Ilim h
á
m jámiyet. №2.2023
91
томлық мийнетин жазды. Америка мектеби тил менен
мəдениятты тийкарғы проблема деп алса, Германия
мектеби тил менен халықты биринши орынға қояды.
Яғный, тил функциясын ҳəм оның жəмийеттеги раўаж-
ланыў жолын асыра сөз етеди. Тил адам санасы менен
объективлик шынлық арасындағы ыңғайлас қатнас
дизбегине байланыса отырып, өзи сол санадан, объек-
тивлик шынлықтан келип шыққан деген көзқарасты
билдиреди.
Бул ҳаққында ең дəслепки баҳалы
пикирди айтқан
Э.Сепир өзгеше миллий феноменди түсиндириўде оның
ең əҳмийетли болған тарийхын ашыўға тырысады, сол
арқалы мəдениятты таныўдың жолы – тил, тил мəдени-
ятысыз өмир сүре алмайды деген шешимге келеди
[1:185].
Америка илимпазларының мийнетлеринде «этно-
лингвистика» термининиң орнына «антрополингвисти-
ка», «этносемантика» атамалары қолланылады. Усы
бағдарда изертлеў алып барған Россия этнолингвисти-
касының
ўəкиллери
Н.И.Толстой,
В.В.Иванов,
В.Н.Топоров ҳəм т.б. болып есапаланады. Олар тилдиң
тарийхын, этнолингвистикалық атласларын жасайды,
тилдеги ҳəм халық мəдениятындағы аймақлық ҳəм со-
циаллық
диалектлерди изертлейди.
Антропоцентристлик
парадигма
көзқарасынан
қарағанда «инсан» түсиниги биринши орында турады,
ал «тил» оның тийкарғы составлы бөлеги сыпатында
қаралады. Инсан интеллектин, инсанның өзи сыяқлы
тилден тысқарыда көз алдымызға келтире алмаймыз.
Дүнья тил билиминде текстти антропоцентристлик па-
радигма тийкарында изертлеў тийкарынан лингвисти-
калық
семантика, когнитивлик лингвистика, этнолинг-
вистика,
психолингвистика,
лингвокультурология
прагматикалық тил билимине байланыслы мийнетлерде
қолланылады, себеби олардың ҳəммесиниң де изертлеў
объектинде «инсан» түсиниги турады. Тил барлық
ўақытта да этностың характерин ашып бериўши белги
сыпатында мойынланып келди. [2:185].
Ҳəр бир тил лексикалық макросистемасында ай-
рықша бир микросистеманы келтирип шығарыўшы,
этнографиялық түсиникти сəўлелендириўши лексема-
лар системасына ийе. Усы лексемаларды үйрениў ушын
тил билиминиң арнаўлы тараўы – этнолингвистика
пайда болған [3:147-149]. Этнос өткен бир дəўирлерде
дүньяға келип, белгили бир географиялық орталықта
қəлиплескен, шуғылланған кəсип-өнери бирдей, минез-
қулқы уқсас, дини де, тили де бир, салт-дəстүри менен
үрп-əдети ортақ, өзлериниң туўысқанлығын сезине-
туғын, раўажланыў барысында аналық, аталық руўлық,
тайпалық, улыслық ҳəм халықлық дəўирлерди басынан
кеширип, өз алдына ел болып отырған адамлар қəўими
болып табылады [4:7-8].
Этностың даналығы менен дүньятаныўы тек тилде
ғана сақланады. Ҳəр бир дəўирде
адам өмири ушын
керек болған қурал-жарақлар, кийим-кеншеклер,
тағамлар, турмыслық затлар менен салт-дəстүр, үрп-
əдетлер, исенимлер, ойын-күлки, той-тамашаға байла-
ныслы уғымлардың атамалары тек тил фактлери арқалы
яғный, жеке сөзлер менен сөз дизбеклери, фразеоло-
гизмлер менен нақыл-мақаллардың тийкарында бизге
жетип келиўи мүмкин.
Фразеологизмлер – тил ийеси этностың пүткил
дүнья əлем ҳаққындағы уғым-түсиниклериниң, өзин
қоршаған шынлық болмысты қабыллаўының, ағза
түринде таныўының өзине тəн жеке айрықшалықлары-
на байланыслы тил – тилде өзгеше болып өрилетуғын
дүньяның тиллик образын жасаўға қатнасатуғын
көркем ҳəм тəсирли
сөз өрнеклери, тиллик метафора-
лық композициялар. Тилдиң ҳақыйқый көркем ғəзийне-
сине жəмленген бирликлердиң – турақлы сөз дизбекле-
риниң бири фразеологизмлер болып, олар халықтың
узақ өтмишин өзинде сақлап киятырған таўсылмас мол
сырлар, жумбақлар, аўыспалы астарлы мəнилер, этимо-
логиялық дереклер бекитилген [5:116,134]. Тил ийеси-
ниң (этностың, миллеттиң, халықтың) дүнья-əлем
ҳаққындағы уғым түсиниклери, мифлик таныўлары,
философиялық ой жуўмақлары, үрп-əдет, салт-
дəстүрлери сыяқлы руўхый қəдириятларынан хабардар
ететуғын мағлыўматлар ағымы тилдиң лингвомəдений,
менталлық (сезимлик), эстетикалық, поэтикалық, об-
разлылық, көркемлик қəсийетлери менен тутасып ке-
лип, фразеологизмлер, нақыл-мақаллар сыяқлы ту-
рақлы образлы топламларда айқын көринис табады деп,
ҳəзирги тил билиминдеги
антропоцентристлик бағдар-
дың өзекли мəселерин атап көрсетеди [6,8].
Өзиниң образлылығы менен өзгеше болған фразео-
логизмлер ҳəр бир миллет тилиниң айрықшы көриниси
болып, қарақалпақ халқының да миллий тил байлығы-
ның бир бөлегин қурайды. Турақлы сөзлердиң ең үлкен
бир бөлеги фразеологизмлер. Олар ҳəр қандай уғым
түсиникке байланыслы болмасын, гези келгенде,
адамлардың
ис-ҳəрекетин,
сыпатын,
кеўил-
кеширмелерин, дүньятаныўын өзинше мəнилик бояўлар
менен беретуғын көркем сөз ғəзийнеси болып есапла-
нады. Мысалы,
бүйректен сыйрақ шығарды, ғарға та-
мыр, ғарры шағал, жатырған жыланның қуйрығын
басты, жел туяқ, туяқ қалды, ийт күнин басына сал-
ды, ийтткен бир сүйек қарыздар, қаўын туқым бир
туқым, қанаты қайрылды
ҳəм т.б. фразеологизмлерден
көрип турғанымыздай, булардың жасалыўында уйтқы
болып турған «сыйрақ шығарыў», «тамыр», «шағал»,
«жылан», «туяқ», «ийт», «туқым», «қанат» сыяқлы ти-
рек
компонентлери тиккелей адамға байланыслы емес.
Сонлықтан да, этнолингвистика ушын ең қыйын мəселе
усындай фразеологизмлерди аўыспалы мəнилерде қол-
ланылыў мотивлерин түсиндириўден ибарат. Мысалы,
«бүйректен сыйрақ шығарыў» менен «орынсыз, бол-
маған нəрсени айтыў» арасындағы мəнилик сыбайласты
астарлықты сөз бенен де, жазып та дəлийлеп бериўди
талап етеди. Буның ушын фразеологиялық мəниниң
қəлиплесиўин
этнолингвистикалық көзқарастан байла-
ныстыра билиў зəрүр. Сондай-ақ, И.Юсупов қосық
қатарларынан да көриўимизге болады. Мысалы:
Той
лазымға ат шаптырған, Ғарға тамыр туўысқанлық,
Бир қазанда ас демлеткен, Баўыр басқан туўысқанлық.
«Ғарға тамыр» жақын, туўысқанлық мəнидеги сыбай-
ласта бул фразеологизмниң қуслардың ишинде ең көп
жасайтуғын, ҳəтте 300 жылдан көп жасайтуғын «ғарға»
тийкар етилип алынып қазақ, өзбек, түркмен, қырғыз
халықларының туўысқанлығының тамыры тереңде
екенлиги түўралы түсиникке ийе боламыз. «Ғарға» рус
халқының түсинигинде «узақ жасаў» символы [7:54]
есапланады.
Г.Адилова өзиниң мийнетинде,
нақыл-мақаллар да
этнолингвистикалық арнаның ең қунарлы булақларына
киретуғыны көрсетип: «егер тилимиздеги 40 мыңнан
аслам нақыл-мақалларды фразеологизмлер сыяқлы
жыйнап, жүйелеп, белгили бир «тирек» объектлерине
қатнаслы екенлигин анықлап, мазмунын ашып, этно-
лингвистикалық көзқарастан
түсиндиретуғын болсақ,
этностың «тил əлеми» 40 мың мəнилик бирлик пенен
толысып, байыған болар еди» [4:35] – деп, айтып өтеди.
Фразеологизмлер сыяқлы нақыл-мақаллардың да
тилде пайда болыўы этностың руўхый кеширмелеринен
келип шығып, адамның сын-сыпатына, минез-қулқына,
ис-ҳəрекетине, қəсийетлерине байланыслы аўысыў
арқалы дөреледи. Көпшилик нақыл-мақаллар қоңсылас
халықларда да ушырасыўы мүмкин. Бирақ, күн-көрис,
кəсип-кəрине, тиришилилигине байланыслы қарақалпақ
халқының өзине тəн басқа халықларда ушыраспай-
туғын нақыл-мақаллары бар. Мəселен, Ерназар қол-
даўлы өзи баслаған халық көтерилисинде сатқыншы-
ларға айтқан: «
Меннен қалып, бир қап тары ишерсең
»
деген мақалы тек қарақалпақ халқының өзи ушын