Научно-методический журнал Серия: Естественно-технические науки. Социальные и экономические науки. Филологические науки



Pdf көрінісі
бет109/231
Дата30.07.2023
өлшемі4,81 Mb.
#179664
1   ...   105   106   107   108   109   110   111   112   ...   231
Байланысты:
2-сан 2023 (1-серия)

қ
өнимлери 12,
 
қурылыс жумыслары 4,7, 
киритилип атырған инвестиция көлеми 5,6 есеге ости 
[7:2]. 
2017-2021-жылларда 
Өзбекстан 
Республикасын 
раўажландырыўдың Ҳəрекетлер стратегиясы бойынша 
мəмлекетимизде алып барылған халықшыл сиясат, 


Ilim h
á
m jámiyet. №2.2023
62
экономиканы 
либералластырыў 
ҳəм 
социаллық 
қорғаўға берилген айрықша итибар нəтийжесинде 
Өзбекстан, сонын менен катар Қарақалпақстан 
экономикасының барлық тараўлары раўажланыўдың 
жаңа 
басқышына 
көтерилди. 
Бундай 
унамлы 
нəтийжелер 
негизинде 
Өзбекстан 
Республикасы 
Президенти Шавкат Мирзиѐев тəрепинен қабыл 
етилген анық мақсет ҳəм ўазыйпаларды өзинде 
жəмлеген Пəрман ҳəм қарарлар үлкен əҳмийетке ийе 
болды. Бул ҳүжжетлер халқымыздың абат турмысын 
тəмийинлеў жəне оларға қолайлы шараят жаратыў, 
экономикамызды беккемлеў, халықтың дəраматларын 
арттырыў, исбилерменликти раўажландырыў, халық 
хожалығы 
тараўларды 
буннан 
былай 
да 
жетилистириўге əҳмийетли тийкар болды. 
Сондай-ак, елимиздиң жаңа раўажланыў басқы-
шында ең дəслеп, аймақларды, район ҳəм қалаларды 
комплекс 
ҳəм 
теңсалмақлылықта 
социаллық-
экономикалық жақтан раўажландырыў мақсетинде 
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 18-
январьдағы «2017-2021-жылларда Аралбойы регионын 
раўажландырыў бағдарламасы ҳаққында»ғы қарарына 
муўапық, халықтың саламатлығын тиклеў ҳəм қорғаў, 
экологиялық машқалаларды кемейтиў, инженерлик-
коммуникациялық тармақларды қурыў жумыслар 
əмелге асырылды, соның менен бирге Мойнақ, 
Шоманай, 
Қанлыкөл, 
Тахтакөпир, 
Шымбай 
районларында 
санаат 
тараўларында 
жаңадан 
шөлкемлестирилген микрофирмалар менен киши 
кəрханалар салық төлемлеринен азат етилди. Ал, усы 
жыл 28-февральдағы «Қарақалпақстан Республикасы 
Мойнақ районын 2017-2018-жылларда экономикалық 
раўажландырыў ҳəм халықтың бəнтлигин тəмийинлеў 
бойынша 
қосымша 
илажлар 
бағдарламасы 
ҳаққында»ғы 
қарары 
усы 
районның 
социал-
экономикалық раўажланыўына тийкар жаратты [8:1]. 
Сондай-ак, Президентимиздиң арнаўлы қарары 
тийкарында санаат потенциалын жəне де арттырыў 
мақсетинде Шымбай, Қоңырат, Тақыятас, Хожели, 
Әмиўдəрья, Беруний районларында санаат зоналары 
шөлкемлестирилди [9:2]. 
Соны 
да 
айрықша 
атап 
өтиўимиз 
керек, 
Қарақалпақстанды ҳəр тəреплеме раўажландырыў 
ушын 
Президентимиздиң 
тəрепинен 
2020-жылы 
əҳмийетли еки қарар қабыл етилди. Бириншиси, 11-
ноябрьдеги 
«2020-2023-жыллары 
Қарақалпақстан 
Республикасын 
социаллық-экономикалық 
раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары менен 
халықтың турмысын жақсылаў жəне барлық қала ҳəм 
районларды, тараўларды жедел раўажландырыўға 
хызмет ететуғын бағдарлама белгилеп алынды. 
Екиншиси, 2020-жыл 5-декабрьдеги «Қарақалпақстан 
Республикасында суў ресурсларынан нəтийжели 
пайдаланыў ҳəм жерлердиң мелиоративлик жағдайын 
жақсылаў бойынша кешиктирип болмайтуғын илажлар 
ҳаққында»ғы қарар болып, оны Аралбойында жасаўшы 
пүткил халқымыз тəғдирине байланыслы болған 
халықтың турмыс абаданлығын жақсылаўға тийкар 
жарататуғын əҳмийетли ҳүжжет болды [10:2]. 
Соның 
менен 
бирге,
елимиздиң 
басшысы 
Қарақалпақстанды буннан былай да раўажландырыўда 
бес тийкарғы ўазыйпаны белгилеп берди. Атап 
айтқанда, инвестицияларды кеңнен тартқан ҳалда 
санаатты жедел раўажландырыў, импорт орнын 
басатуғын өнимлер ислеп шығаратуғын кəрханаларды 
көбейтиў, киши бизнес жəне жеке исбилерменликти 
қоллап-қуўатлаў, сол арқалы халықтың бəнтлигин 
тəмийинлеў, 
аўыл 
хожалығына 
заманагөй 
технологияларды кеңнен енгизиў ҳəм өнимлерди қайта 
ислеп шығарыўды көбейтиў илажлары белгиленди.
Буннан 
тысқары, 
заманагөй 
инженерлик-
коммуникация, 
жол-транспорты, 
социаллық 
инфраструктураны жаратыў, усы арқалы халыққа, 
соның менен бирге исбилерменлик субъектлерине 
қолайлы шараят жаратыў, Аралбойы халқының жасаў 
шараятларын 
жақсылаў 
бойынша 
ўазыйпалар 
белгиленди. Усылар менен бир қатарда, кем 
тəмийинленген, 
жəрдемге 
мүтəж 
шаңарақларды 
қоллап-қуўатлаў мақсетинде «Темир дəптер», «Ҳаял-
қызлар дəптери», «Жаслар дəптери» жолға қойылды. 
Усы жоқарыдағы бағдарламалардың табыслы 
əмелге асырылыўы нəтийжесинде Қарақалпақстан 
Республикасы экономикасының жəне де беккемлениўи, 
исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, халықтың турмыс 
абаданлығын арттырыў ҳəм инсанларды социаллық 
қорғаў сыяқлы ийгиликли ислери, санаат, экономика, 
қурылыс, транспорт ҳəм басқа да тараўларда жоқары 
нəтийжелериге еристи. Улыўма алғанда,


Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   105   106   107   108   109   110   111   112   ...   231




©engime.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет