Научно-методический журнал Серия: Естественно-технические науки. Социальные и экономические науки. Филологические науки



Pdf көрінісі
бет110/231
Дата30.07.2023
өлшемі4,81 Mb.
#179664
1   ...   106   107   108   109   110   111   112   113   ...   231
Байланысты:
2-сан 2023 (1-серия)

 
2017-2021-
жыллар даўамында
 
Қарақалпақстан Республикасының
жалпы аймақлық өними 32% өсиў тəмийинленди. Бунда 
санаат ислеп шығарыў 30%, аўыл хожалығы өнимлерин 
ислеп шығарыў 20%, искерлик көрсетип атырған 
кəрханалар саны 59% өсти. Соның менен бирге, 2.278 
км суў трубалары тартылды ҳəм оңланды, 4.390 мың 
квадрат метр үй-жай пайдаланыўға тапсырылды, 
мектепке шекемги оқыў орынларында 15,2 мың, 
мектеплерде 38,3 мың орын жаратылды, 127 мыңға 
жақын жаңа жумыс орны жаратылды [11:21]. Бул 
Қарақалпақстанда экономиканың барлық тараўларында 
макроэкономикалық көрсеткишлердиң турақлылығы
 
даўам етип атырғанын көрсетеди ҳəм путкил елимиз 
қатарында Қарақалпақстанның экономикасы да жоқары 
п
ә
тлер менен раўажланып атырғанынын н
ә
тийжеси 
болып табылады.
 
Экономикамыздың 
тийкары 
болған 
исбилерменликти жəне де раўажландырыў – бул 
мəмлекетлик 
сиясаттың 
баслы 
бағдарларынан 
саналады. 
2000-жылы 
басланған 
экономикалық 
реформалардың кейинги басқышында Қарақалпақстан 
Республикасында экономиканың барлық салаларында 
мүлкшиликтиң жаңа түрлери раўажланыўы даўам 
етилди. Бул басқышта жеке исбилерменликти, əсиресе, 
киши ҳəм орта бизнес кəрханаларын кең көлемде 
раўажландырыў ушын шараятлар жаратыў ҳəм оны 
кепилликлеўге қаратылған бир қатар ҳуқықый-
нормативлик 
ҳүжжетлер 
қабылланды. 
Онда 
исбилерменлик 
хызмети 
субьектлерин 
мəмлекет 
дизиминен өткериў механизми əпиўайыластырылды, 
пуқаралардың исбилерменлик хызметинде еркин 
қатнасыўы ҳəм мəпдарлығы ушын кепилликлер ҳəм де 
шараятлар жаратылды, исбилерменлердиң жеңиллетил-
ген кредит алыў ушын ҳуқықлары беккемленди.
Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес 
тийкарғы 
бағдары 
бойынша 
Ҳəрекетлер 
стратегиясының қабыл етилип, онда мəмлекетимизде 
исбилерменликти раўажландырыў ҳəм қоллап-қуўатлаў 
ең баслы мақсетлердиң бири етип белгиленди. 2017-
2021-жыллар даўамында киши бизнес ҳəм жеке 
исбилерменликти қоллап-қуўатлаў мақсетинде амелге 
асырылган жумыслар – салық ҳəм басқа да төлемлерде 
жеңилликлер бериў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, 
исбилерменлердиң 
машқалаларын 
шешиўде 
мəмлекетлик 
хызметлер 
агентлиги 
орайлары 
шөлкемлестирилиў, Бизнес-Омбудсман бөлимлериниң 
жумыс баслағаны, Өзбекстан Республикасы Бас 
министриниң Исбилерменлердиң мүрəжатларын көрип 
шығыў қабыллаўханаларының ашылғанлығы айрықша 
əҳмийетке ийе болды.
Қарақалпақстанда бул жыллары исбилерменликти 
жəне 
де 
жедел 
раўажландырыўға 
итибар 
күшейтирилип, 
республикада 
исбилерменликти 
раўажландырыў, инвестицияларды тартыў ҳəм бизнес 
жүргизиў 
ушын 
қолайлы 
орталық 
жаратыў, 
исбилерменлердиң нызамлы мəплерин қорғаўдың 




Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   106   107   108   109   110   111   112   113   ...   231




©engime.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет