Научно-методический журнал Серия: Естественно-технические науки. Социальные и экономические науки. Филологические науки



Pdf көрінісі
бет68/231
Дата30.07.2023
өлшемі4,81 Mb.
#179664
1   ...   64   65   66   67   68   69   70   71   ...   231
Байланысты:
2-сан 2023 (1-серия)

Ilim h
á
m jámiyet. №2.2023
42
шығындылар менен патасланбақта. ЮНЕП шөлкеми 
есабаты мағлуматы (2008-ж) бойынша пүтин инсаният-
тыӊ тиришилик етиўи ушын зəрүр болған ресурслар 
муғдары жер бетинде бар болған муғдардан асып кетти. 
Экологиялық императив (яғный бир адамды азық аўҳат 
пенен тəмийнлеў ушын зəрүр болған жер муғдары) 21,9 
гектарды қурайтуғын болса ҳəзирги дəўирдеги жердиӊ 
биологиялық мүмкиншилиги болса бир адамға орташа 
15,7 гектарды қурайды. 
Өндирислик кəрханалар менен транспорттыӊ 
атмосфера қурамына шығарып атырған зəҳəрли 
газлериниӊ тəсиринде жер жүзинде климат шараятла-
рыныӊ өзгериўине шөл майданларыныӊ артып барыўы 
менен суў ресурсларыныӊ кемейиўи, аўыл хожалық 
егислик 
жерлердиӊ 
өнимдарлығыныӊ 
пəсийиўи, 
шекленбеген түрде химиялық төгинлер пестицитлерди 
пайдаланыўдыӊ артыўы нəтийжесинде ҳəр жылы 4,0-
4,7 миллион гектардан аслам жер ресурслары хожалық 
айланысынан 
шығып, 
тəбийий 
орталықтыӊ 
экологиялық диградацияға ушыраўы артпақта.
Атмасфера 
қурамындағы 
парник 
газлардыӊ 
көбейиўи менен климаттыӊ өзгериўи дүнья масшта-
бында қурғақласыў процессиниӊ күшейўине алып 
келди ҳəм экстремал ҳаўа ҳəдийселери яғный аномал 
ыссылық ҳəм шөллениўдиӊ кеӊейиўи жүз бермекте.
1920-жыл изертлеў мағлыўматларына қарағанда 
егер жер жүзинде глобалласыў ҳəзирги муғдарда даўам 
етсе ярым əсир ишинде жер жүзи халқыныӊ 3,5 
миллиард адамы жарамсыз ҳаўа райы шараятында 
жасаўы мүмкин. Жыллық орташа температура +29 С 
дан асатуғын жер қурғақлығыныӊ (Сахара шөлине 
усаған) улыўма майданы 0,8 процентинен 19 процентке 
көтериледи. Жердеги орташа жыллық температураныӊ 
ҳəр бир қосымша дəрежеге көтерилиўи миллиардқа 
жақын адамларды жасаўы ушын жарамсыз ҳаўа райы 
шараятларында қалыўы мүмкин [2].
Бүгинги күнде ыссы толқынлары, боранлар ҳəм суў 
тасқынлары сыяқлы тез–тез ушырайтуғын экстремах 
ҳаўа райы ҳəдийселери мыӊлап адамлардыӊ өлимине 
себепши болады ямаса майып қылады миллионлаған 
адамлардыӊ турмысын бузады. Ҳаўа райыныӊ 
экстремал өзгериўи азық аўхат жетиспеўшилигине, 
жуғымлы кеселликлердиӊ тарқалыўына, əсиресе, безгек 
кеселликлериниӊ 
тарқалыўына 
алып 
келеди. 
Климаттыӊ 
өзгериўи 
адамлардыӊ 
руўхый 
саламатлығына зыянлы тəсир көрсетиўи ҳаққында 
дəлиллер бар. Ҳəдден тысқары жоқары температура 
жүрек қан тамыры ҳəм дем алыў органлары 
кеселликлерине 
ушыраған, 
əсиресе, 
қартайған 
адамлардыӊ өлимине алып келеди. Мысалы, ушын 
2003-жылдыӊ жазында Европадағы күшли ыссы ҳаўа 
толқыны 70 мыӊ адамныӊ өлимине себебши болды [3]. 
Ҳəзирги күнде инсанияттыӊ талаплары ушын жер 
астынан 120 миллиард тоннандан аслам пайдалы 
қазылмалар қазып алынады. Ҳалық хожалығыныӊ 
түрли тараўларында жылына 4000 км
3
дан аслам суў 
ислетиледи, жаныў процсессинде 15 миллиард т. 
кислород сарп болады [4]. ЮНЕП (2005ж) мағлыўмат-
лары бойынша ҳəр секундта атмосфераға 200 тоннадан 
аслам СО

газы шығарылмақта ҳəм 47 мыӊ га тоғайлар 
бузылады, 346 мыӊ га жерлер шөлге айланады, шама 
менен 100-300 түр өсимлик жоғалып атыр. 
Европада ҳəм Арқа Америкадағы үлкен территория-
ларда тоғайлар кесилип, самал ҳəм суў эрозиясы 
күшейип, өнимдар жерлер аўыл хожалық оборотына 
жарамсыз болып қалмақта, жер айналасындағы суў 
бойлары, атмосфера ҳаўасы, топырақлар, санаат, 
транспорт, 
социаллық-коммунал, 
аўыл-хожалығы 
шығындылары ҳəм басқа шығындылар менен патасла-
ныўы жүдə күшейип кетти. Булар өз гезегинде 
планетамыз биологиялық ресурсларыныӊ жағдайына 
ҳəм əсиресе адамлар саламатлығына зыян жеткермекте.
Қарақалпақстан мысалында алатуғын болсақ, 1960-
80 жылларда Орайлық Азия республикалары экономи-
касының аграр тараўындағы пахта шийки затын жети-
стириўде егислик жерлердиң шектен тыс ашылыўына 
байланыслы нешше əсирлерден бери теңизди суў ме-
нен тəмийнлеп келген Әмиўдəрья ҳəм Сырдəрьяның 
суў ресурсларынан ақылға муўапық пайдаланбаўы 
нəтийжесинде Арал теңизиниң қурыўы менен экологи-
ялық кризис жағдайларының пайда болыўына алып 
келди. 
Кейинги жылларда Арал теңизи жағалаўларында 
ҳаўа райының климатлық шəраятларының белгили 
дəрежеде өзгериўи сезилмекте. Жаўын-шашынлардың 
орташа муғдары мəўсимлер бойынша төменледи, теңиз 
суўының қайтыўы менен қурғақ территориялардың 
майданы көбейип, жер бетинен орташа суўдың парла-
ныўы жылына 1700 мм ге жетти, ал, ҳаўаңың ығаллығы 
10 % ке кемейди. Хаўаның температурасы қыста 
төменлеп жазда 3-5 градусқа көтерилди. Жаз мəўси-
минде ҳаўа райының температурасы айрым қүнлерде 
+50 С
0
градусқа шекем жетти. Арал теңизи бойларының 
ҳаўа райының сыпатлы белгилериниң бири шаңлы 
дүбилейли күнлердиң санының артыўы ҳəм жыл даўа-
мында көп қайталаныўы есапланады. Арал теңизи рай-
онында күшли самаллар ҳəр ўақыт күзетилип батыс 
теңиз жағалық районларында оның узақлығы 50 сутка-
дан асып кетеди. Самалдың максимал тезлиги 20-25 
м/сек ға жетеди.
Арал бойы регионында жер ҳəм суў ресурсларының 
сапасы төменлеп эко-системаның турақлылығы ҳəм 
дүзилиси бузылып қоршаған орталықтың зəҳəрлениўи 
артып бармақта. Жыл даўамында 90 күнге шекем қум-
лы, дузлы шаңлы дүбилейлер ҳəрекет етип қурғаған 
теңиз суў астынан атмосфраға жылына 75 мың тонна 
қум ҳəм дузлы шаңлар тарқалмақта. Барлық қурғаған 
теңиз суў астынан ҳəр жылы 39 мың тонна дузлар 
тарқалмақта. Теңиз ултаны астында Арал қум шөли 2 
млн ға шамалас өнимдарлы ҳəм отлақлы жерлерди ба-
сып алды. Космослық сүўретлерге қарағанда Арал 
теңизи территориясы шаң ҳəм дузлар менен қапланып 
оның радиусы кейинги мағлуматларға қарағанда шығы-
ста Япония атаўы таўлы музлықларында, батыста Ев-
ропаның Норвегия тоғайлы зоналарына шекем 
тарқалған. 
Экологиялық апатшылық эпицентринде жасап 
атырған халықтың арасында анемия, бөтеке, баўыр, 
рак, астма ҳəм жүрек қан тамыры кеселликлери көбей-
мекте. Қарақалпақстанда жас балалардың ҳəм аналар-
дың өлими бойынша ҒМДА еллери ишинде жоқары 
көрсеткишлер сақланып қалмақта. Сонғы 10 жылда - 
туберкулѐз, онкологиялық, инфекциялық ҳəм паразит-
лик кеселликлер – паратиф, тиф, гепатит кеселликлери 
еки мəртеге көбейген 
[5]. 
Қарақалпақстан Республикасы шараяты жағдайында 
экологиялық дағдарыстыӊ кун сайын кескинлесиўи кеӊ 
жамийетшилик алдына тəбиятты қорғаў ҳəм олардан 
ақылға муўапық пайдаланыў мəселелери бойынша гео-
графиялық орталықтыӊ инсан турмысы, жасаўы ушын 
əҳмийети ҳаққында экологиялық билим ҳам тəрбия бе-
риўди жетилистириў менен жергиликли халқымыздыӊ 
географиялық саўатлылығын асырыў ҳəм экологиялық 
мадениятлылығын қəлиплестириў қусаған əҳмийетли 
ўазыйпалар жүкленеди.
Хəзирги 
ўақытта 
жəмиетимиздиӊ 
ислеп 
шығарыўшы кушлериниӊ жергиликли қазылма бай-
лықлардыӊ территориялық жайласқан орнын үйрениў 
ҳəм оны территориялық шөлкемлестириў мəселеле-
рине əҳмиет күшеймекте. Халықтыӊ қайсы табийий 
орталықта жасаўы олардыӊ тек қана социаллық ҳəм 
экономикалық жағдайына тəсир етиўи менен бирге ҳəт-
те олардыӊ минез-қулқыныӊ кəлиплесиўине тəсир ете-
туғыны анық.




Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   64   65   66   67   68   69   70   71   ...   231




©engime.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет