Научно-методический журнал Серия: Естественно-технические науки. Социальные и экономические науки. Филологические науки



Pdf көрінісі
бет181/231
Дата30.07.2023
өлшемі4,81 Mb.
#179664
1   ...   177   178   179   180   181   182   183   184   ...   231
Байланысты:
2-сан 2023 (1-серия)

Ilim h
á
m jámiyet. №2.2023
97
Литература 
1. Бекбергенов А. Қарақалпақ тилиниң стилистикасы. –Нөкис: «Қарақалпақстан». 1990, -С. 88. 
2. Кайыпбергенов Т. «Қарақалпақ дəстаны». I. «Маман бий əпсанасы». -Нөкис: «Қарақалпақстан». 1973, -С.499. 
3. Новиков Л. А. Искусство слова. -М.: «Наука». 1991, -С.142. 
РЕЗЮМЕ. 
Мақолада эпитет ѐзувчи Т.Кайипбергеновнинг бадиий матннинг тасвирлаш воситаси сифатида қаралади. 
Тадқиқот Т.Кайипбергеновнинг «Маман бий əпсанасы» («Маман бий афсонаси») романи асосида бажарилган.
 
РЕЗЮМЕ.
В статье рассматривается эпитет как изобразительное средство художественного текста писателя 
Т.Каипбергенова. Исследование проведено на материале романа Т.Каипбергенова «Маман бий əпсанасы» («Сказание о Маман 
бие»). 
SUMMARY.
In this article, the epithet is considered as a pictorial means of the literary text of the writer T. Kaipbergenov. The 
study was conducted on the material of the novel by T. Kaipbergenov " Маман бий əпсанасы " ("The Tale of Maman biy") 
ҚАРАҚАЛПАҚ САЗ ӘСБАПЛАРЫ ҲӘМ САЗЛАРЫ 
Ж.Абдисултанов
– 
ассистент оқытыўшы 
Ӛзбекстан мәмлекетлик консерваториясы Нӛкис филиалы 
Таянч сўзлар:
арфа, оркестр, кварта, oктава, тембр, қўбиз, чинқўбиз, ғижжак, дутор.
Ключевые слова:
арфа, оркестр, кварта, октава, тембр, қобыз, шынгобыз, гиржек, дутар.
Key words:
arfa, orkestr, kvarta, oktava, tembr, qobuz, shinqovuz, gijjak, dutor. 
Қарақалпақ халқы ерте заманлардан баслап-ақ өзи-
ниң көп тараўлы бай музыка искусствосына ийе екен-
лиги мəлим. Усы музыка мəдениятының раўажла-
ныўында саз əсбаплары улкен роль атқарып келди. Саз 
əсбаплары қарақалпақ музыка мəдениятында Орта Азия 
халықлары искусствосы қатарында көп əсирлик
тарийхына ийе. Оның тарийхый темалары бизиң эра-
мызға шекемги IV əсир ҳəм бизиң эрамыздың I əсирине 
тийисли болған Қойқырылған қаладан ҳəм III əсирле-
рине тийисли болған Топыраққаладан археологиялық 
изертлеўлер нəтийжесинде табылған мүйешли арфаның 
сүўрети салынған фрагментлердиң табылыўы, саз 
əсбапларының дəўирин аңлатыўда айқын мысал бола 
алады. Бул туўралы С.П.Толстов басқарған Хорезм 
экспедициясының ағзасы, көп жыллардан берли музыка 
əсбаплары бойынша изертлеў жумыслары менен 
шуғылланып киятырған Р.Л.Садоков күтə қызықлы 
пикирлер айтады: 
- «Қойқырылған каладан табылған мүйешли үлкен 
арфа сыяқлы, дуўтар сыяклы əсбаптың Орта Азыяның 
антик дəўирине тəн болған көриниси ең дəслепки ҳəмде 
ҳəзирше биринши гуўасы болып табылады. Буннан 
тысқары ол улыўма Орта Азиялы арфаның күтə ертеде-
ги көриниси болып есапланады. Ең əҳмийетлиси - бул 
еки жағдайда да Хорезмниң жоқарғы дəрежедеги нəзик 
музыкалы мəдениятқа ийе болған ел екенлигин 
көремиз» [1]. 
Бул жағдай путкил Орта Азия халықлары сыяқлы 
Қарақалпақ халқының да əййемги заманлардан баслап 
жоқары мəдениятқа ийе болғанлығын аңлатады. Бирақ, 
халықтың араб басқыншылығы дəўиринде кайта исле-
ниў нəтийжесинде бул музыкалық əсбаплар ўақтынша 
жоқ болып кетиўинине себеп болды. Олар саз əсбапла-
рын, оны алып журиўши ҳəм тарқатыўшы болған 
атқарыўшылары менен қоса жоқ қылып жиберди. 
Яғный улыўма алғанда халықтың музыканы тыңлаўын 
қадаған етти. 
… Араб басып алыўшылығы арфа əсбабы ушын 
күтə қəўипли болды; бирақ XV-XVII əсирлерде буннан 
басқа арфаның бир де көринисин таба алмаймыз, оннан 
кейин ол Орта Азиялы миниатюраларда азғана ўақыт
көринеди де, соңынан пүткиллей жоқ болып кетеди. 
Арфа Хорезм халықлары арасында шама менен 
XVIII əсирге шекем өмир сүрип, оннан кейинги дəўир-
де бул əсбап пайдаланыўдан шығып, оның басқа бир, 
оннан гөре жасаў уқыбына қолайлырақ болған əсбаплар 
ийелеп алған болыўы итимал. Анығырақ айтқанда 
бақсышылық искусствоның Шығыс халықлары тəсири 
астында бизде пайда бола баслағаны сияқлы арфаның 
орнына дуўтар араласа баслады деген пикир туўылады. 
Буннан тысқары қарақалпақ ҳаял-қызлары тəрепинен 
атқарылып келинген шынғобыз да сол арфа əсбабының 
тийкарында пайда болып соннан тараған деген болжаў 
туўылады. 
Музыкалық əсбаплар туўралы, олардың келип
шығыўы, тембрлери ҳаққында уллы илимпаз Абу Али 
Ибн Сино «Шыпа китабы», «Билим китабы», «Музыка 
илими хаққында рисола» т.б. китапларында көп ғана 
баҳалы илимий пикирлер айтады. Оның айтыўы 
бойынша: «Тар қəншелли узын болса, даўыс соншелли 
пəс шығады, керисинше, тар қəншелли қысқа болса 
даўыс 
соншелли 
бəлент 
шығады». 
Сондай-ақ, 
даўыслардың пəс ямаса бəлент болыўы үплеп шертиле-
туғын əсбаплар аралығының диаметрине де байланыс-
лы болады деп көрсетеди (Абу Али Ибн Сино, 
шығармалары жийнағы. IVтом). Өз заманының уллы 
илимпазы болған Абу Али Ибн Синоның музыка та-
раўындағы бул пикири Орта Азия ҳəм Шығыс ха-
лықлары музыкасының əййемги заманлардан берли 
музыка илими сыпатында қəлиплесип киятырғанын 
дəлиллейди. Оның бул пикирлери музыка теориясында 
ҳəзирги ўақытқа шекем өз қунын жойытқан жоқ. 
Қарақалпақ халқы арасында саз əсбаплары кең
таралған болса да тийкарғы саз əсбаплары айтарлықтай 
көп емес. Олардан тартқыштың жəрдеми менен шерти-
летуғын тарлы əсбаплардан - қобыз ҳəм соң келип 
қосылған гиржек, бармақ пенен шертилетуғын - дуўтар, 
шынғобыз, уплеў арқалы шертилетуғын - баламан, 
сырнай үшпелек ҳəм урып шертилетуғын дəп əсбапла-
ры ушырасады. Булардың ишинде қобыз, дуўтар, 
шынғобызлар қарақалпақ халқының миллий музыкалық 
əсбаплары есапланып, қалғанлары болса бизге басқа 
туўысқан халықлар музыкасының тəсири арқалы өткен 
болыўы керек. Бирақ, соған қарамастан бурын қарақал-
пақ халқы арасында усындай ямаса басқа да əсбаплар-
дың түрлери болмаған деген шорта тастыйықланған 
пикирдиң болыўы мүмкин емес. Дəўирдиң өтиўи менен 
көплеп арфа сыяқлы ямаса басқа да əсбаплардың түр-
лериниң келип кеткенлиги гүман туўдырады. 
Қарақалпақ халқының арасында шығысы жағынан 
ең əйемги музыкалық əсбаплардан бири - қобыз. Қобыз 
əсбабы қарақалпақлардан басқа көпшилик Шығыс ха-
лықларында: қазақ, қырғыз, өзбек, уйғыр, улыўма түрк 
тилиндеги халықлардың көпшилигинде, сондай-ақ 
Украиналардандур) т.б. халықларда гезлеседи. Қобыз 
əсбаплары өзиниң қурылысы, жыраўлардың айтыў тех-
никасы ҳəмде басқа да көплеген тарийхый дереклерге 
қарағанда, ол күтə əййемги əсбап болғанлығы мəлим. 
XI əсирдиң уллы илимпазы Махмуд Қашқарий
«Девану Луғат-ит Турк» китабында музыкалық 
əсбаплардан «қобыз, сыбызғы» əсбапларының атларын 
жийи тилге алады. XVII əсирде жасаған белгили
илимпаз Дервиш Алидиң айтыўына қарағанда:
«Қобыз-күтə жағымлы ҳəм көркем даўыслы тар 
тағылған музыкалық əсбап. Алынған бир мағлыўматқа 
қарағанда оны жоқарыда сөз етилген үлкен сазенде ҳəм 
музыканың теориясын терең ийелеген Султан Увайис 
Жераир…» (1356-1374) соққан. Қобызды ол рубабтың 
дəстесин ҳəм оның путкил денесин узайтыў жолы
аркалы ислеп шықты. Басқаша улгилерге қарағанда 




Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   177   178   179   180   181   182   183   184   ...   231




©engime.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет