Топоним ҳәм оның лексикалық тийкарлары
.
Егер топонимниң лексикалық тийкары есапқа алынба-
са, оны ҳеш қандай усыллар менен лингвистикалық
жақтан анализлеп болмайды, ол ҳаққында тек ғана бир
сөз айтыўымыз мүмкин: «
топоним белгили бир объ-
екттиң атамасы есапланады
». Бул болса алып ба-
рылған анализдиң толық емеслигин көрсетеди. Усы-
ларды есапқа алып, топонимлердиң лингвистикалық
жақтан изертлеў түсинигине анықлық киргизиў ушын
лексикалық тийкар
(
апеллятив)
термини ҳəм түсинигин
қолланыў шəрт деген пикирге келинди. Бул мəселени
изертлеў
ушын
кейинги
жылларда
баспадан
шығарылған бир қанша əдебиятлар үйренилди [9:188;
11:33; 12:366; 13:256; 14:11].
Топонимлердиң қəлиплесиўинде объектлерди атаў
зəрүрлиги себеп болған болса, олардың аталыўы оның
нəтийжеси есапланады. Усы нəтийжени пайда етиў
ушын сөз керек болады. Бирақ, барлық сөзлер де объ-
ектлерди атаў ушын қолланыла бермейди. Таңланған
ҳəм топонимикалық мəни жүкленген сөзлер, əдетте,
объектлерди атаўда қолланылады. Мине, усы еки про-
цесстиң муўапықласыўы нəтийжесинде лексикалық
тийкардан топоним қəлиплеседи. Бул жағдайды
И.Г.Добродомов өз мийнетинде айтып өткен [2:165].
Топонимниң «
сӛз + себеп > топоним
» процесинде
қəлиплесиўи ҳəм топланған орын атамалары үйренил-
генде, тилдеги барлық сөзлер орын атамасы ушын
тийкар бола алмайды. Объектлерге атама болатуғын
сөзлер таңланып, оларға арнаўлы мəнилер жүклениўи
ҳаққында қысқа пикир билдирилген изертлеўлер де бар
екенлигин атап өтиўимиз керек [6:78]. Бул пикир – объ-
ектлерди атаў ушын таңланып, арнаўлы топонимлик
мəнилер жүкленген лексикалық тийкарлардың бар
екенлигиниң бир белгиси.
А.П.Дульзон топоним объектлердиң аталыўы ушын
айрықша мəнилер жүкленген сөзлерден қəлиплесиўи
ҳəм олардың лингвистикалық анализи əдеттеги нызам-
қағыйдалар менен əмелге асырылыўы кереклигин ай-
тып өткен [3:39]. А.В.Суперанская
апеллятив (лексика-
лық тийкар)
сөзин топонимлердиң лингвистикалық
изертлениўинде қолланыў кереклигин төмендегише
баянлаған:
«Проблема,
условно
обозначенная
appellative – оnoma, предусматривает изучение слож-
ных случаев, где не очевидна принадлежность рассмат-
|