Адильчаев камал


«Беккем шаңарақ жылы» мәмлекетлик Дәстүриниң шаңарақ



Pdf көрінісі
бет19/30
Дата19.12.2021
өлшемі0,62 Mb.
#103439
1   ...   15   16   17   18   19   20   21   22   ...   30
Байланысты:
aoyllyq zherlerde zheke isbilermenlik imkaniyatlarynan natijzheli pajdalanyo zhollary

2.2. «Беккем шаңарақ жылы» мәмлекетлик Дәстүриниң шаңарақ 

исбилерменлигин раўажландырыўдағы роли

 

Бәршемизге мәлим ғәрезсизлигимиздиң дәслепки жылларынан баслап-

ақ  ҳүрметли  Президентимизтиң  басламасы  менен  елимиз  социаллық 

бағдарланған  базар  экономикасына  ийе  демократиялық  ҳуқықый  мәмлекет 

қурыўға  қаратылған  кең  комплексли  реформаларды  әмелге  асырыў  ҳәм 

раўажландырыў бойынша ӛз жолын таңлады.  

Бунда 

Президентимиз 



тәрепинен 

белгилеп 

берилген 

базар 


экономикасына  ӛтиўдиң  бес  принципи  ҳәм  басқышпа-басқыш  реформалар 

стратегиясына  тийкарланған  елимизди  реформалаў  және  модернизациялаў 

бойынша  алып  барылып  атырған  ис-илажлар  бүгин  пүткил  дүнья  еллери 

тәрепинен тән алынбақта.  

Әсиресе,  халқымыздың  пәраўан  турмысын  тәмийинлеў,  ишки 

базарларымыздың  сапалы  ӛнимлер  ҳәм  хызметлер  менен  толтырыў 

мақсетинде  киши  бизнес  ҳәм  жеке  исбилерменликти  раўажландырыўға, 

оларға  қолайлы  имканиятлар  менен  жеңилликлер  жаратып  бериўге,  тараў 

ўәкиллерине  ӛз  жумысларын  баслаў  ҳәм  раўажландырыў  ушын  исенимли 

қаржы  дереклери  менен  тәмийинлеў  бойынша  да  кең  кӛлемли  жумыслар 

әмелге асырылды.  

Экономиканың әҳмийетли қурам бӛлеги болған усы киши бизнес ишки 

базарды  зәрүр  товар  ҳәм  хызметлер  менен  толтырыўдың  тийкарғы  дереги 

болып хызмет ететуғынлығы бәршемизге мәлим. Сондай-ақ, киши бизнес тек 

экономикадағы белгили бир бослықларды толтырып ғана қоймастан, ал оны 

диверсификациялаў  ҳәм  турақлы  пәтлер  менен  раўажландырыўды 

тәмийинлеўде де оғада әҳмийетли орынға ийе.  

Ҳүрметли  Президентимиздиң  сӛзи  менен  айтқанда  исбилерменлик 

халқымыздың,  миллетимиздиң  қанына,  сүйегине  сиңип  кеткен  әжайып  ҳәм 

ийгиликли  пазыйлети  есапланады.  Усы  пазыйлетлерди  жарыққа  шығарыўда 

зәрүр  шараят  жаратыў,  адамларда  исбилерменлик  ҳәм  инталылық 

қәбилиетлерин  ҳәр  тәреплеме  қоллап-қуўатлаў,  нызамлы  исбилерменлик 




 

48 


хызмети  нәтийжесинде  алынған  мал-мүликлерин  қорғаў  системасын 

беккемлеў жүдә үлкен әҳмийетке ийе болып есапланады.  

Жеке  сектордың  қысқа дәўир ишинде жоқары дәрежеде  раўажланыўы 

биринши  нәўбетте  ҳүкиметимиз  тәрепинен  оларға  жаратылып  берилип 

атырған ҳәр тәреплеме имканиятлар, олардың ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин 

қорғаў  бағдарындағы  нызамшылық  базасының  беккемленгенлигин  атап 

ӛтиўимиз  керек,  әлбетте.  Ғәрезсизлигимиздиң  дслепки  жылларынан  баслап-

ақ,  конститутциялық  норма  ҳәм  бағдарлар  тийкарында  қабыл  етилген 

«Мәмлекет  қарамағынан  шығарыў  ҳәм  меншиклестириў  ҳаққында»ғы, 

«Мүликшилик  ҳаққында»ғы  нызамлар  усы  тараўдың  раўажланыўына  кең 

имканиятлар  жаратып  берди.  Усы  тийкарда  жүдә  қысқа  дәўир  ишинде 

санаат,  саўда,  аўыл  хожалығы  ҳәм  басқа  да  мәмлекет  қарамағында  болған 

бир қанша объектлер меншиклестирилди.  

Буннан  кейинги  жылларда  қабыл  етилген  «Исбилерменлик  жумысы 

еркинлигиниң  кепилликлери  ҳаққында»ғы,  «Жеке  кәрханалар  ҳаққында»ғы 

сыяқлы бир қатар нызамлардың қабыл етилиўи жеке исбилерменликти жедел 

раўажладырыўда айрықша әҳмийетке ийе болды.  

Усы  орында  және  бир  нәрсени  айрықша  атап  ӛтиўимиз  тийис, 

ҳүрметли  Елбасшымыз  тәрепинен  ислеп  шығылған  «Мәмлекетимизде 

демократиялық  реформаларды  және  де  тереңлестириў  ҳәм  пуқаралық 

жәмийетин  раўажландырыў  Концепциясын»да  Президентимиз  «...  Бүгинги 

күнде  киши  бизнес  ҳәм  исбилерменликти  кеңейтиў  ушын  бизнестиң 

шӛлкемлестириў-ҳуқықый формасы сыпатында шаңарақлық бизнести нызам 

менен  белгилеп  қойыў  ўақты  келди.  Мәмлекетимизде  бизнести 

шӛлкемлестириўдиң  усы  формасы  бизнести  жүргизиўде  жүзеге  келген 

миллий  дәстүрлеримизге,  хожалық  жүргизиў  жумысларының  ҳәзирги 

жағдайына толық сәйкес келеди.  

Бундай бизнести шӛлкемлестириўдиң нызамшылық базасы жаратылса, 

шаңарақлық бизнестиң ҳуқықый кепилликлерин күшейиўине, экономиканың 

түрли  тараўларында  оның  жедел  ҳәм  кең  раўажланыўына  ҳәм  жаңа  жумыс 




 

49 


орынларының  ашылыўына  шараят  туўылыўына  толық  исенемен»,  деп 

айрықша атап ӛткен еди. 

Ҳақыйқатында  да,  реформаларды  изшил  даўам  еттириў,  ҳәзирги 

ҳуқықый  базаны  кеңейтип,  жетилистирип  барыў  бүгинги  күнде  жүдә  үлкен 

әҳмийетке  ийе.  Әсиресе,  мәмлекет  экономикасының  ҳәм  жәмийеттиң 

раўажланыўында оғада әҳмийетли орын тутатуғын киши бизнес пенен жеке 

исбилерменликтиң  раўажланыўына  және  де  кең  жол  ашыў,  бул  тараўдың 

жаңа 


тармақларын 

қәлиплестириў 

ушын 

ҳуқықый 


тийкарларын 

жетилистириў шешиўши факторлар қатарына киреди. 

Усы  тийкарда  быйылғы  «Беккем  шаңарақ  жылы»нда  қабыл  етилип 

турмысқа  енгизилген  «Шаңарақлық  исбилерменлик  ҳаққында»ғы  Ӛзбекстан 

Республикасының  Нызамы  да  усы  бағдардағы  ис-илажларды  жетилистириў 

менен  биргеликте  мәмлекетимизде  демократиялық  реформаларды  және  де 

тереңлестириў  ҳәм  пуқаралық  жәмийетин  раўажландырыў  мақсетиндеги 

баслы  жӛнелислер,  сондай-ақ,  демократиялық  базар  реформаларын 

тереңлестириў  ҳәм  экономиканы  либералластырыў  тараўындағы  илажларды 

әмелге асырыў бағдарында да әҳмийетли ҳүжжет болып табылады.  

Бул  Нызамның  тийкарғы  мақсети  экономиканың  түрли  тараўларында 

киши  бизнес  ҳәм  жеке  исбилерменликтиң  ең  әҳмийетли  формасы 

есапланатуғын  шаңарақлық  исбилерменликти  раўажландырыў  ушын  зәрүр 

нызамлы 


тийкар 

жаратыў, 

шаңарақлық 

бизнес 


ушын 

ҳуқықый 


кепилликлерди  күшейтиў  ҳәм  жаңа  жумыс  орынларын  жаратыўдан  ибарат. 

Ал,  нызамның  тийкарғы  мазмуны  болса  -    шаңарақлы  кәрханалар  деп 

аталатуғын  хожалық  жумысларының  жаңа  шӛлкемлестириў-ҳуқықый 

формасын турмысымызға енгизиў ҳәм олардың жумыс тараўларын белгилеў; 

шаңарақлық қәрхана қатнасыўшыларын анық тәрийплеп бериў; шаңарақлық 

кәрханаларды 

дизимнен 

ӛткериў 


ҳәм 

оны 


бийкарлаўдың 

анық 


механизмлерин  белгилеў;  шаңарақлық  кәрхананың  инфрадүзилмеге 

жалғаныў,  байланысыў,  оннан  пайдаланыў  механизмин  әпиўайыластырыў; 




 

50 


шаңарақлық  кәрханалардың  бухгалтериялық  есап-китабы  ҳәм  оларға  салық 

салыў тәртибин әпиўайыластырып бериўден ибарат болып есапланады.  

Нызамда  белгиленген  нормаларға  итибар  берип  қарайтуғын  болсақ, 

онда шаңарақлық исбилерменлик субъектлери бир қатар жеңилликлер менен 

префенцияларға  ийе  болған  басқа  киши  бизнес  ҳәм  жеке  исбилерменлик 

субъектлери менен тең ҳуқықлы субъект сыпатында қаралғанын кӛремиз.  

Бул  Нызамның  және  де  әҳмийетли  тәреплеринен  бири  соннан  ибарат, 

онда  шаңарақлық  кәрхана  киши  бизнес  субъектлери  ушын  кӛзде  тутылған 

әпиўайыластырылған  тәртипте  мәмлекетлик  дизимнен  ӛткерилген  сәнеден 

баслап юридикалық тәреп статусына ийе болады. Усының менен биргеликте 

дизимнен  ӛткериўши  уйымлар  арза  бериўшиге  шаңарақлық  кәрхана 

сыпатында мәмлекетлик дизимнен ӛткериўде оны шӛлкемлестириў мақсетке 

муўапық  емес  деген  бәнелер  менен  қайтарыўға  яки  нызам  ҳүжжетлеринде 

кӛзде  тутылмаған  қосымшалар  талап  етиўге  ҳақылы  емеслиги  де  айрықша 

кӛрсетип ӛтилген.  

Быйылғы 


«Беккем 

шаңарақ 


жылы»нда 

усы 


«Шаңарақлық 

исбилерменлик  ҳаққында»ғы  ҳәм  басқа  да  ҳуқықый-норативлик  ҳүжжетлер 

тийкарында  Мәмлекетимизде  шаңарақлардың  абаданлығын  тәмийинлеў ҳәм 

олардың  дәрамат  дереклерин  арттырыў  ушын  коммерциялық  банклер 

тәрепинен 80 миллиард сумға шамалас, кәсип-ӛнер колледжлерин пикериўши 

жаслардың  бизнес  жойбарларын  қаржыландырыў  ушын  болса  47  миллиард 

сумға  шамалас  микрокредитлер  ажыратылғанлығын  атап ӛтиўимиз орынлы. 

Бул  банклер  тәрепинен  елимизде  ислеп  шығарылған,  узақ  мүддетли 

пайдаланатуғын  ӛнимлер,  турмыс  техникалары  ҳәм  басқа  да  үй-

руўзыгершилик  буйымларын  сатып  алыў  ушын  71  миллиард  сумнан  артық 

тутыныў  кредитлериниң  ажыратылғаны  келешегимиз  болған  жас 

шаңарақлардың турмыс пәраўанлығын тәмийинлеўде айрықша орын тутады.  

Усының  менен  биргеликте  аўыллық  жерлерде  турмыс  хызметин 

кӛрсетиў менен шуғылланатуғын жеке исбилерменлердиң  үш жыл мүддетке 

қатаң  түрде  белгиленген  дәрамат  салығынан  азат  етилгенлиги  улыўма 



 

51 


мәмлекетимиз  кӛлеминде  40  мыңға  шамалас  жаңа  жумыс  орынларын 

шӛлкемлестириўге мүмкиншилик жаратты.   

Ал,  усы  санларды  Қарақалпақстан  Республикасы  кӛлеминде  таллап 

кӛретуғын  болсақ,  ӛткен  дәўирде  республикамызда  быйылғы  жылдың 

Мәмлекетлик  Бағдарламасына  муўапық  мәмлекетимизди  социаллық-

экономикалық  раўажландырыў  бойынша  арнаўлы  ис-илажлар  ислеп 

шығылды.  

Онда  тийкарынан  8  бағдар  бойынша  жумыслар  шӛлкемлестирилип, 

оның орынланыўы бойынша 209 млрд 476,7 млн.сумлық қаржы ажыратылып

бул бойынша реже 116,5 пайызға орынланды. Атап айтқанда, соннан бюджет 

ҳәм  бюджеттен  тысқары  фондлар  есабынан  111  млрд  665,3  млн.сум, 

қәўендерлер  ҳәм  орынлаўшылардың  ӛз  қәрежетлери  есабынан  4  млрд  184,7 

млн.сум,  коммерциялық  банклердиң  кредитлери  есабынан  болса  63  млрд 

973,2 млн.сум қаржылар ажыратылды.  

Соның  ишинде  шаңарақлық  исбилерменликти  раўажландырыўға 

айрықша  итибар  қаратылып,  республикамызда  бүгинги  күнге  шекем  4 

мыңнан  аслам  шаңарақлық  исбилерменлик  субъектлери  мәмлекетлик 

дизимнен  ӛтип,  ӛзлериниң  алдына  қойған  мақсет  ҳәм  ўазыйпалары 

тийкарында  нәтийжели  жумыс  алып  барып  атырған  шаңарақлық 

исбилерменлик 

ҳәм 

ӛнерментшиликти 



раўажландырыў, 

олардың 


жумысларын  ҳәр  тәреплеме  қоллап-қуўатлаў  ҳәм  дәслепки  қаржы 

дереклерин  қәлиплестириў  мақсетинде  коммерциялық  банклер  тәрепинен  2 

млрд 277,1 млн.сум муғдарында микро кредитлер ажыратылды.  

Буннан 


тысқары 

исбилермен 

ҳаял-қызларды 

қоллап-қуўатлаў 

мақсетинде 17 млрд 255 млн.сум муғдарында кредитлер берилди.  

Усының  нәтийжесинде  4632  жаңа  жумыс  орынлары  жаратылды.    Бул 

кӛрсеткиш  ӛткен  жылға  салыстырғанда  550  жумыс  орнына  зыят  болмақта. 

Бул  бағдарда  турақлы  жумыс  пенен  бәнт  болған  пуқараларымыздың  басым 

кӛпшилигин  ҳаял-қызлар  менен  жаслар  қурайтуғынлығын  да  айрықша  атап 

ӛтиўимиз орынлы.  




 

52 


Исбилерменликтиң  усы  түрине  жасларымызды  кеңнен  тартыў 

мақсетинде  быйылғы  жылдың  ӛткен  дәўиринде  республикамыздың  барлық 

қала ҳәм районларындағы орта арнаўлы кәсип-ӛнер колледжлерин пикериў-

ши жасларымызға ӛз бизнеслерин жолға қойыў ушын 1 млрд 500 млн.сум, ал 

жас 

шаңарақлардың 



исбилерменлик 

жумысларын 

қаржыландырыў 

мақсетинде 4 млрд 64,7 млн.сумлық кредит қаржылары ажыратылды. 

Сондай-ақ жеке жәрдемши ҳәм дийхан хожалықларына ири шақлы қара 

маллар  сатып  алыў  ушын  ӛткен  дәўирде  2  млрд  681  млн.сумлық  ал 

теплицаларды шӛлкемлестириў мақсетинде 1 млрд 467 млн. сум муғдарында 

кредитлер ажыратылды. 

Киши  исбилерменлик  субъектлери  ушын  басланғыш  капиталды 

қәлиплестириў  мақсетинде  Германияның  Халықаралық  шериклик  бойынша 

Аманат кассалары қоры тәрепинен 26 мың Евро муғдарында микрокредитлер 

берилди.     

Ҳаял-қызлардың  социаллық  ҳәм  турмыслық  шараятларын  және  де 

жақсылаў,  социаллық  қоллап-қуўатлаў  бойынша  арнаўлы  Бағдарлама  ислеп 

шығылып  бул  бойынша  коммерциялық  банклер  тәрепинен  3  млрд  89  млн. 

сумлық тутыныў кредитлери ажыратылды. 

Ӛзбекстан  Республикасы  Министрлер  Кабинетиниң  2012-жыл  17-

апрельдеги «Шаңарақлардың социаллық-турмыслық шараятларын жақсылаў-

ға байланыслы қосымша ис-илажлары ҳаққында»ғы 111-санлы қарары қабыл 

етилген  еди.  Усы  қарар  тийкарында  ҳәзирги  күнде  республикамыздың 

Тӛрткүл,  Әмиўдәрья,  Елликқала  ҳәм  Хожели  районларында  кир  жуўыў 

кәрханаларын  шӛлкемлестириў  бойынша  мақсетли  жумыслар  алып 

барылмақта.  

Буннан  тысқары,  бүгинги  күнниң  ең  әҳмийетли  мәселелери  бири 

есапланған  жаслар  арасында  исбилерменликти  раўажландырыў,  кәсип-ӛнер 

коллежлери  ҳәм  академиялық  лицей  питкериўшилерин,  жоқары  оқыў 

орынларында  билим  алып  атырған  жаслар  ушын  «Жас  исбилермен  ел-журт 

таянышы», 

«Мениң 

бизнес 


режем» 

атамасында 

таңлаўлар 



 

53 


шӛлкемлестирилип, онда ӛзиниң бизнес жойбарлары менен жеңимпаз болған 

жасларға жеңиллетилген кредитлер ажыратылып келинбекте.   

Бүгинги  күнде  ӛзиниң  шаңарақлық  бизнесин  нәтийжели  алып  барып 

атырған  исбилерменлик  субъектлердиң  басым  кӛпшилиги  аўыллық  елатлы 

пунктлерде шӛлкемлестирилгенлигин инабатқа алсақ, буннан алыс аўыллық 

аймақлардың  турмыс  пәраўанлығын  арттырыў,  ол  жерлерде  жасап  ҳәм 

мийнет  етип  атырған  халыққа  да  мүнәсип  турмыслық  хызмет  кӛрсетиў 

ислериниң кең дәрежеде жолға қойылып атырғанлығын айтып ӛтиўимиз ҳәм 

ең  тийкарғысы  шетки  аймақларда  да  бәнтлик  мәселеси  ӛзиниң  унамлы 

шешимин  таўып  атырғанлығы  бул  бағдардағы  ис-илажлардың  әмелий 

нәтийжеси болып есапланады.

 

 



 

 

 



 

 

 



 

 

 



 

 

 



 

 

 



 

 

 



 

 

 




 

54 




Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   15   16   17   18   19   20   21   22   ...   30




©engime.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет