Научно-методический журнал Серия: Естественно-технические науки. Социальные и экономические науки. Филологические науки



Pdf көрінісі
бет67/231
Дата30.07.2023
өлшемі4,81 Mb.
#179664
1   ...   63   64   65   66   67   68   69   70   ...   231
Байланысты:
2-сан 2023 (1-серия)

 
 
ТӘБИЯТ ҲӘМ ЖӘМИЙЕТ ҚАТНАСЫҚЛАРЫНДА ҚОРШАҒАН ОРТАЛЫҚТАҒЫ 
ЭКОЛОГИЯЛЫҚ МАШҚАЛАЛАРДЫӉ КЕСКИНЛЕСИЎ ЖАҒДАЙЛАРЫ 
А.С.Нурланов – 
үлкен оқытыўшы
Әжинияз атындағы Нӛкис мәмлекетлик педагогикалық институты 
Таянч сўзлар:
экологик инқироз, экологик ҳавфсизлик, деградация, Орол денгизи, атмосфера, иқлим, ер, сув, тупроқ, ҳаво, 
ҳарорат, табиий ресурслар, тежамли фойдаланиш, санитария, туберкулѐз, инфекция. 
Ключевые слова:
экологический кризис, экологический безопастность, деградация, Аральское море, атмосфера, климат, 
земля, вода, почва, воздух, температура, природный ресурс, рациональное использования, санитария, туберкулѐз, инфекция. 
Key words: 
environmental crisis, environmental safety, degradation, Aral sea, atmosphere, climate, land, water, soil, air, tempera-
ture, natural resourse, rational use, sanitation, tuberculosis, infection. 
Адамзаттыӊ табийий қоршаған орталыққа кейинги 
жылларда тəсириниӊ артып барыўы жер шарыныӊ 
көплеген регионларында экологиялық машқалалардыӊ 
кескинлесиўи артып бармақта. Соныӊ ушын табиятты 
қорғаў ҳəм табийий ресурслардан ақылға муўапық ра-
ционаллы пайдаланыў глобал масштабта инсанлар ке-
лешеги алдында турған еӊ əҳмийетли мəселелердиӊ 
бири болып қалмақта. 
Тəбийий орталық ХХI əcирдиӊ соӊғы 20-жыл-
ларында илимий теҳникалық прогресс жетискенликле-
ри менен қуралланған өндирис күшлериниӊ ҳəм 
адамлардыӊ тəсири нəтийжесинде үлкен өзгерислерге 
ушырамақта. Халық саныныӊ тез пəт пенен өсип ба-
рыўы ҳəм олардыӊ күнделикли талапларына сəйкес 
санаат ҳəм аўыл хожалығы өнимлери менен тəмийнле-
ниўде өндиристеги прогресстиӊ артып барыўы, 
тəбийий орталықтағы атмосфераныӊ, суўлардыӊ ҳəм 
жер қатламларыныӊ патасланыўына, өсимлик ҳəм 
ҳайўанат дүнясыныӊ кемейиўине, ҳəттеки бирнеше 
мыӊ жыллар даўамында бузылмай киятырған тəбият 
байланысларыныӊ белгили дəрежеде өзгериўине се-
бепши болмақта. 
Буған мысал ретинде узаққа бармай үлкемиздеги 
Арал теӊизиниӊ қурғаўы менен байланыслы реги-
ондағы экологиялық шараятлардыӊ кескинлесиў 
жағдайларын келтиририўимизге болады. 
Президентимиз Ш.Мирзиѐев БМШ ның 2017-жылы 
19-сентябрде болып өткен 72-сессиясында сөйлеген 
баянатында «Бүгинги күнниң ең өткир экологиялық 
машқалаларынан бири – Арал кризисине жəне бир 
мəрте дыққатыңызды қаратпақшыман. Мине, мениң 
қолымда – Арал апатшылығы сүўретленген карта. Ой-
лаўымша, буған артықша түсиндирмениң кереги жоқ. 
Теңиздиң қурыўы менен байланыслы ақыбетлерди 
сапластырыў халықара көлеминдеги ис-ҳəрекетлерди 
бирлестириўди талап етпекте. Биз БМШ тəрепинен 
Арал апатшылығынан жəбир көрип атырған халықларға 
əмелий жəрдем көрсетиў бойынша усы жылы қабыл 
етилген арнаўлы дəстүр толық əмелге асырылыўының 
тəрепдарымыз» [1] деб атап өткен еди. 
Инсанлар тəрепинен тəбиятқа болған қатнасындағы 
өзгерислер ҳəзирги дəўирде сондай үлкен масштабта 
болды, олар тəбияттыӊ раўажланыўында жүз беретуғын 
теӊ салмақлықтыӊ бузылыўына қəўип туўдырмақта. 
Узақ ўақытлар даўамында тəбият адамлар ушын зəрүр 
болған материаллық байлықларды таўсылмайтуғын 
дерек сыпатында қарап келген. Таўсылатуғын ресур-
слар өз нəўбетинде қайта тикленетуғын ҳəм қайта 
тикленбейтуғын болып бөлинеди. Қайта тикленбей-
туғын ресурслар пайдаланған ўақытқа қарағанда 100 
мəрте əсте қайта тикленетуғын ямаса қайта тикленбей-
туғын ресурсларды өз ишине алады. Тəбият ресурслары 
ҳəр қыйлы тезликте тикленеди: ҳайўанлар – бир нешше 
жылда, 
тоғайлар 
60-80 
жылда 
өнимдарлығын 
жоғалтқан топырақлар – бир нешше мыӊ жылларда 
қайта тикленеди. Пайдаланыў тезилиги қайта тиклениў 
дəрежесинен асып кетсе онда пүткиллей жоқ болып 
кетиўине алып келеди. 
Халықты қаўипсиз азық-аўқатлық өнимлер менен 
тəмийинлениўде жəмийетте жер суў ресурсларынан 
пайдаланыўға деген талап күшеймекте. Соған байла-
ныслы топырақ суў ресурслары санаатлық ҳəм турмыс-
лық шығындылар, нефть өнимлери, минералл төгинлер 
ҳəм пестицитлар, аўыр металлар ҳəм радиоактив 




Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   63   64   65   66   67   68   69   70   ...   231




©engime.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет