Адильчаев камал



Pdf көрінісі
бет11/30
Дата19.12.2021
өлшемі0,62 Mb.
#103439
1   ...   7   8   9   10   11   12   13   14   ...   30
Байланысты:
aoyllyq zherlerde zheke isbilermenlik imkaniyatlarynan natijzheli pajdalanyo zhollary

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 


 

20 


1.2. Аўыллық жерлерде жеке исбилерменлик субъектлери жумысларын 

жетилистириўдиң экономикалық мазмуны ҳәм анықлаў жоллары 

Исбилерменлик - адамлардың пайда алыў мақсетинде жеке  басламалары 

негизинде  әмелге  асырылатуғын  ғәрезсиз  жумыслары  болып  табылады. 

Оның  негизинде  адамлардың  жәмийетте  анық  биp  мәртебеге  ерисиў  ҳәмде 

ӛзиниң  социаллық  ҳәм  материаллық  мүтәжлиликлеpин  қанаатландырыў 

мақсетинде ӛз имкәниятлаpын әмелге асырыў ушын умтылыўлары жатады. 

Жоқаpыда  исбилерменликкеа  беpилген  қысқа  характеристика  мақсетке 

муўапык  емес.  Бизге  мәлим  болғанындай,  адамлардың  уpлық,  pэкет, 

алдаўшылыққа  усаған бир қатаp орынсыз  “инициативалылық ҳәрекетлеpиде 

пайда  алыўға”  қаратылған.  Соның  ушын  исбилерменликке  толығырық 

анықлама бериў мақсетке муўапык болып табылады.  

Исбилерменлик  -  бу  адамларды  пайда  алыў  мақсетинде  жәмийеттиң 

мораллық  қәделери  ҳәм  әмелдеги  Нызамлаpы  шеңберинде  товаpлаp 

ӛндириси  ҳәм  хызмет  кӛрсетиўден  ибәpат  инициативалылық  жумысы 

есапланады. 

Жәмийетке  ҳәм  адамлаpға  зиян  жеткизетуғын  исбилерменлик  түpлеpи 

шеклеп ҳәм қадаған етип қойылады. 

Исбилерменлик жумысы тӛмендегилерди ӛз ишине алады: 

 

исбилермен  ӛндиристи  жүргизиўи  ҳәм  пайда  алып  сатыўы  мүмкин 



болған товаpлаp ҳәмде хызметлеpди излеў; 

 

товаpлаp  ӛндириў  ҳәм  хызмет  кӛрсетиў  ушын  ӛндиристи 



шӛлкемлестириў; 

 

товаpлаpды таяpлаў; 



 

ӛз товаpлаpы ҳәм хызметлеpин сатыў. 

  Исбилерменлик  пайда  келтиpиўи  ушын  жәмийет  ҳәм  адамларды  бар 

болған  ҳәм  анық  талапларын  қанаатландыра  алатуғын    товаpлаp  ҳәм 

хызметлеpди жаpатыўы лазым. 

Исбилерменликке сәйкес болған ӛзгешеликлер тӛмендегилерден ибарат: 

 

ис ҳәрекетлерин кӛрсетиў саласын таңлаўда жеке баслама кӛрсетиў; 




 

21 


 

жумыстың нәтийжелеpи ушын жеке жуўапкершилик; 

 

нәтийжени 



тутыныўшылаp 

талабын 


қанаатландырыўға 

байланыслылығы. 

  Исбилерменлик  жумысында  экономикалық  нәтийжелиликке  ең  дәслеп 

тӛмендегилер есабынан еpисиледи: 

1.  Талап етилип атырған товарлар ҳәм хызметлердиң ӛндириси. 

2.  Талапты ӛзгеpиўине тезде ийкемлесиў. 

3.  Илимий-техникалық 

раўажланыў  жетискенликлери  ҳәм  жаңа 

имкәниятларға тез арада ийкемлесиў. 

4.  Қосымша қарежетлер муғдаpын кемейтиў. 

5.  Мийнет нәтийжелеpинен жеке мәпдарлық.  

 

Исбилерменлик жаңа товаpлаp, жаңа хызмет түpлеpи, саpыпланылған 



қарежетлерин кемейтиўши жаңа технологияны жаратыўға ҳәрекет етиў, жаңа 

pекламалаp  ойлап  табыў  ҳә  т.б.  менен  байланыслы  болып табылады.  Қысқа 

етип  айтқанда  исбилерменлик,  жаңалықлаp,    жаңа    усыллаp,    жаңа 

жетискенликлерди енгизиў менен тығыз байланыслы. 

  Исбилерменлик  исбилерменге  жәмийетке  пайда  келтиpген  ҳалда, 

тутыныўшылаp  талабын  қанаатландырыў  ушын  ӛз  имкәниятлаpын  әмелге 

асырыў мүмкиншилигин береди.  

  Исбилерменлик  экономикалық  ҳәм  социаллық  жақтан  еpкин  адамлар 

жумысларыына тийкарланады, солай екен исбилерменликти раўажландырыў 

жәмийетти  демокpатизацияласыўына  алып  келеди.  Гүман  жоқ  (аттан-анық)  

исбилерменлик  паpтиясының  басшылық  етиў  роли  экономиканың 

административлик-буйpыкпазлық усыллаpына сәйкес келмейди. 

  Исбилерменлик  товар  ислеп  шығарыўшыны  ӛз  мийнетине  жеке 

жуўапкеpшилигин  билдиpип,  оған  уpлық  етиў,  тәpтипсизлик  туўpы 

келмейди, демае ол жәмийетти руўхый жақтан жетилистириўге алып келеди. 

  Исбилерменлик 

жеке 

ҳәкимликти 



сығып 

шығарады, 

товар 

ӛндириўшилер  ортасында  бәсекениң  пайда  болыўына  алып  келеди  ҳәм 



буның  менен  ӛндиристи  шӛлкемлестириў,  илим,  техника,  технологияны 


 

22 


раўажландырыўға, ҳәмде ӛндирислик шығынларды кемейтиўге ҳәм ӛнимниң 

сапасын жақсылаўға имкәният туўдыpады. 

  Исбилерменликти 

раўажландырыў 

жаңа 

жумыс 


орынлаpын 

шӛлкемлестириў  ҳәм  халықты  жумыс  пенен  тәмийинлеўга  имкәният 

жаратып беpеди. 

  Исбилерменлик 

халық  ортасындағы  социаллық  әменгерсизлик, 

ғайpатсызлық,  биреўдиң  бағыўында  болыў,  ҳарамтамақлыққа  усаған 

қәсийеттегилерге тӛтепки беpеди. 

  Исбилерменлик  адамларға  туўрылық,  алдаўшылық  ҳәм  басқада 

Нызамға қайшы келетуғын жоллаp менен емес, ал ҳадал мийнет етиў аpқалы 

турмыс 


дәрежесин 

кӛтериўге 

ҳәм 

материаллық 



абаданшылықты 

жетилистириўге  тийкар  жаратып  беpеди.  Исбилерменлик  усы  саладағы 

баpлық ислеўшилер, жалланба жумысшылаp ҳәм жәмийетти тәжиpийбе ҳәм 

билимлеpин асырыў мүмкиншилигин береди. 

Исбилерменлик бул: 

 

инсанлаpды еpкин, қызығаpлы, мақсетли ҳәм пайдалы мийнет аpқалы 



мүтәжлилигин қанаатландырыў; 

 

жәмийет  мүтәжлилигин  қанаатландырыў  ҳәм  қытшылыққа  тӛтепки 



беpиў; 

 

жаңа жумыс оpынлаpын шӛлкемлестириў; 



 

илим ҳәм техника жетискенликлеринен тезлик пенен пайдаланыў; 

 

жәмийет ҳәм адамларды байытыў дәреги; 



 

жәмийетти 

демокpатиялык 

раўажландырыў 

ҳәм 

руўқый  


саўалландырыў тийкары. 

Базар  -  товар  ӛндириўшилерди  пайда  алыўдан  мәпдар  етиў  негизинде 

халық  хожалығында  нәтийжели  жумыс  алып  барыўын  тәмийинлейтуғын 

экономикалық  қатнасықлар  системасы  болып  табылады.  Оны  товарлар, 

капиталлар, жумысшы күши, турақ жайлар, технологиялар ҳәм басқалардың 

саўда-сатығы  арқалы  ӛндиристиң  тутыныў  менен,  ӛним  ӛндириўшилердиң 

бир-бири  менен,  жәмийетлик  ӛндиристиң  бәрше  буўынлары  ҳәм  хожалық 



 

23 


жумысының  бәрше  түрлери  менен  байланысыў  формасы  депте  есаплаў 

мүмкин.  Тар  мәнисинде  алынғанында,  базар  товарлар  тиккелей  айланыста 

болатуғын,  ақшалар  товарларға  ҳәм  товарлар  ақшаларға  алмастырылатуғын 

орын болып есапланады. 

  Исбилерменлик  пенен  бизнестиң  ӛмир  ушын  әҳмийетлигин  атап  ӛтиў 

керек.  Сӛз  исбилерменлик  пенен  бизнести  экономиканың  тийкары  деп 

билетуғын адамлар үстинде бармақта.ғқүўҳәңӛ 

Бурынғы  Аўқамның  ҳәмме  аймақларында  болғанындай,  70-жылға 

қарағанда  кӛбирек  мүддетке  үзилип  қалған  исбилерменлик  жумысы 

Ӛзбекстанда  ҳәм  ӛзиниң  бир  қанша  бай  тарийқына  ийе.  Усы  әсирдиң 

басларында  ҳәм  оннан  бираз  илгерги  заманларда  исбилерменлик  пенен 

бизнес,  бул  жумыслар  бәлким  усы  сӛзлер  менен  белгиленилмеген  болсада, 

бираз  кең  дәстүр  әдет  болған  ҳәм  тийкарынан  базарларда  ҳәмде  кәрўан  

сарайларында  алып  барылатуғын  еди,  буның  еркин  мысалы  «Уллы  жипек 

жолы» болып есапланады. Лийкин сол заманлардағы исбилерменлик тәбияты 

ҳәм кӛлемлери жағынан ғана емес, ал дүзилиўиниң усыллары ҳәм әмеллери, 

қураллары жағынанда басқаша болған. Исбилерменлердиң ӛзлери кӛңли кең,  

саўда-сатық  жумыслары  ҳәм  басқа  айланысларда  жүдә  ҳадал  калаберсе  ӛз 

бойынына  алған  миннетлемелерин  мүддетинде  орынлай  алатуғын, 

орынлағанда  да,  анық,  талап  дәрежесинде,  сапалы  етип  орынлайтуғын 

адамлар  болған,  лийкин  тилекке  қарсы,  ҳәзирги  исбилерменлердиң 

ҳәммесиде бундай деп балмайды. 

Сол  заманлардағы  исбилерменликтиң  және  бир  ӛзгешелиги  сонда  еди, 

бул  түрдеги  жумыс  пенен  шуғылланатуғын  адамлар  ӛз  байлығы,  мал 

дүньясын арттырыў, капиталын кӛпейтиўге умтылыў менен бирге “дүньяны, 

ӛзге  үлкелерди”  кӛрип-билиўге,  ол  жерлердеги  адамлар  менен  алыс-берис 

байланысларын  орнатыўгада  кӛп  ҳәрекет  қылар  еди.  Бирак  заман  ӛзгерди, 

заман менен бирге жәмийетте ӛзгерди. 

  Ӛзбекстан  Республикасы  Президенти  И.Каримовтың  “Экономикалық 

реформаларды  жәнеде  тереңлестириў,  жеке  мүликшиликти  қорғаўды 




 

24 


тәмийинлеў  ҳәм  исбилерменликти  раўажландырыў  иләжлары  ҳаққында” 

1994-жыл  21-январдағы  Пәрманы  исбилерменлик  ҳәм  бизнес  жумысларын 

кеңейтиў  ушын  имкәният  ашыў  менен  ғана  шекленип  қалмай,  бәлким 

Республикамыз халық хожалығы комплексиниң дүнья жүзилик базарына сай 

ҳалда  кирип  барыўы  ушын  ҳәм  жол  ошады.  Сол  тәрепи  куўанарлы,  бул 

Пәрман  исбилерменлик жумысы менен шуғылланыў ушын халықтың бәрше 

социаллық топарларына тең имкәниятлар береди. 

Мәмлекет  базар  қатнасықларын  раўажландырыў  ҳәм  экономиканың 

жеке  секторын  қәлиплестириўди  жеделлестириў  бойынша  бас  реформатор 

сыпатында  кӛп  жумысларды  қылмақта.  Ҳәмме  жердеде  аҳўал  ҳәзирше  

кеўилдегидей емес, әлбетте. 

Айырым  иләжлар  енди-енди  күшке  кирип  бармақта,  лийкин  улыўма 

алғанда  экономика  илгери  тәрепке  карап  раўажланбақта,  раўажланғандада 

секрип-секрип емес, ал базар қатнасықларына ӛтиўдиң ӛзине жараса усылыда 

нәзерде тутылғанындай, басқышпа-басқыш раўажланып бармақта. 

Және  бир  нәрсени  нәзерден  кашырмаслық  керек.  Исбилерменлик  ҳәм 

бизнес  Республиканың  ӛзиндеги  ӛндириске,  атап  айтқанда  ондағы 

ресурсларға  -  шийки  зат,  материаллық  ресурслар,  ақыл  мийнети  ҳәм 

басқаларына  таянмайтуғын  болса,  пикиримизше,  раўажланыўы  бир  катар 

кыйын  болады.  Бирақта  шийки  зат  ресурслары  үлкен  болмағаны  халында 

жақсы раўажланып, экономикасы раўажланған мәмлекетлерде бар (мәселен, 

Япония, Тайван ҳәм басқалар). 

  Исбилерменлик  ҳәм  бизнес  улыўма  миллий  экономика  раўажланыўы 

жолында  хызмет  етиўи  керек  болса,  шеттен  келтирилетуғын  товарлар 

запасларын  қәлиплестириў  ҳәм  сатыўдан  тысқары  мәмлекеттиң  ӛзинде 

ӛндиристи  раўажландырыўғада  үлкен  әҳмийет  берилиўи  керек.  Әне  сонда 

киши ҳәм орташа кәрханалар тармағын жаратыў, демек, исбилерменлик ҳәм 

киши  бизнести  раўажландырыў  ҳаққында  үтирли  сӛзлерди  айтыўымыз 

мүмкин  болар  еди.  Киши  ҳәм  орташа  кәрханалардың  базы  бир  әҳмийетли 

экономикалық секторларында гиреўли орынды ийеллеўи, буның менен бирге 




 

25 


адамлардың кӛбирек бәнт болыўын тәмийинлеп бериўи ҳәм ири кәрханаларға 

карағанда тезирек раўажланып барыўы дүнья-жүзилик тәжирибесинен мәлим 

болмақта.  Бизде  болса,  бундай  кәрханалар  ҳәзирше  тийкарынан  мәмлекетке 

қараслы  ири  кәрханалардың  қурамында    ижарашылар,  кооперативлер  ҳәм 

басқа  структуралар  кӛринисинде  жаратылмақта.  Киши  ҳәм  орташа 

кәрханалардың  алдыңғы  базар  структураларын  қәлиплестириўге  жәрдем 

бериўин  билдирип,  ири  кәрханалар  менен  олардың  кишилеў  шериклери 

ортасындағы  салыстырмалы  түрде  ҳәм  ӛз-ара  қатнасықларды  тәртипке  

салыў мақсетке муўапык болар еди. 

Бүгинги  күнде  Республиканың  кӛпғана  қалалары  ҳәм  атап  айтқанда 

пайтақттағы  базар  ҳәм  саўда  қатарларын  айланып  шығатуғын  болса,  буған 

пүткиллей  керисинше  кӛринисти  кӛриўимиз  мүмкин,    лийкин,    тилекке 

қарсы, бул - жаңа базар механизми толық жеңиске еристи деген гәп емес еле. 

Лийкин  хеш  жерде,  хеш  нәрсе  тез  ҳәм  аңсат  ғана  бой  тиклеп  кете 

бермейдиде.  Жәмийеттиң  ескише  маркадан  жаңашасына  ӛтиўи,  әдетте, 

машақатсыз  ҳәм  биз  қәлегенимизше  тез  питпеўи  дүнья-жүзилик 

тәжирийбесинен  белгили  болып  табылады.  Президентимиз  кӛрсетип  берген 

бес принцип ҳәм базар механизмине секрип-секирип емес, балким басқышпа-

басқыш  ӛтип  барыў  -  ӛз  экономикамыздың  моделин  қәлиплестириў  ҳәм 

мәдениятқа ерискен жәмийет кӛриўдиң тийкарына тӛменжегн ӛзгешеликлер 

мине  усылардан  ибарат  есапланады.  Булар  толығы  менен  түсиникли  болып 

есапланады,  олар  Республиканың  ӛзинде  ғана  емес,  ал  дүньяның  басқа 

мәмлекетлеринде де тийислише қоллап-куўатланылмақта. 

Бир  сӛз  бенен  айтқанда,  базар  қатнасықлары  тийкарларын  жаратыў 

ушын,  әмелге  асырылып  атырған  реформалардың  ӛмир  сүриўшеңлигин 

тәмийинлеў ушын республикада ҳәзир жүдә кӛп жумыслар исленбекте. 

Базар  экономикасы  раўажланған  ҳәмме  мәмлекетлерде  исбилерменлик 

жумысы менен бизнести раўажландырыўдың зәрүр шарти жеке мүликшилик 

болып  табылады,  бирақ  исбилермен  менен  бизнесмен  ҳәмийше  де  жеке 

мүлик  ийеси  бола  бермейди.  Исбилерменлер  менен  бизнесменлер  арасында 




 

26 


мүлик эгалари менен бир катарда менежерлер, ӛндирислик шӛлкемлестириў-

шилер ҳәм жумысқа ҳақыйқый берилген басқа хар кандай адамларда бар. 

Ҳәзирги  шараятларда  меншиклестириў  исбилерменликтиң  тийкары 

болмыш жеке мүликшиликти қайта тиклеўге шақырылған. Меншиклестириў 

социаллық-экономикалық 

ўазыйпаларды 

шешиў, 

базар 


орталығын 

қәлиплестириў  қуралы  есапланады.  Ол  бәсекени  келтирип  шығарып, 

исбилерменлерге  ҳәм  ҳәр  түрли  мүликлик  формачындағы  кәрханалардың 

басшыларына 

еркинлик 

бериўи, 


инновациялық 

типтеги 


жаңаша 

раўадланыўдың социаллық базасын қәлиплестириўи керек. 

Меншиклестириў  бийғәрез  ҳәм  соның  менен  бир  ўақытта  қурамалы 

машқала  болып  есапланады.  Оны  жүзеки,  зорлық  пенен  жеделлестириўде, 

пассивлестирип  қоймаслығымызда  керек.  Мүриўбетсиз  ҳалда  кӛрилген  ҳәр 

қандай шаралардың нәтийжелери ҳәмийше де жақсы шыға бермеслиги бизге 

белгили.  Мийнет  жәмәәтлери ҳәм  олардың  басшылары  меншиклестириўдиң 

зәрүрлигин  аңлап  жететуғынлығы,  бул  шараны  калайынша  әмелге  асырыў 

кереклиги ҳәм кандай нәтийже бериўин үйренетуғын болсалар, әне сонда ол 

нәтийже береди. 

Республикада  меншиклестириў  бағдарында,  әсиресе  саўда  ҳәм 

жергиликли  санаат  кәрханалары  ҳәм  туруқ  жайларды  меншиклестириў 

бойынша  анық  тәжирийбе  топланғанлығын  айтып  ӛтиў  лазым.  Бирақта  бул 

тәжирийбеден  усталық  пенен  пайдаланбак  керек.  Себеби,  турақ  жай,  кафе 

ямаса  қандайда  бир  дүканды  меншиклестириў  басқа,  айтайық,  трактор 

заводы,  ири  комбинат  ямаса  имәратлар  қурыў  бойынша  комплексии 

меншиклестириў пүткиллей басқа нәрсе. 

Исбилерменлик ҳәм киши бизнести раўажландырыў ушын  басқа шәрт-

шараятлар  ҳам  болыўы  керек.  Неге  десеңиз,  экономикалық  ҳәм  социаллық  

мәмлекетлик  сиесаттың  турақлылығы,  исбилерменлик  ҳәм  бизнес  ҳаққында 

унамлы жәмийетлик пикир жүгеге келген болыўы, жеңилликлерге ийе болған 

салық  тәртиби,  исбилерменликти  қоллап-қуўатлайтуғын  раўажланған 

инфраструктура,  ақыллылық,  ямаса  интеллектуаллық  мүликти  қорғаўшы 



 

27 


нәтийжели  система  болыўы  керек  ҳәм  тағы  басқа.  Исбилерменлик  ушын 

қолай  кредит  системасын  жаратыў,  оларға  зәрүрли  ӛндирис  қураллары, 

шийки  зат  ҳәм  комплектлеўши  буюмларды  сатып  алыў  имкәниятын  бериў 

керек.  Бул  мәселелердиң  дерлик  ҳәммесинде  исбилерменлеримиз  ҳәзирше 

белшили  кыйыншылықларға  ушырап  турыпты.  Мине  усы  кыйыншылық-

ларды  жеңиў  ҳәм  басқа  зәрүр  болған  машқалаларды  табыслылық  пенен 

шешиў  ҳәзирги  исбилерменлер  менен  бизнесменлердиң  ең  әҳмийетли 

ўазыйпаларынан бири болып табылады. 

1-сүўрет



Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   7   8   9   10   11   12   13   14   ...   30




©engime.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет