қос шынарға теңеўи, жазыўшы ҳаялларды бийкарға
шынарға теңемеген, өйткени еки қаҳарманымыздың да басынан
аўыр тəүдирлер өтти. Еки ҳаялды қыйыншылықларға
мəртлерше турып, беккем
шынардай шыдам береди.
Жүўерилердиң басындағы жемислеринниң көлемин
көрсетиў ушын
дорбаға теңейди яғний үлкенлигин
көрсетеди, пахта атызларының кеңлигин болса
енапаттай келбетлик
сөзи
менен
көрсетеди.
Гөреклердиң көлемин болса
түймеге теңеп көрсетеди.
Aшыўланған адамның аўзындай, aяқларыма батпан тас байлап қойғандай, сымға қонақлаған қарлығашлардай теңеўлери болса ис ҳəрекет арқалы
екинши бир ис-ҳəрекет салтырып, теңлестирип
сүўретленген.
Бул
мысаллар
арқалы
биздиң
қыялымызға
ис-ҳəрекет
сүўретленеди.
Мысалы,
ашыўланған адамның аўзындай болып турған пахта
гөреклери, аяқларына батпан тас байлап қойылған
тутқындағы инсанлар киби жүрип муғаллимниң
алдында турған Турдымурат, сымға қатарланып қонып
турған ғарғалар сыяқлы ағаш стулда муғаллимниң
алдында дизилип отырған балалар.
Сом полаттай жумыры – қара билеклерин, арыстай
балтырларын
жүн
басқан.
Әййемги
египет
скулптураларына
мегзес бир
жигит.
(197-бет)
Бармақлары полат
сыяқлы, арқамды мочалка менен
емес, муштай тас пенен ысып атырғандай, зорға
шыдадым. (197-бет)
Келтирилген
мысаллардағы
теӊеўлер
мегзес,
сыяқлы сөзлери арқалы жасалған. Биринши мысалда,
Камалды əййемги египет скулптураларына
мегзеткен болса, Екинши мысалда оныӊ билегиндеги күшин,
қолын
полаттай беккем қылып көрсетеди.
Метафора грек тилиниң «mеtаphorа» деген сөзинен
алынған болып, «көшириў» деген мəнини аңлатады
[4:63].
Метафора
уқсаслы
аўыспалы
мəниде
қолланылған сөз болып есапланады. Ол зат – ҳəдиселер