Научно-методический журнал Серия: Естественно-технические науки. Социальные и экономические науки. Филологические науки



Pdf көрінісі
бет69/231
Дата30.07.2023
өлшемі4,81 Mb.
#179664
1   ...   65   66   67   68   69   70   71   72   ...   231
Байланысты:
2-сан 2023 (1-серия)

Ilim h
á
m jámiyet. №2.2023
43
Көпшилик жаслар үлкемиздиӊ табийғий ресурслары 
ҳəм пайдалы қазылма байлықларыныӊ өндирис муғда-
ры ҳаққында мағлыўматларды билиўи менен шекленип 
өзлери жасап атырған табийий комплекслерге адам ис-
керлигиниӊ тəсири ҳəм үлкемиздеги тəбиятты қорғаў 
жумысларыныӊ нелерден ибарат экенлиги ҳаққында 
кеӊ түсиниклерге итибар бермейди. Усы мақсетте тəби-
ят ҳəм жəмиет қатнасыкларын үйрениў менен бирге 
оған тəсир этетуғын инсан факторларын тереӊирек 
үйрениўди талап этеди. 
Көпшилик адамлар қоршаған орталықты қорғаўы 
машқалалары оларға байланыслы емес деп қабыл етеди. 
Ҳаўа суў ҳəм топырақларды, завод кəрханалар па-
таслайды, ҳайўанлар ҳəм қусларды броконерлер, жоқ 
қылады деп инсанлардыӊ бул ҳəрекетлерге ҳеш қандай 
қатнасы жоқ деп түсинеди. Бирақ, бул тийкарында 
ондай емес. Ҳəр биримиз ҳəр күни қоршаған орталық 
пенен қатнаста зыянлы ямаса пайдалы ҳəрекетлер қы-
ламыз. Мысалы: үйимизден шыққан турмыслық 
шығындыларды, азық-аўқат қалдықларын өз тасланды 
орынларына апармаў, ямаса оны жағыў, ҳаўаны па-
таслаў, жеӊил автомобиллердиӊ орнына жəмийетлик 
транспортлардан пайдаланыў мəселелериниӊ тəбиятқа 
қəўипсиз болатуғынын ҳəр күни өзлеримиз жетерли 
итибар қаратсақ бул ислеримиз қоршаған орталықты 
қорғаўға үлкен үлес қосқан боламыз. 
Жасларға бүгинги күнги реал машқалалы жағдай-
лардыӊ шешимине олардыӊ ойлаў искерликлерин 
бағдарлап бул машқалаларды шешиўди ҳəр бириниӊ 
қатнасыўы зəрүр екенлигине толық исенимин оятыўы-
мыз керек. Ҳəзирги экологиялық билимлендириўдиӊ 
мақсети оқыўшылардыӊ дуняға көзқарасын кеӊейтиў 
ҳəм раўажландырыў менен бирге жер бетиндеги жа-
саўшы ҳəр бир халықлардыӊ тəбият пенен қатнасы 
ҳаққында еркин ойлап, баҳа бере алатуғын экологиялық 
мəдениятлы, саўатлы, рууҳый мадениятлы инсанларды 
тəрбиялап шығарыўдан ибарат. 
Қоршаған орталыққа байланыслы жуўапкершилик-
ли ҳəм нəтийжели жумысларды алып барыўда егер биз-
лер қоршаған орталықтыӊ ҳəзирги жағдайы ҳаққында 
исенимли мағлыўматларды, еӊ əҳмийетли экологиялық 
факторлардыӊ өз ара тəсири ҳаққында тийкарлы би-
лимлерди топласақ, инсанлар тəрепинен тəбиятқа жет-
кизилген зыянларды кемейтиўге ҳəм алдын алыўға 
жаӊаша усылларын ислеп шығыўға мүмкиншилик жа-
ратады.
Жаслардыӊ экологиялық мəдениятлылығын қəлип-
лестириўши бундай жуўапкерли ўазыйпаларды кеӊ 
жəмийетшилик пенен бирге табыслы шешсек ғана 
мамлекетлик талим стандартларына сай бизиӊ келеше-
гимизди белгилейтуғын географиялық саўатлы, эколо-
гиялық мадениятлы, жеке пазыйлетлерге ийе келешек 
əўладларды тəрбиялап шығарыў менен Республикамы-
зда жүз берип атырған экологиялық дағдарысты ту-
рақластырыўға ылайықлы үлес қосқан боламыз. 


Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   65   66   67   68   69   70   71   72   ...   231




©engime.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет