жəрдеми менен үплеў арқалы шертилетуғын 
əсбаплардан «Шынғобыз» ушырасады. Шынғобыз ҳа-
ял-қызлардың ең сүйикли саз əсбабы болып той-мереке 
ҳəм көпшилик жыйналған жерлерде шертилетуғын 
болған. Олар шынғобызды шертип өз ара жарысларға 
да түсип жүрген. Қызлар шынғобыздың нəзик тарлары-
нан шыққан жүректи тербететуғын нағышлы намала-
рын жырларына арқаў етти [3]. 
Шынғобыз күтə кишкене, ықшам ғана саз болып, 
темирден исленген. Оның формасы искусствоның, 
мəденияттың нышаны белгиси болған. Иймейип келген 
қошқар мүйизли терилердиң орайына жуқа, қайысқақ 
еки полат тил орнатылған. Шынғобызды еки жақ ти-
стиң арасына қысып, тил ҳəрекетиниң жəрдеми менен 
ҳəмде дəстесин шеп қолы менен услап, оң қолы менен 
шынғобыздың тарын қағып турып үплеў арқалы шер-
тиледи. Оның даўысы күтə жағымлы болып, өзине тəн 
айрықша тембрге ийе. Шынғобыздың өз алдына шер-
тилетуғын намалары болады. Олар турмыста ушыраса-
туғын 
айырым 
көринислерди 
образлы 
түрде 
сүўретлеўлерден ибарат. 
Олардан: «Қара жорға», «Ала жорға», «Ескек есиў», 
«Сыңсыў», «Жетим қыз», «Кыз узатыў», «Ғаз ғаңқыл-
дысы», «Әтшөк» т.б. намалар қызығыўшылық бенен 
шертилип келинген. Соның менен қатар, шынғобыз 
əсбабы шығыс халықларының көпшилигинде болған 
ҳəм басқа халықларда да ушырасады. Бирақ та 
шынғобыздың қосығы болмай намалары сөзсиз қуры 
өзи шертиледи. Қарақалпақ халқының мəденияты та-
рийхында булардан басқа да əпиўайы түрдеги саз 
əсбаплары да болған. 
Жуўмақлап айтқанда қарақалпақ халық саз əсбапла-
рының, келип шығыў тарыйхы, дузилиси хəм 
атқарыўшылықтағы орны ҳəм жағымлы даўысы өзине 
тартатуғын шынғыры менен ажыралып туратуғын мум-
киншиликлерин беккемлеў ҳəм ен жайдырыў келешек 
əўлəдқа жеткериў баслы ўазыйпамыз есапланады.




Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   178   179   180   181   182   183   184   185   ...   231




©engime.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет