Ilim h
á
m jámiyet. №2.2023
101
белгилеўши тийкарғы сыпат бола алады. Жəне бир
айрықша атап өтетуғын нəрсе халықлык қосықларда
музыка ҳам текст бирлиги тек ғана айырым алынған
дөретпелерде емес, сондай-ақ эмоционаллық мазмун
жағынан белгили бир типтеги қосықлар топары ямаса
цикллерге де тəн болады. Бул характерли белги оларды
жанрларға бөлиўде ең зəрүрли белгилердиң бири болып
есапланады.
Бесик жырлары ҳəзирги күнде де халық ишинде
жанлы жасап киятырған жанр. Себеби, ҳəр бир
шаңарақта нəресте дүньяға келиўден оны жубатыўда,
уйықлатыўда тəбийғый түрде ана пүткил барлығы
менен, терең меҳирге толы сезимлери менен оны
аймалайды, өмириниң жалғасы көрип, келешегине
исеним менен қарайды. Бесик жырларының тили
белгили нама ырғағына сай əпиўайы ҳəм сезимге
қонымлы формада дүзилген. Бул айрықшалық белги
өз гезегинде дөретпениң композицясыныңда қолайлы,
ықшам формада дүзилиўин талап етип келген ҳəм оның
турақлы дəстүрий формасын қəлиплестирген. Бул
форма узақ дəўирлер даўамында сақланып қалған.
Ҳəзирги күнде жазба түрде дөретилген бесик
жырларында да аўызеки түринде де усы дəстүрий жол
даўам етип киятыр.
Бесик жырларының басым бөлеги тийкарынан 4
қатарлы қосық қатарларынан ибарат болып, бул 4-5
куплеттен
аспайды.
Жəмийеттиң,
турмыстың
өзгериўине байланыслы дөретпениң мазмунының
айырым детальлары өзгериске ушырап барады. Бесик
жырларының композициясын шəртли түрде үш
бөлимге бөлиўге болады. Ҳəр бир куплет а,а,а,а
уйқасына қурылады ҳəм турақлы түрде даўыслы сеске
қурылған буўын менен жуўмақланады. Ҳəр бир
қатардан бирдей даўыслы буўынға тамамланыўы
дөретпеде өзине тəн айрықша нама ырғағына пайда
етеди. Мысалы:
Айнаныйын аппағым-ай,
Қызлар кийген қалпағым –ай,
Қатарыңнан кем болмай-ай,
Ашылғай балам бахытын-ай.
Айналайын қулыным-ай,
Қызлар қойған тулымың-ай,
Ақ тамағы бүлкилдеп-ай,
Сайраған бағда бүлбилим-ай.
Айнанайын қозышам-ай,
Нурлы жүзли қундызым-ай,
Қараңғы түнде жарқырап-ай,
Жақты берер жулдызым-ай. [1:253]
Мысалларда келтирилген қарақалпақ халқының
өткен дəўирлер ҳəм ҳəзирги дəўир ушын да типик
болған бесик жыры берилген. Дөретпениң биринши
қатары кирис формасында берилип, екинши қатары
жəрдемши компонент сыпатында улыўма куплетке
уйқаслықты тəмийинлеўши болып хызмет етеди.
Үшинши тийкарғы мотивти соңғы қатарлар атқарады.
Бул соңғы қатарлар дөретпениң тийкарғы идеясы.
Бесик жырын атқарыўшының бесик яки əткөншектеги
бөбекке болған меҳир - муҳаббатлы, нəзик сезимли,
жақсы тилеклерди ардақлап жүзеге шығарыўы менен
байланыслы.
Гейде бесик жырларында тийкарғы мазмун
куплетлерде бирдей уйқасқа түскен қатарларда «қундыз
шам», «жулдыз шам», «бүлбил шам» сыяқлы
метафоралық мəни бериўши образлы сөзлер бериледи.
Бесик жырларының атқаратуғын хызмети идеялық
мазмуны,
пүткил
əлем
халықларында
бирдей
мақсетлерге бағдарланған болып, шаңарақта жаңа
туўылған нəрестени əлпешлеп бағыў, руўхыятына
меҳирли сөзлер менен жағымлы ҳаўазда дəслепки
қарым-қатнас ҳəм тəрбия бериў болып табылады.
Дүньяға келген нəресте психологлардың мағлыўматы
бойынша үш күнде-ақ анасын таный баслайды. Бесик
жырлары арқалы олардың ҳаўазларында танып, бала
тынышланады. Жас нəрестени дерлик үйинде бөбеги
бар барлық шаңарақ ағзалары жубатып, 2-4 қатар бесик
жырын айта алады. Себеби, ҳəр күни ананың, кемпир
апасының,
атасының
айтқанларын
шаңарақтағы
үлкенлеў балаларда еситип, есте сақлап, еликлеў
арқалы атқарады.
Түркий халықларда, соның ишинде қарақалпақ
халқында жалпы көп балалы шаңарақта ересек
балалардың кишкене үкелерине қараўы, бағып-қағыўы
халық турмысындағы дəстүрли қубылыс.
Бесик жырларына қарақалпақ халық аўызеки көркем
дөретиўшилигиниң бир жанры сыпатында биринши рет
дыққат аўдарған Н.А.Баскаков болды [3], буннан соң
қарақалпақ
фольклорын
классификациялаған
Н.Дəўқараев [4]. Ол қарақалпақ халық дөретиўшилигин
еки түрге: 1) Эпикалық ҳəм 2) Лирикалық түрлерге
ажыратады. Лирикаға, əдетте, қосықларды киргизеди.
Қосықларды жанрларға бөлгенде балалар қосықлары
менен бесик жырларын салт-дəстүр жырларының
ишинде қарайды. Бирақ, бесик жыры ҳəм балалар
қосықларының да өзине тəн нама ырғағы, айтылыўы,
атқарылыў өзгешеликлери бар деп атап көрсетеди.
Н.Дəўқараевтың мийнетиндеги бул көз-қарасларды
анализлеп қарағанымызда, халық аўызеки көркем
дөретпелериндеги балаларға арналған қосықлар ҳəм
бесик жырлары кең халық массасына тарап, сиңисип,
ҳəр бир шаңарақта атқарылып келген. Жəмийеттиң
раўажланыўы тəсиринде бесик жыры өз алдына жанр
сыпатында анық белгилери менен өзгешеленип
раўажланып барады. Ал, балалар қосықларының да
өткен дəўирлерге тəн болған жасаў орталығы бесик
жырларындай шаңарақ еди. Бесик баласы улғайып, еси
енип, сөздиң мазмунын түсинип баслағаннан баслап
шаңарақта үлкен итибар менен тəрбия берилип,
балаларға ҳəрекетли ойынлар менен атқарылатуғын
қосықларды дөретип, үйретип, ойнатып отырған. 3-4
жасар балаларда ҳəрекетли ойынға деген қуштарлық
басым
болып
келеди.
Ата-бабаларымыз
бесик
жырының даўамлы жалғасы ретинде шаңарағында
балаларды көркем сөзлер арқалы – қосықлар менен
ҳəрекетли ойынларды үйретип комплексли тəрбиялап
барған. Н.Дəўқараевтың мийнетиндеги көз-қараслар
өткен ХIХ əсир басларына шекемги қарақалпақ
халқының социаллық жағдайларына байланыслы
жүзеге шыққан пикирлери деп есаплаўға болады. Ал,
ҳəзирги дəўир балалар қосықлары дəстүрли усыллардан
пайдаланған ҳалда яки пайдаланбай-ақ жаңа форма ҳəм
жəмийеттиң раўажланыўы тийкарында кең түрде
раўажланып, бесик жырларынан пүткиллей өзгеше
форма ҳəм мазмунда өз алдына жанр сыпатында
жасайды.
Фольклор ҳəм этнографияның өз ара тығыз
байланысларынан келип шыққан дəстүрге байланыслы
«дəстүр» термини шəртли түрде қолланылады. Басқа да
халықлар əдебиятында мəселен, А.Н.Мартинова [5],
О.Сафаров [6], Р.Ягафаров [7], К.Матыжанов [8]
усындай пикирлер дөгерегинде бесик жырларын сөз
етип, оның турмыс-салтқа байланыслы, бала күтимине
арналған,
халық
жырына
айланған
халық
қосықларының бир жанры екенлигин дəлиллейди.
Бесик жырын ҳəр бир ана өз перзентине арнап айтады.
Бесик жырлары бала руўхыятына күшли тəсир етиўи
арқалы оның жетик инсан болып қəлиплесиўинде үлкен
роль ойнайды. Бесик жырлары халық педагогикасының
ең туңғыш əпиўайы ҳəм қүдиретли тəсир күшине ийе
миллий тəрбия қуралларынан есапланады. Бесик
жырлары мазмунында халықлық дəстүрлер мəденияты,
əййемги
дəўирлерден
берли
киятырған
диний
исенимлер
ҳəм
адамзаттың
дүнья
таныўдағы
философиялық көзқарасларына шекем жəмленген.
|