Научно-методический журнал Серия: Естественно-технические науки. Социальные и экономические науки. Филологические науки



Pdf көрінісі
бет95/231
Дата30.07.2023
өлшемі4,81 Mb.
#179664
1   ...   91   92   93   94   95   96   97   98   ...   231
Байланысты:
2-сан 2023 (1-серия)

Ilim h
á
m jámiyet. №2.2023
55
«Қарақалпақ диалектологиясы» атлы мийнетте: «айқал» 
- биреўдиң естелигине арнап қойылған монумент
мүсин», - деп түсиник берилген [2:104]. Ески түрки ти-
линде «айқал» уғымы орнына «балбал» сөзи қолла-
нылған. Ислам дининиң күшейиўи менен Орта Азия 
далаларында сақланған адам көринисиндеги бундай 
естеликлер бузып тасланған. 
«Балбал»дың өзи болса ески түркий сөз болып, 
«бал-бал», яғный, «соққы бериў», «қағыў», «урыў» 
сыяқлы мəнилерди аңлатады. Балбалдың этномəдений 
мəниси ески түркий дəўирде, яғный VI-IX əсирлерде 
айрықша мазмунға ийе болды. Ол пайытларда ески 
түркийлердиң үрп-əдет, дəстүрлерине көре, балбаллар 
ҳақан, тегин, тархан, чор, тудун, бий, бек сыяқлы ел 
басшыларының, батырлардың, ақсүйек адамлардың 
ҳүрметине арнап исленген. Усы балбаллар арқалы аза 
тутылған, шейит болған марҳумның руўҳы ҳүрметине 
ас берилген яки руўҳына бағышлап жоқлаў айтылған. 
Марҳумның руўҳын шад етиўге, яғный ас мəресимине 
қатнасқанлар өзлери жасап атырған мəканынан балбал 
таслар алып келип, дəстүр бойынша марҳумның 
жерленген жерине белгили аралық сақлап қадап 
орнатқан. Естелик комплексин жаратыўға қатнасқанлар 
өзлериниң қəўими, урыў-тайпасы тамғаларын яки ески 
түркий битик жазыўы менен атларын, лаўазым, 
атақларын жазған. Бул ески түркий қəўимлердиң өзине 
тəн жоқлаў мəресиминен дəрек береди [3]. 
Орайлық Азияда ислам дининиң кең тарқалыўы 
менен таслардан балбал естелик жасаў өз мəнисин 
жойыта баслады. Себеби, ислам дини ўəкиллери 
адамлар менен ҳайўанлардың ҳəйкелин жаратыўға, 
ҳəттеки сүўретлерин сызыўға да рухсат бермеген. 
Ал ӨзИА Қарақалпақстан бөлиминиң археология 
музейинде сақланып турған балбалтаслар тарийхы 
əййемги дəўирлерге, яғный бизиң эрамызға шекемги V-
III əсирлерге тийисли. Бул балбаллар Үстирттиң батыс 
шыңында Көгисем-4 жерлеў-сыйыныў комплексинен 
табылған. 
Үстирттеги массагетлер дəўирине тийисли бундай 
əййемги 
естеликлердиң 
табылыўы 
бойынша 
төмендегише мағлыўматлар бар.
1983-жылы Үстирттиң батыс тəрепинде изертлеў 
жумысларын алып барған СССР Геология министрли-
гиниң биринши космоаэрогеологиялық экспедиция-
сының қатнасыўшылары Сай-Өтес поселкасынан шама 
менен 50 километрлер қашықлықта көп сандағы ер 
əскерлердиң ҳəйкеллерин тапты. Бул табылмалар 
экспедиция қатнасыўшыларын ҳайран қалдырды, 
себеби шағын майданда 70 ке шамалас усындай тас 
мүсинлер жайласқан еди. Бул Қара теңиз бойларында 
100 жылдан көбирек ўақыт ишинде табылған тастан 
исленген скиф стелалары менен шамалас сан. 
Усы ўақыядан бир жыл өтип, СССР Илимлер 
академиясы Археология институтының Волга-Урал 
археологиялық экспедициясының баслығы Л.Галкин 
табылған тас мүсин тулғалар ҳаққында былай деп 
жазды: 
«Еки бәлент қорғанға (тӛбеге) жақын жерде, 
шағын майданда, кӛплеген тастан исленген ҳәйкел 
тулғалар сынып жатырған еди. Олардың базыларының 
үлкенлиги соншелли, бир адамның күши оны орнынан 
қыймылдатыўға да жетпес еди. 
Ҳәйкеллер ҳәр қыйлы – биреўлери 4 метр 
бийикликте болса, басқалары еки метрден сәл 
бийиклеў, ал ең кишкенелери болса – 1 метр. Бул жерде 
тастан исленген баслар, ири геўдели, кең жаўырынлы 
ер адам денелери, толық исленбеген ҳәк тас плиталар 
жайрап атырған еди. Ҳәйкеллердиң кӛпшилиги үлкен 
ҳәм орташа кӛлемли. Оларды бир ўақытлары жерге 
ылақтырып сындырғанына қарамастан, ҳәйкеллер 
белгили бир избе-изликте – «П» ҳәриби формасында 
турғанлығы анық. Бул галерея күн нурлары түскенинде 
тәкирарланбас бир кӛринисти жүзеге келтирген 
шығар. Олардың жүзлери батыс тәрепке, «Ӛлилер 
мәмлекетине» қаратылған еди…» [4]. 
Бəйте қудықларының қасындағы бул естеликлердиң 
комплекси 
арқа-шығыстан 
қубла-батысқа 
қарап 
шыққан үш топар қорғаннан (төбеден) ибарат. Бəйте-I 
естеликлер топары төрт метрли «Патша қорғаны» ҳəм 
еки кишкене қорғаннан ибарат. Ең үлкен қорғанның 
қасында сақланып қалған фрагментлерге көре, əййемги 
заманлардың өзинде-ақ 25 ҳəйкел орнатылғанға 
уқсайды. 
Бул жерден онша алыс болмаған жерде – 1 км ге 
жетпес узақлықта екинши қорған топары – Бəйте-II 
жайласқан. Бирақ ол жерде бирде-бир скульптура 
табылмаған. Ал, бул қорғанлар топарына жақын жерде 
ақ-қызғыш ҳəк тасын ислеп шығарған тас кəни 
табылған. Усы ҳəк тасынан жоқарыда айтып өтилген 
барлық мүсинлер исленген. 
Бəйте-II комплексинен қубла-шығыста, шама менен 
4 км узақлықта, кишилеў төмпешикте жəне бир 
қорғанлар топары – Бəйте-III жайласқан. Оның 
жайласыўы Бəйте-I комплексиндеги бийикликлердиң 
жайласыўын еслетеди. Ал орайлық қорғанның 
батысында «П» ҳəриби көринисинде 50 ден зыят сынық 
ҳəйкеллер тығыз жайласып жатырған еди. Олардың тек 
ғана бағыты өзгерген – жүзлери арқа-батысқа қараған. 
Бул жерлердеги жумыстың басланыўынан баслап 
экспедиция ағзалары ибадатханалар таптық деп 
ойлаған, бирақ бул пикирлер тек ғана Бəйте-III те еки 
дана қурбанлық келтириўши тастан исленген стол 
табылғанынан кейин тастыйықланды. 
Л.Галкин бул бойынша төмендегише жазады: 
«Олар бири-биринен 15 метр ғана узақлықта жай-
ласқан еди. Дерлик туўры мүйешли формалы үлкен 
стол узынына бир метрден зыятлаў, ал тӛрт конус 
түриндеги туяқтағы киши стол болса бир метрден 
сәл киширек еди. «Хан қорғанынан» қубла-шығысында 
тастан исленген табақ та табылды (оның диаметри 
80 см). Енди барлығы ӛз орнына түсти. Бундай затлар 
әдетте ибадатханаларда табылады. Тастан исленген 
столларда хайўанларды қурбанлыққа келтиреди ҳәм 
усы жердиң ӛзинде оларды пуштарлайды…»
[4]
 
Солай етип, илимпазлардың қолына əдеттегиден өз-
геше материал түсип қалды. Жоқарыда көрсетилген 
қурбанлық келтириў орынларынан тысқары, жүдə көп 
еске алыў имаратлары табылды, ал бираз сынық бөлек-
лерде болса қылышлардың, оқжайлардың, пышақлар-
дың рельефли суўретлери анық көринип тур еди. 
Үстиртте табылған дерлик барлық антропоморфлық 
тастан исленген скульптуралар, шеп қолы жыйналып 
ишине басылып турған, ал оң қолы болса төменге түси-
рилип санына басылып турған ер адамның тулғасын 
сəўлелендиреди. Тулғалардың жүзлери жүдə анық: 
жақлары айрықша бөлинген, биразларының сақалы 
жоқлығы, олардың монголоидлардан келип шыққан 
деген пикирге салады, лекин европалыларға да уқсап 
кететуғын жерлери бар. 
Илимпазлар бул əййемги естеликлер, массагетлер 
қəўимлери жасаған дəўирлерге, яғный б.э.ш. IV-III 
əсирлерге тийисли екенлигин анықлады. 
Демек, Үстирттен табылған бул айқаллар яки бал-
баллар массагет жаўынгерлериниң тас келбети. 
Тарийхтан белгили, бизиң эрамызға шекемги IV-III 
əсирлердиң ақырында, Түслик Азия далаларында Ана-
толиядан баслап Ҳинд-Пəкистан субконтинентине ше-
кем Ахеменийлер мəмлекети жайласқан. Оның қура-
мына Жақын Шығыс ҳəм Орта Азияның көплеген 
мəмлекетлери кирген (Парфия, Маргиана, Бактрия, 
Согдиана ҳəм т.б.). Бир қарағанда бул аймақларға көп 
санлы əскерлердиң ҳəм əсиресе Персияның атлы əскер-
лериниң кириўине ҳеш ким кесентлик көрсете алмай-
тындай еди… Лекин, Үстирт тегислигинде илимпазлар 




Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   91   92   93   94   95   96   97   98   ...   231




©engime.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет