Научно-методический журнал Серия: Естественно-технические науки. Социальные и экономические науки. Филологические науки



Pdf көрінісі
бет96/231
Дата30.07.2023
өлшемі4,81 Mb.
#179664
1   ...   92   93   94   95   96   97   98   99   ...   231
Байланысты:
2-сан 2023 (1-серия)

Ilim h
á
m jámiyet. №2.2023
56
тəрепинен илаҳий орынлары табылған массагетлердиң 
қолынан бул ис келген. Есиңизге саламыз, Ахемений-
лер мəмлекетиниң тийкаршысы Кир патша массагет-
лердиң жерлерине кириўге умтылған ўақытында өлген. 
Бул ҳаққында Геродот былай деген: 
«Варварларда болған саўашлардың ишинде, бул 
саўашты мен ең аяўсыз саўаш деп есаплайман, мен ҳəт-
теки бул ўақыя қалай болғанлығын да билемен. Ең ба-
сында олар бир-биринен алыста турып бир-бирине оқ 
жайдан оқ атқан, ал кейин оқлары таўсылғаннан соң, 
олар бир бирине тасланып қолда, найза ҳəм қылышлар 
менен алысқан дейди. Алысып атырып олар көп ўақыт 
даўамында өзлерин тик услады, бириншилер де, екин-
шилер де қашып қутылғысы келмеди, бирақ ең ақы-
рында массагетлер жеңиске еристи. Персия əскерлери-
ниң үлкен бөлеги жоқ етилди, тап усы жерде Кирдиң 
өзи де қаза тапты» [5]. 
Бизиң эрамызға шекемги IV əсирдиң 30-жыллары 
Ахеменийлердиң саўсап қалған мəмлекети Александр 
Македонскийдиң əскерлериниң күши астында жоқ бо-
лады. Македонский да адам жасайтуғын пүткил 
жəҳəнниң, соның ишинде Шығыстың да ийеси болғысы 
келди ҳəм грек-македониялылар Орта Азия жерлерине 
келди, бул жерде жəне қан төгилип баслады. Жəне 
грек-македониялы басқыншылардың бас иймес душ-
панлары болып жаўынгер массагет қəўимлери шықты. 
Массагет ҳəм сармат қəўимлериниң бир бөлеги 
басқыншыларға бойсынбай арқаға қарап кеткени бел-
гили. Олар Үстирт тегислиги ҳəм Маңғышлақ ярым 
атаўын душпанлардың пияда əскерлерине ҳəм атлы 
отрядларына келип болмас, өзиниң əскерий плацдармы 
ҳəм тыл базасына айландырған болыўы мүмкин. 
Үстирттиң ҳəр бир илаҳий орнының орайын үлкен 
қорған яки бийиклиги 2 метрге жететуғын арнаўлы 
жыйналған таслар дүмпешиги ийелеген. Тас мүсинлер 
болса əдетте бирнеше естеликтен топарлар дүзип, бул 
орайлық қорғаннан қублада ямаса шығысында жай-
ласқан. Ал олардан онша узақ болмаған жерде ҳайўан-
ларды қурбанлық етиў ушын тастан исленген столлар 
жайласқан. 
Тастан исленген табаққа май, қан ҳəм суўды салып 
қойыўға болатуғын болған. Бул затлар көшпели қəўим-
лер руўҳаныйлары тəрепинен кеңинен пайдаланылған, 
яғный, қудайлардан душпанлар үстинен жеңиске ери-
сиўди сораған. 
Тастан исленген ҳəйкеллер қандай орын тутқан 
екен? Әййемги көшпели қəўимлер дəстүрий түрде ата-
бабаларының руўҳларына сыйынған. Ал ҳəйкеллер 
болса əлбетте əскер болған ата-баба руўҳының өлимнен 
кейинги орны болып есапланған. Скульпторлар олар-
дың өзгешиликлерин ҳəм жасын айрықша атап өтеди. 
Үстирттиң қубла тəреплеринде грек-македониялылар 
менен гүрес дəўиринде бундай қудайға теңлестирилген 
ата-бабалардың жəрдеми көп болған. 
Қəўимлеслери ушын қыялый қəўим басшысының 
ҳəм ўатан қорғаўшысының тири көриниси болған 
қаҳарман-əскер өз өлиминнен кейин ата-бабаларының 
қатарына қосылған, соның ушын да оның ҳəйкели жа-
ратылған. Сол замандағы адамлардың пикиринше, егер 
руўҳаныйлар қурбанлық келтирсе, бул таслар өз 
əўладына жəрдем бере алатуғын ең үлкен ата-бабасы 
образы менен қосылып кеткен… 
Үстиртте табылған айқал таслардың екеўи Қарақал-
пақстанға алып келинип, бир данасы ҳəзирги күнде 
ӨзРИА Қарақалпақстан бөлиминиң Археология музей-
инде сақланбақта. Табылған айқаллар бойынша 
В.С.Ольховский ҳəм Л.Л.Галкинлердиң мақаласы жа-
рық көрген [6:196-206]. 


Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   92   93   94   95   96   97   98   99   ...   231




©engime.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет