Колледжлерде қарақалпақ әдебияты бойынша муғаллим тәрепинен сабақтан тыс жумысларды шөлкемлестириўде ҳәм түрлеринен қолланғанда оның қаншелли дәрежеде нәтийжелилиги, педагогикалық



бет2/2
Дата12.10.2022
өлшемі46 Kb.
#152689
түріСабақ
1   2
Байланысты:
газетага макала-А.Тобаназаров

Тренингдиң мақсети:-Окыўларды бир жәмәәт болып ислесиўге үйретиў; бир-бири менен жақыннан таныстырыў;
-Дослық мүнәсийбетти ҳәм дөретиўшилик орталықты жүзеге келтириў;
-Оқыўшылар ортасындағы руўҳый тосықларды жеңиўге үйретиў;
Тренингден күтилетуғын нәтийже:Бул тренингоқытыўшы ҳәм оқыўшылар жәмәәтин,оның тәбияты,дөретиўшилик имканиятлар,қәбилетлери,иске мүнәсийбетлери,сондай-ақ,педагогикалық процессте ким менен қандай ислеўин,неге итибар қаратыўын,кимге неде жәрдем бериўин,кимди қоллап-қуўатлаўын ҳәм тағы басқалардвыбилиўге имкан жаратады.
Шынығыўды өткериў тәртиби:Шынығыў басланыўдан алдын оқытыўшы илтимасына гөре оқыўшылар хананың кириў жеринде арнаўлы столға таярлап қойылған санлар жазылған кагазлардан биреўин таңлап алады (санлы қағазлар оқыўшылар саны бойынша таярланады) ҳәм шеңбер формасында қойылған стулларға барып жайласады.
Оқыўшы өз орынларын ийелеп алғаннан кейин оқытыўшы олар менен дүзилетуғын гүрриңниң темасын келисип алады яки оқытыўшының өзи қандайда бир тема усыныс етеди (гүрриң темасы оқыўшының жасы, қызығыўшылықларын есапқа ҳалда басынан кеширгенлер, турмыслық яки жаслар өмири, әдеп-икрамлылық ҳаққында болыўы мумкин)
Шынығыў оқыўшылардан биреўи қандайда бир тема яки таңлаған тема тийкарында гүрриңнен баслаўы мүмкин (онша актив болмаған топарларда тема бойынша гүрриңди оқытыўшының өзи баслап береди.) Гүрриңди баслаған оқыўшы оның ең кызықлы жеринде айтыўдан тоқтап, «Гүрриңниң даўамы …….санлы оқыўшыда» дейди. Саны көрсетилген оқыўшы гүрриңди (ўақыяны) тоқтаған жеринен (темадан шықпаған ҳалда) баслап даўам етип кете береди. Бул оқыўшы да әўелги оқыўшы сыяқлы гүрриң ең қызықлы жеринде токтап, «Гүрриңниң даўамы …….санлы оқыўшыда» дейди.Мас сан көрсетилген оқыўшы гүрриңди (ўақыяны) тоқтаған жеринен даўамлайды. Гүрриңди айтыў, оны даўам еттириў оқыўшының ҳәр бир қатнаспағанша сол тәризде даўам етиледи. Оқытыўшы окыўшылардың айтып атырган гүрриңлери бир-бирине логикалық жактан байланысқан ҳәм мазмунга ийе болыўын баклап отырады ҳәм темадан, мазмуннан шетлесип шығып баратырған болса, бул жағдайды туўрылап барады.
Гүрриң дүзилгеннен сон оқытыўшы бәршеге миннетдаршылық билдиреди ҳәм керекли усынысларын билдиреди.
Сондай-ақ оқыўшылар жәмәәтин бир пүтин топар формасында қәлиплестириўде оқыўшылар ортасындағы мүнәсийетиниң унамлы болыўына жәрдем бериўши бул сыяқлы тренинглер жудә коп,оларды өткериў тәртиплери ҳәм түрлише.Мәселен, жәмәәт болып ертек тоқыў (шеңбер формасында орналасқан оқыўшылардан бири ертекти баслап береди,жанында отырған оны даўам етеди. Тийкарғы шәрти ҳәр бир оқыўшы ертекти даўам еттириўде тек бир пикир (гәп) қолланылады, сол тәризде оқыўшылар избе-излиги биреўден гәп айткан ҳалда ертек тоқыйды.
Ертек мазмунлық жақтан тамамланбағанша даўам еттириледи.Ортада үзилислерди муғаллим бақлап, дүзетип барады.Мәселен,бир оқыўшы: «Бир бар екен ,бир жок екен»десе, екинщи оқыўшы «Аш екенде, тоқ екен » дейди, ал үшинши оқыўшы «Қәдимги өткен заманда Шындаўлы деген шәҳәрде бир бай жасаған екен » деп жалғастырады, төртинши оқыўшы……ҳ.б.
Мектеплерде қарақалпақ әдебияты пәни бойынша бул тренингден сабақтан тыс жумылардың бири сыпатында 5-6-класс оқыўшыларына қарақалпақ әдебиятын оқытыў дәўириниң дәслепки күнлеринде шөлкемлестирсе максетке муўапық болар еди ҳәм мектеп оқыўшылардың көркем сөз өнерине қызығыўшылығы оянып, көркем әдебияттын реңбе-рең әлемине алып кириўге мүмкиншилик жаралады деген пикирдемиз
Жуўмақлап айтқанда, мектеплерде қарақалпақ әдебиятын оқытыўда муғаллим тәрепинен биз атап келтирген дәстүрий емес усылларда сабақтан тыс жумысларды шөлкемлестириўи ҳәм оны өткериўи көзде тутылған педагогикалық искерликтиң нәтийжелерди берип, мектеп оқыўшыларын ақлый-интеллектуал жақтан раўажландырып қоймастан, олардың руўҳый тәрептен кәмилликке ерисиўинде де үлкен тәрбиялық характерге ийе.
Хожели районы ХББ-не қараслы
№15 санлы қәнигелестирилген мәмлекетлик
улыўма орта билим бериўши мектептиң
қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими: Азамат Тобаназаров

Достарыңызбен бөлісу:
1   2




©engime.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет