Научно-методический журнал Серия: Естественно-технические науки. Социальные и экономические науки. Филологические науки



Pdf көрінісі
бет135/231
Дата30.07.2023
өлшемі4,81 Mb.
#179664
1   ...   131   132   133   134   135   136   137   138   ...   231
Байланысты:
2-сан 2023 (1-серия)

Аткеткен
.
Бай 

терек 

байтерек 
– бунда еки сөз биригип, 
сөз бирикпесин қəлиплестирген. 
Бай 

терек 

 
байтерек 

байтерек 

Байтерек 
– бунда еки сөз өз 
ара қосылып, сөз бирикпесин, кейин қоспа сөзди пайда 
еткен. Соң бул қоспа сөз ономастикалық конверсияның 
топонимикалық 
конверсия 
түри 
себепли 
ономастикалық лексика қатарына көшип, топонимди 
пайда еткен. Демек, жоқарыдағы еки топоним 
белгиленген 
сөз 
бирикпелеринен 
топонимлесиў 
қубылысының 
топонимикалық 
деривация 
ҳəм 
ономастикалық 
конверсия 
процесслеринде 
қəлиплескенлиги менен парқланады.
Профессор А.Ҳожиев «Соны да айтып өтиўимиз 
керек, сөз (лексема) жасалыўы ҳаққында гəп болғанда, 
əлбетте, оның жасалыў тийкары мəселесине айрықша 
итибар бериледи ҳəм оның қандай бирлик болыўы 
ҳаққында да пикир билдириледи» [16:38] – деп жазады. 
Бирақ, топонимлер сөзден ибарат болғанын итибарға 
алған ҳалда, оның жасалыў тийкары ҳаққында айтып 
өтиўимиз керек. Себеби, əййемнен қолланып киятырған 
топонимлер бүгинги күнде бир сөз ҳалына келген болса 
да, алдын олар бир неше сөзден ибарат болған. Бундай 
топонимлерге 
Қумжыққын, Бегжап
мысалларын 
көрсетип өтиўимиз мүмкин.
Тил билими пəни бир пүтин система болғаны 
сыяқлы ономастика да айрықша система болып 
есапланады. Демек, сөз ҳəм топоним арасына қойылған 
шегара да, негизинде, қатнаслы болып табылады. Усы 
орында сөздиң лингвистикалық анализи топонимниң 
лингвистикалық анализи ушын мəлим мəниде тийкар 
болыўы итибарға алыныўы шəрт. Сөзден объектлерди 
атаў зəрүрлиги себепли топонимлер пайда болғаны 
сыяқлы социаллық-мəдений, сиясий ҳəм экономикалық 
зəрүрликлер нəтийжесинде топонимлерден сөзлер, 
яғный лексикалық тийкарлардың пайда болыўы да 
тəбийий жағдай. Мəселен, Хожели
>хожелиши 
ҳəм т. б.
Апеллятивлерди еки топарға бөлип үйренемиз:
1. Тилде бар болған, бирақ объектлерди атаў ушын 
таңланбаған ҳəм топонимикалық мəни жүкленбеген 
сөзлер. 
2. Объектлерди атаў зəрүрлиги себепли таңланған 
ҳəм топонимикалық мəнилер жүкленген лексикалық 
тийкарлар. 
Бизиң тийкарғы мақсетимиз – екинши топар 
сөзлерден, яғный объектлерди атаў зəрүрлиги себепли 
таңланған ҳəм топонимикалық мəни жүкленген 
лексикалық 
тийкарлардан 
қəлиплескен 
орын 
атамаларының лингвистикалық изертлениўин жаратыў. 
Демек, сөз бенен топоним ортасында барқулла қатнас 
ҳəм беккем байланыс болады. Усы қатнас шекленген 
жағдайда апеллятивлик ҳəм ономастикалық лексика 
қатарларында жүз береди. Себеби, «Атама – 
ҳақыйқатлықтың (зат, белги ҳəм т. б.) тилдеги сəўлеси» 
[16:38]. Топонимге тийкар болған сөз, яғный 
лексикалық тийкар ономастикалық конверсия себепли 
мəлим бир топонимикалық мəнилерди баянлаў менен 
əпиўайы сөзлерден парқланады.


Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   131   132   133   134   135   136   137   138   ...   231




©engime.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет