1.3. Базар экономикасы жағдайында исбилерменликтиң
зәрүрлиги ҳәм әҳмийети
Базар
экономикасы
субъектлериниң
хожалық
хызметинде
«исбилерменлик» ҳәм «бизнес» түсиниклери ӛз-ара жақын болып, әмелиятта
олар бир-бирин алмастырыўы мүмкин. Рус әдебий тили сӛзлигинде
«бизнесмен»- исбилермен, исшең дегенди аңлатса, «бизнес»- хызмет, пайда
келтириўши деп түсиниледи. «Исбилермен» ҳәм «бизнесмен» сыяқлы
түсиниклер менен ислеп шығарыў, саўда, финанслық ҳәм инновациялық
хызметлер менен шуғылланыўшы ҳәм белгили муғдарда дәрамат алыў
нийетиндеги инсан сүўретленеди.
Ўатанымыз ҳәм сырт ел алымлары базар экономикасы процессинде
исбилермен ҳәм бизнести экономикалық хызметтиң бир түри деп қарап, бул
түсиниклер жеке шахслар, кәрхана, шӛлкемлер тәрепинен дәрамат алыў
мақсетинде ӛзиниң ҳәм шәртнамадағы шериклериниң мәплерин кӛзлеп,
ислеп шығарыў, товар сатып алыў ҳәм сатыў ямаса басқа товарлар,
хызметлерге ямаса пулға алмастырыў сыяқлы еркин хожалық жүритиў
хызметин билдиреди, деп есаплайды.
«Исбилермен» ҳәм «бизнесмен» сыяқлы түсиниклер олардың
экономикалық хызмет тараўлары кӛрилип атырғанда мәнилес деп
есапланбайды. «Бизнес» түсиниги «исбилермен»нен бир қанша кем мәниске
ийе деп қаралады. Шығыс мәмлекетлердиң базар экономикасы ҳаққындағы
әдебиятларда бизнес-жәмийеттиң талап ҳәм қәлеўлерин қанаатландырыўға
қаратылған ислеп шығарыў системасы, деп түсиндириледи.
Исбилерменлик хызмети бизнестиң бир түри болып, оның түрли
тараўларында әмелге асырылады. «Исбилерменлик ҳаққында»ғы нызамға
тийкарланып исбилерменлик-пуқаралардың пайда ямаса жеке дәрамат
алыўға бағдарланған ғәрезсиз хызмети болып, ол пуқараның ӛз атынан,
ӛзиниң тәўекелшилиги менен ҳәмде ӛзиниң ямаса юридикалық шахстың
(кәрхананың) мүликий жуўапкершилиги тийкарында әмелге асырылады.
Солай етип, исбилермен толық ямаса бир бӛлек материаллық қаржыға ямаса
33
финанслық ресурсларға ийе болған қайратлы инсан болып, ол бул
ресурсларды ӛз бизнесин шӛлкемлестириў ушын иске салады. Ол тәрепинен
шӛлкемлестирилген фирма (шӛлкем, ширкет, кәрхана) мәмлекетимиздеги
раўажланып атырған киши бизнестиң бир бӛлимине айланады.
Исбилерменликтиң раўажланыўын тәмийинлеўши тийкарғы факторлар
тӛмендегилерден ибарат:
1.
Халық хожалығы тармақларының базар қатнасықларына ӛтиўи ҳәм
тутыныў базарының жаратылыўы. Бул мәп ҳәм талап кӛлемин кеңейтеди
ҳәмде ғалабалық талаптағы товар ҳәм хызметлерге болған мүтәжликти
жаратып қалмай, бәлким индивидуал талапқа ийе болған затларға
мүтәжликти де туўдырады. Бундай талап ҳәм мүтәжликлерди тез ҳәм
сыпатлы етип тек киши кәрханаларға ғана қанаатландыра алады.
2.
Исбилерменлердиң мүлики, ҳуқықы ҳәм экономикалық мәплериниң
қорғалыўына
ҳуқықый
ҳәм
мәмлекет
дүзилисиндеги
мекемелер
кепиллигиниң барлығы.
3.
Исбилерменликтиң мәмлекет тәрепинен салық, финанслық кредит
ҳәм амортизация сиясаты арқалы қоллап-қуўатланыўы.
4.
Мәмлекет ҳәм муниципал (жергиликли ӛз-ӛзин басқарыў)
кәрханаларын мәмлекет ийелигинен шығарыў, меншиклестириў ҳәм киши
фирмаларды шӛлкемлестириў.
5.
Кем дәрамат, пәс рентабелли ҳәм зыян кӛрип ислеп атырған
кәрханалардың банкротқа ушыраўының анықлығы ҳәм олар тийкарында
жеке киши кәрханалар шӛлкемлестириў.
6.
Мәмлекеттиң социаллық-сиясий жақтан турақлы жағдайы (бул сырт
ел капиталды тартыўда кӛмеклеседи).
7.
Жәмийеттиң исбилерменлик ҳаққындағы пикирлери.
8.
Исбилерменликтиң шӛлкемлестириўшилик-ҳуқықый түрин дурыс
таңлаў.
34
9.
Базар экономикасы инфраструктурасының (түрли инновацион
орайлар, банклер, иржалар, қамсызландырыў компаниялары, реклама
агентликлери ҳәм басқалар) тезлик пенен раўажланыўы.
Исбилерменлерди қозғатыўшы күши дәрамат алыў болып, бул дәрамат
оларға исбилерменлик фирмаларын шӛлкемлестириўге ҳәм ӛз бизнесин
кеңейтиўге, ҳәмде онда ислеўшилерди материаллық хошаметлеў ушын керек
болады. Лекин сырт ел тәжирийбелерине муўапық бул тийкарғы себеп
есапланбайды, бәлким исбилерменниң дәрамат алмастан, баслаған жумысын
даўам ете алмаўы ҳәм кәрхананың ӛзинен-ӛзи раўажлана алмаўы кӛзде
тутылыўы керек.
Ӛз бизнесин шӛлкемлестириўде инсан ӛзиниң жәмийеттеги
экономикалық, материаллық ҳәм социаллық жағдайын жақсылаў, ӛзиниң ҳәм
семьясының жасаў турмысын жақсылаў ушын интилиўи есапланады.
Исбилерменлик хызметине түртки болатуғын басқа себеплер қатарына
шахстың ӛзин кӛрсетиўге, халықтың финанслық ресурсларының бир
бӛлимин, қосымша мийнет ҳәм басқа ресурсларды хожалық процессине
тартыўға имканияттың барлығы, пуқаралардың нызамлы түрде ӛз
дәраматларын асырыўға, қосымша дәрамат келтириўши хызмет түри менен
шуғылланыўға мүмкиншиликтиң барлығы сыяқлы факторларды қосыў
мүмкин.
Исбилерменликтиң субъектлери физикалық ҳәм юридикалық шахслар
болыўы мүмкин.
Юридикалық шахс деп, ӛзине тийисли айрықша мүликке ийе болған, ӛз
атынан мүликий ҳәм мүликий емес ҳуқықларды ҳәм мәжбүриятларды ала
алатуғын, судда, арбитражда ҳәм ҳәкимлик судында даўагер ҳәм жуўапкер
бола алатуғын шӛлкемлерге айтылады.
Юридикалық шахслардық тӛмендеги белгилер болады: ӛз нызамының
барлығы, юридикалық шахс болып мәмлекет дизиминен ӛткенлиги
ҳаққындағы тийисли ҳәкимлик қарарының барлығы, ӛзине тийисли мал-
мүликтиң барлығы, банкте есап бетиниң болыўы, ӛз белгиси түсирилген
35
домалақ мӛри ҳәм мүйешли штампының, зәрүрли жағдайларда, тийисли
қағазлары ҳәм фирма белгилериниң барлығы.
Исбилерменлик хызметиниң тӛмендеги түрлери бар:
жеке исбилерменлик физикалық ямаса юридикалық шахслар
(кәрхана)
тәрепинен
әмелде
ӛзиниң
жеке
мүлики
тийкарында
шӛлкемлестириледи;
жәмәәт исбилерменлиги- пуқаралар топарының жәмленген мүлики
тийкарында шӛлкемлестириледи;
аралас исбилерменлик- бир (ямаса бир неше) юридикалық шахс
(кәрхана) бир неше физикалық шахслар мүликин бирлестириў тийкарында
шӛлкемлестириледи;
қоспа исбилерменлик- еки ямаса оннанда кӛп юридикалық шахслар
(соның ишинде сырт ел кәрханалары) мүликлерин бирлестириў жолы менен
шӛлкемлестириледи;
шәртнамалық исбилерменлик-мүлик ийеси болмаған кәрхана
баслығы (ямаса басқа жуўапкершиликли лаўазымдағы хызметкер-менеджер)
тәрепинен шәртнама тийкарында әмелге асырылады. Бунда мүлик ийеси
ямаса оның исенимли ўәкили (мекемеси) тәрепинен ислеп шығарыўды
уйымластырыў ҳәм басқарыў бойынша белгиленген ҳуқық мәжбүриятлар
ҳәм жуўапкершилик иске алынған тәрепке, яғный кәрхана баслығы ямаса
басқа жуўапкершиликли лаўазымдағы хызметкерге жүкленеди;
кәрхана баслығы исбилермен пуқараға сай тәртипте дизимге
алынады ҳәм усы сыяқлы жуўапкершиликке ийе болады.
Мине биз қарап ӛткенимиздей, исбилерменликти раўажландырыў базар
экономикасы жағдайында жүдә зәрүрли ҳәм әҳмийетли.
Исбилерменлик ғәрезсиз дослық аўқамы мәмлекетлери регионында
ӛзиниң XIX әсирде басланған раўажланыў тарийхына ийе. Бу дәўирде
дәслепки исбилерменлик түриндеги саўда үйлери ҳәм санаат объектлери
пайда болды. Егер банкротлықтан дәслепки дәўир хожалық әмелиятына
нәзер салсақ, онда ХХ әсир басларында кең кӛлемде раўаж тапқан
36
исбилерменликтиң бир түри болған ширкетлер ҳәрекети айрықша
қызығыўшылықты туўдырады. Ол әсиримиз басында түрли хызмет
тараўларын қамрап алып, кең кӛлемде раўажланды.
Мәселен, 1925-жылда бурынғы совет дәўири санаатында 1 888 410
түрли майда, жеке ӛнерментшилик кәрханалары хызмет кӛрсеткен. Бул
кәрханалар есабына 19% и санаат ислеп шығарыўға туўры келген болып,
оннан 32% ти - санаат тутыныў маллары есапланады. Улыўма товар
айланысының 25% и ҳәм усақлап сатыўдың 50%нен артығы жеке саўдағы
туўры келген. Онда жеке сектордың 60% ке жақын финанслық ресурслары
жәмленген еди.
Экономиканың кӛп укладлылығы бәсекиниң раўажланыўына алып
келди ҳәм тутыныў баҳаларына жақсы тәсир кӛрсетти. Жаңа экономикалық
сиясат жетиспеўшиликти жоқ етти ҳәм экономиканы саламатластырыўға
үлкен тәсир етти.
Оннан кейинги жылларда исбилерменлик раўажланыўы тоқтап қалды.
Дослық аўқам мәмлекетлеринде ол 80 жыллар ақырларында қайта жанлана
баслады. 1986-жылда бурынғы совет дәўири Жоқарғы кеңесиниң «Екилемши
шийки зат ҳәм санаат шығындыларына ислеў бериў бойынша ширкетлер
шӛлкемлестириў» ҳаққында қарар шықты. Соң совет дәўири Жоқарғы кеңеси
қарары менен 1987-жылда «Индивидуал мийнет хызмети ҳаққында», 1988-
жылда «Ширкетлер ҳаққында», 1990-жылда «Кәрханалар ҳаққында» ҳәм
«Исбилерменлик хызмети ҳаққында» нызамлар қабыл етилди. бурынғы совет
дәўири тарқалғаннан соң, ғәрезсизликти қолға кириткен кӛплеген
мәмлекетлер бул тараўда ӛз нызамларын қабыл етти. Соның ишинде,
Ӛзбекстан Республикасында исбилерменлик хызметин қорғаўшы нызамлар
санына «Кәрханалар ҳаққында», «Исбилерменлик хызмети ҳаққында»,
«Қымбат баҳалы қағазлар ҳәм фонд биржалары ҳаққында», «Мүликти
мәмлекет ийелигинен шығарыў ҳәм меншиклестириў» ҳаққындағы
нызамлары қосылды.
37
Базар экономикасына тийкарланған раўажланған мәмлекетлерге 60-
жыллар ақыры 70-жыллар басында киши бизнестиң гүлленген дәўири туўры
келди ҳәм ол ҳәзирде ӛз орнын беккемлеп келмекте. Фирмалардың улыўма
саныда майда ҳәм орта кәрханалар салмағы ГФР да 95%, Японияда 99,7% ке
туўры келеди, бул тараўда жалланған хызметкерлердиң 45-47% и бәнт,
себеби раўажланған мәмлекетлерде исбилерменлик хожалық жүритиўдиң
айрықша жедел ҳәм антибюрократик усылы есапланады. Оның тийкарында
барлық ўақытта жаңа имканиятларды излеў, қойылған мәселени шешиў
ушын ҳәр қыйлы ресурслар дереклерин табыў, тартыў ҳәм ислетиўге болады.
«Исбилерменлик
ҳаққында»ғы
нызамда
киши
бизнес
ҳәм
исбилерменлик системалары ушын, олардың шӛлкемлестириўшилик-
ҳақықый түрлеринен қарамай, улыўма болған ҳуқық ҳәм мәжбүриятларды
ажыратып кӛрсетиў мүмкин. Бул нызамға тийкарынан ҳәр қандай
исбилерменлик субъекти тӛмендеги ҳуқықларға ийе:
мәмлекет нызамлары, Жоқарғы Кеңес қарарлары ҳәм мәмлекет
басқарыў органлары ҳүжжетлери менен рухсат етилген ҳәр қандай хожалық
хызмети менен шуғылланыў;
нызамға қарсы болмаған ҳәр қандай кәрхана ямаса шӛлкемди ашыў;
исбилерменлик хызметин алып барыў ушын шәртнама тийкарында
бегана пуқараларды, кәрхана, шӛлкемлердиң, соның ишинде, сырт ел
юридикалық ҳәм физикалық шахслардың мүликин, пул ресурсларын ҳәм
базы бир мүликке ийе болған ҳуқықларын жалп етиў;
нызамлы жол менен қолға киритилген мүлик пенен бегана хожалық
субъектлериниң хызметинде қатнасыў;
республикадағы нызамлар ҳәм дүзилген шәртнамалар тийкарында
ӛзиниң хожалық дәстүрин ғәрезсиз түрлендириў, ӛз ӛними ушын тутыныўшы
ҳәм тәмийнатшыны ғәрезсиз таңлаў, кӛрсететуғын хызметине тариф ҳәм
ӛнимлерине баҳаны ғәрезсиз белгилеў;
хызметкерлерди әмелдеги нызам ҳәм мийнет шәртнамасы
тийкарында жумысқа алыў ҳәм жумыстан босатыў;
38
жалланған шахслар ушын мийнетине ҳақы тӛлеў ҳәм басқа дәрамат
түрлерин, дүзилисин ҳәм муғдарын белгилеў;
ӛзиниң пул қаржыларын сақлаў ҳәм барлық түрдеги есап-санақ,
кредит операцияларын орынлаў ушын банклерде есап бетлерин ашыў;
исбилерменлик хызметинен келген дәраматтың салықлар ҳәм басқа
мәжбүрий тӛлемлер тӛленгенинен қалған бӛлимин ӛз қәлеўи бойынша
ислетиў;
шекленбеген муғдарда ҳәр қандай жеке дәрамат алыў;
мәмлекет тәмийнаты ҳәм социаллық қамсызландырыў системасынан
пайдаланыў;
судда, арбитражда ҳәм ҳәкимлик судда даўагер ҳәм жуўапкер
болыў;
сырт ел валютасын сатып алыў ҳәм нызамлар тийкарында сыртқы
экономикалық хызметти әмелге асырыў.
Исбилерменлердиң ҳуқық ҳәм мәжбүриятлары, олардың жәмийет ҳәм
республика алдындағы ҳәмде жалланған ислеўшилер ҳәм хожалықтағы
шериклер алдындағы ҳуқық ҳәм мәжбүриятларына байланыслы.
Нызам
ҳүжжетлеринде
кӛрсетилиўинше
мәмлекет
тәрепинен
исбилерменлерге тӛмендегилер кепилленеди:
пуқаралардың ҳәм юридикалық шахслардың исбилерменлик хызмети
менен шуғылланыў, кәрхана ашыў ҳәм буның ушын зәрүрли мүлик сатып
алыў ҳуқықлары;
әмелдеги нызамшылық ҳәм шәртнамалар тийкарында барлық
исбилерменлердиң ҳуқық ҳәм нызамлық мәплерин қорғаў;
исбилерменлик хызметиниң илимий техникалық ҳәм ҳуқықый жақтан
қоллап-қуўатланыўы;
исбилерменлик қәўип-қәтери ҳәм тәўекелшиликти қамсызландырыў;
исбилерменлер менен шәртнама дүзилгеннен соң олар хызметине
шәртнамада кӛрсетилген жағдайлардан тысқары, мүлик ийесиниң ҳәм ҳәр
қандай үшинши шахстың араласыўы қадаған етиледи.
39
Исбилерменлик хызмети нәтийжелилигин асырыў ҳәм оны кең
тарқатыў нийетинде мәмлекет информация мәсләҳәти, илимий изертлеў
орайлары, инновацион фондлар ҳәм басқа шӛлкемлер дүзип, экономиканың
бул тараўының раўажланыўына жәрдем береди. Ӛзбекстан Республикасында
бундай хызметти Бизнес фонд орынламақта. Республикада Бизнес фонд
жумыс кӛлемин кеңейтиў мақсетинде барлық ўәлаятлар, район ҳм қалаларда
оның регионлық бӛлимлери ашылды. Олар исбилерменликти тек ири
қалаларда емес, бәлким пүткил республика бойынша раўажландырыў
имканын береди.
Киши бизнести қоллап-қуўатлаў түрлеринен бири исбилерменликти
қоллап-қуўатлаў орайларын шӛлкемлестириў болып табылады. Буннан
мақсет исбилерменлерге ӛз қаржысынан жеңилликли кредитлер бериў,
банклер арқалы кредит пенен тәмийинлеўде кепиллик бериў, қәнигелерди
таярлаў, мәсләҳәт хызметин кӛрсетиў ҳәм оларға материаллық техника
қураллары ҳәм имаратлар алыўда кӛмеклесиў болып табылады.
Исбилерменликтиң жуўапкершилик шегарасы әмелдеги нызамшылық,
арнаўлы ҳүжжетлери ямаса мүлик ийеси менен дүзилген шәртнама менен
белгиленеди. Ӛз хызметин шәртнама тийкарында алып барыўшы
исбилерменниң мүликлик жуўапкершилиги шәртнама менен белгилениўи
зәрүр. Ол гиреўдеги ақшалай қаржыларын айланысқа киритиў ямаса бул
мақсетте ӛз жеке мүликин ортаға қойыў менен әмелге асырылады.
Исбилермен ӛз хызметин юридикалық шахс шӛлкемлестирместен
әмелге асырып атырған болса, бундай жағдайда ол ӛзине жеке тийисли
болған мүлики менен жуўап береди. Кредиторлар қарызы менен тӛленетуғын
мүликлер дизимине пуқаралық процессуал кодекси менен белгиленеди.
Ӛз хызметин жеке мүлик тийкарында алып барып атырған исбилермен
қайтыс болса, онда оның ҳуқық ҳәм миннетлемелери оның мийрасхорына
ӛтеди. Юридикалық шахс шӛлкемлестирилиўи менен алып барылған
исбилерменлик хызмети әмелдеги нызамшылық ҳүжжетлери, соның ишинде
кәрханалар ҳаққындағы нызам тийкарында тоқтатылады.
40
Мәмлекетимизде 2012-жыл даўамында «Беккем шаңарақ жылы»
Мәмлекетлик бағдарлама тийкарында шаңарақлық исбилерменликти әмелге
асырыў ҳәм бул бағдарда жумыслар алып барып атырған субъектлерди
қоллап-қуўатлаў бойынша салмақлы жумыслар жүргизилди. Елимизде киши
бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлерин және де қоллап-қуўатлаў,
оларға салық жеңилликлерин бериў мақсетинде, кейинги бес жыл даўамында
бирден бир салык тӛлеми ставкасы 2005-жылдағы 13% тен 2011-жылда 6%
кемейтирилди, 2012-жылда ӛндирис тараўында жумыс алып барып атырған
киши бизнес субъектлерине 5% муғдарында белгиленди.
Кейинги
ўақытта
Ӛзбекстан
Республикасында
тийкарынан
жәмийетимиздиң ең тӛменги буўыны, тиреги болып келген шанарақ
институтын еледе жетилистириўге байланыслы болған машқалаларға
айрықша итибар берилмекте.
Мине усы мақсетте жас шаңарақларды социаллық қоллап-қуўатлаўға
байланыслы қосымша ис-илажлар ҳаққындағы ҳүкимет қарары қабылланды.
Усының тийкарында жас шаңарақларға 2012-2013-жылларда ҳәр бири 48
квартираға ийе болған 100 кӛп қабатлы үй қурыў әмелге асырылди.
2012-жылдың ӛзинде Ӛзбекстан Республикасы кӛлеминде 2 мың 400
квартира пайдаланыўға тапсырылған болса, 2013-жылда және сонша
квартира қурылыўы нәзерде тутылған. Мине сондай үйлерди сатып алыўға
қолайлы имканият жаратыў ушын мыңлаған жас шаңарақларға 15-жыл
мүддетке мӛлшерленген 210 миллиард сумға жақын жеңиллетилген ипотека
кредитлери берилди.
Шаңарақ тийкарынан микроэкономикалық системаның негизи болып
есапланады. Шаңарақлық исбилерменлик ӛз хызмет түрине қарай ҳәр қыйлы
қатнасларда кӛзге тасланады. Оларға майда товарлар ӛндириси, ҳәр қыйлы
ӛнерментшилик, усташылық, саўда–сатық, хызмет кӛрсетиў салаларын
кӛрсетиў мүмкин. Шаңарақлық исбилерменликниң ҳәзирги күндеги
әҳмийети үлкен болып, оларды тӛмендегидей мысалларда келтириўимиз
мүмкин:
41
- биринши нәўбетте олар халық ушын ең зәрүр болған ӛним ямаса
хызметлерди жаратады;
- екиншиден, шаңарақлардағы жумысшы күшин мийнет пенен бәнт
етип шаңарақты дәрамат пенен тәмийинлеў имкәниятын жаратады.
Соның менен бир қатарда шаңарақлық исбилерменликниң тӛмендеги
кӛп ғана абзаллықларын келтирип ӛтиўимизге болады:
1. Шаңарақлық исбилерменлик киши кӛлемде болғанлықтан кӛп
капитал кетпейди, оны баслаў ушын пул табыў жеңил болады.
2. Шаңарақлық исбилерменлик шаңарақтағы кӛшпес мүлкке таянады.
Капитал қурылыс ямаса жайды ижараға алыў талап етилмейди.
3. Шаңарақлық исбилерменлик кӛбирек қол мийнетин талап еткенлиги
себепли ӛним ҳәм хызметлер арзан ӛндириске ийкемлеседи.
Ҳәр қандай шаңарақ киши бизнести басламастан алдын бизнес реже
дүзип алады. Бизнес реже кәрхана хызметин жақсы алып барыўда үлкен роль
ойнайды. Бизнес режениң дүзлиси ҳәм мазмуны шегараланбаған. Бизнес
режеде мақсет ҳәм ўазыйпаларын белгилеп алыў орайлық орында турады.
Бизнес режени дүзиўде ўақыт факторын барлық ўақытта есапқа алыў керек.
Басқаша айтқанда, келетуғын пайда ўақытқа қарата қандай бӛлистириледи
ҳәм инфляцияға қарата оның ӛнимдарлығын есап китап етип шығыў шәрт.
Соның менен бирге бизнес режеде барлық қәрежетлер күтилетуғын
нәтийжелер ҳәм қанша жылға дүзилгенлигин кӛрсетеди. Бизнес реже арқалы
исбилерменлер коммерциялық банклерден кридитлер алыў имканиятына ийе
болып табылады.
Жуўмақлап айтқанда шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў,
xызметлер тараўын кеңейтириў, xалықтың жумыс пенен бәнтлигин
тәмийинлеў шара-илажларын ислеп шығыўды жетилистириў үй xызметиниң
кең жол ашыўы ушын ең актуал мәселе болып табылады ҳәм xалықтың
бәнтлигин ҳәм турмыс абаданлығын арттырыўға xызмет етеди.
|