Ilim h
á
m jámiyet. №2.2023
73
турып, олардың лингвистикалық изертлениўиниң
нормалары ҳаққында сөз етиўимиз орынсыз. Олардағы
характерли белгилерди төмендеги арнаўлы мəселелер
тийкарында көрип өтиўимиз мақсетке муўапық: 1) сөз
ҳəм топонимниң өз-ара қатнасы; 2) топоним ҳəм оның
лексикалық тийкары; 3) топотийкар, топоформант ҳəм
индикатор түсиниклери; 4) топонимлесиў қубылысы; 5)
топонимниң лексикалық тийкарының мотивлениўи.
Сӛз ҳәм топонимниң ӛз-ара қатнасы
. Топоним сөз
ямаса сөзлерден қəлиплессе де, əпиўайы сөз ямаса
сөзлерден парқы болады. Сөз тил билиминиң
лексикология бөлиминде үйрениледи. Топонимлер
болса тил билиминиң ономастика бөлиминде изерт-
ленеди. Соның менен биргеликте, топонимди тарийх,
геология ҳəм география пəнлери де анализлейди ҳəм
изертлейди. Изертлеўлерде де топонимлер басқа
ономастикалық
бирликлер
сыяқлы
төмендеги
қəсийетлери менен сөзлерден парқланып турады:
1. Сөз лексикалық мəниге ийе болады. Сөз
мəнисиниң тарийхый өзгерислерге ушыраўы барлық
тиллерде де бар, өйткени ол адамзат жəмийетиниң
турмысындағы өзгерислерге байланыслы болады [1:31].
Сөзлер тарийхый көз-қарастан еки түрли көринисте
қолланылады: 1) Өзиниң тийкарғы мəнисинде; 2) Атама
яғный топоним сыпатында.
Топоним болса айрықша, тəбийий-географиялық
объектлердиң атамасын баянлап, анықлаўшылық
қəсийети бар индивидуаль, яғный топонимикалық
мəниге ийе болған меншикли атлық. Бул жерде
топонимикалық мәни
термини энциклопедиялық ҳəм
атама қойған халықтың миллийлигин аңлатып,
географиялық
ҳəм
этнографиялық
қəсийетлерди
аңлататуғын мəниде қолланылады. Себеби, тəбиятта
мəниссиз ҳəм мазмунсыз атамалар болмайды.
2. Сөз кең мəниде қандай да бир нəрсени атаўдың
өними болса, топонимлер – топонимлесиў қубылысы
себепли
қəлиплесип,
топонимикалық
мəнини
билдиретуғын меншикли атлықлардың бир түри
қатарына киреди. Мəселен,
Аткеткен
синтаксислик
бирлик – гəп. Ол топонимикалық деривация қубылысы
себепли синтаксислик бирликтен бир пүтин сөзге
айланып,
топонимге
көшкен:
ат+кет+-кен
аткеткен
аткеткен
Достарыңызбен бөлісу: |