ДИАХРОН ӘДИСТЕ ИЗЕРТЛЕНГЕН ИНГЛИС ТИЛИНДЕГИ ӚЗЛЕСКЕН СӚЗЛЕРДИҢ АНАЛИЗИ А.Ж.Бердиханова –
еркин излениўши Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети академиялық лицей Таянч сӯзлар: диахрон ѐндашув, ӯзлашган сӯзлар, грамматик бирликлар, лисоний бирликлар, луғат қатлами.
Ключевые слова: диахронический подход, заимствованные слова, грамматические единицы, лексические единицы, сло-
варный слой.
Key words: diachronic approach, borrowing words, grammatical units, lexical units, vocabulary.
Инглис тилиниң лексикалық қатламының дерлик
70% өзлескен сөзлерди қурайды, сондай болыӯына
қарамастан инглис тили халықаралық бизнес тили сы-
патында кеңнен қолланылады. Яғный, өзлескен сөзлер-
диң көплиги инглис тилиниң жоғалып кетиӯине емес,
ал раӯажланыӯына себе болған сыяқлы көринеди. Бул
усынылып атырған мақала эмпирикалық форматта жа-
зылған болып, тийкарғы мақсети өзлескен сөзлердиң
өзгешеликлерин анализ қылыӯдан ибарат.
Көплеген лексемалар инглис тили тарихында муда-
ми əмелде болған - олар тек ғана герман шабыўылшы-
лары менен ғана келип қалған ҳəм қолланылмай қалған
бирликлер қатарында болады. Англо-саксон тилиниң
лексикалық бирликлери ҳəзир күнде ҳəм инглис тили-
ниң күнделикли сөйлеӯ тилиниң дерлик үлкен көлемин
қурайды, яғный олардың қатарына грамматик бирли-
клер (in, on, be, that), лексик бирликлер (father, love,
name) ямаса аффиксларди (mis-, un-,-ness, -less) кири-
тиӯге болады.
Англо-саксон тилинен кирип келген сөзлердиң
көлемин жəми заманагөй инглис тилиниң лексикалық
қатламы көлеминде салыстырғанда киши бөлекти
қурайтуғынлығы анықланған болсада, олар тилде ең
көп қолланылатуғын сөзлердиң қатарынан есапланады.
Инглис тили Америка вариантының миллион сөзли
Браун университети корпусында анализ қылынғанда
(438-бет) ең көп ислетилетуғын 100 ден аслам сөзлер
таңлап алынды, солай етип бул сөзлердиң келип