Научно-методический журнал Серия: Естественно-технические науки. Социальные и экономические науки. Филологические науки



Pdf көрінісі
бет172/231
Дата30.07.2023
өлшемі4,81 Mb.
#179664
1   ...   168   169   170   171   172   173   174   175   ...   231
Байланысты:
2-сан 2023 (1-серия)

Ilim h
á
m jámiyet. №2.2023
92
түсиникли болған [8:37]. 
Әкең мурап болғанша, жериң 
ой болсын 
нақылы бурынғы ўақытлары дийханшылық 
ушын суў əспек болып, оны гезек пенен суў бөлисти-
рип бериўши ҳəмелиндеги мураплар шешип отырған. 
Бундайда əкеси мурап болса да, жери бийик болса, суў 
шықпай жерин суўғара алмай қалған. Ал, жери ойлар 
азғана ўақыт ишинде жерин суўғарып алған. Бул нақыл 
аўыспалы мəниде бүгинги күнде тамыр-таныслық пе-
нен ис питкериўге урынғаннан, талабың орынлы болып, 
қəтересиз-ақ питирген абзал деген мəниде де қолланы-
лады. «
Пышықтың жуўырғаны топанханаға дейин
»
 
нақылы əдетте, пышық үйден шығып жуўырған ўақыт-
та бирден пəт пенен жуўырады. Бирақ, узаққа бармай-
ақ тоқтайды. Бул нақыл айырым адамлардың шамасы 
келмейтуғын иске қол урып, оны демде таслап кете-
туғынына байланыслы айтылады. «
Үш қой – бир сом
» 
мақалы үш қойдың арзымаған баҳаға ийе екини, бул 
мақал ҳеш нəрсеге басын аўыртпайтуғын, барып турған 
бийпəрўа адамға берилген баҳа сыпатында қолланы-
лыўын көриўимизге болады.
Жоқарыда көрип өткенимиздей, мəнилик өзгерис- 
лерди биз ҳəр бир нақыл-мақалда байқаймыз. Этностың 
дөреткен сөз байлығы бүгинги əдебий тилде, тəлим-
тəрбияда əҳмийети оғада үлкен. Этнолингвистика 
усындай қубылыслардың мəнисин, келип шығыўын 
түсиндиндириўге ҳəрекет етеди.
Дүньяны таныўдың қуралы – тил, оның ишки 
мазмуны менен идеясы, философиялық көзқарастан 
қарағанымызда этностың өмир сүриўиндеги олардың 
дүньятаныў ҳəрекети арқалы дөреткен қунлы мийне-
тлерин мойынлаў болып табылады. 
Жеке миллет
– 
адамзаттың өзине тəн өзгешеликлерине ийе бир бөлеги, 
ал 
миллет мәденияты
адамзат мəдениятының сол өзине 
тəн 
өзгешеликлерин 
танытатуғын 
формасы. 
В.Гумбольдтың пикиринше: «тил – адам менен қор-
шаған ортаны жалғастырыўшы буўын, тилге «ха-
лықтың руўхы» менен мəденияттың белгисине – ишки 
форма тəн деп, бул қағыйда оның философиялық линг-
вистикалық бағдарламасының тийкарын қурайды. 
Соннан халық тилин, халықтың руўхын, тəбиятын, 
болмысын танып билиў қуралы тил екени илимде 
айрықша мəниге ийе бола баслаған.


Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   168   169   170   171   172   173   174   175   ...   231




©engime.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет