Ilim h
á
m jámiyet. №2.2023
102
Дүнья халықларында бесик жырлары ҳəр түрли
атама менен аталады, бирақ оның атқаратуғын хызмети
бирдей. Ҳəттеки, поэтикалық қурылысы, өзине тəн
нама ырғағы жағынан үнлесип келеди. Бесик
тербелисине ыңғайласқан саз, ҳаўаз, ырғақ баланы
тынышландыра отырып, оның жан дүньясы менен
санасына халықлық тəрбияның туңғыш бөлегин береди.
Бесик жырларын үйинде бөбеги бар шаңарақ
ағзаларының барлығы да атқара беретуғынын биз
жоқарыда айтып өткен едик. Бирақ анасы айтқан бесик
жырына ҳеш бири тең келмейди. Ана тəбийғый түрде
баланы дөретиўши, дүньяға келтириўши ҳəм оны
асырап абайлаўшы қорғаны. Аш болса емизеди, жыласа
жубатып, бесик тербетеди. Бесик жыры арқалы
қуўанышын, сүйинишин, өтмишин, келешегин бəрин
жыр етип ҳəййиўлейди.
Қарақалпақ халқында бесик күтимине байланыслы
аналардың баласын көзге көринбейтуғын бəлелерден
қорғаў ҳəм сақлық ушын ислейтуғын салт-дəстүрге
айланған ырымлары бар. Баласын бесигине бөлеп
жатқарыў ушын таярлап ҳəм жубатып атырып:
Мойнымдағы тумарым,
Тарқамайды қумарым,
Аллам берген алсын деп,
Ақ бесикке салсын деп.
Мойнымдағы маржаным,
Келешегим парлағым,
Ақ бесикте жатағой,
Татлы уйқы татағой. [9:253]
-деп ҳəййиўлейди. Баланы бесикке бөлеп болып, ески
ырымларға да исеним менен қарап, қəўип-қəтерден
қорғаў ушын:
Балам жатсын бесикте,
Бəлеси қалсын есикте. [9:253]
-деп түрли бəле қəтерден асыраў ушын бул қатарларды
да ҳəййиў жыры сыпатында айтады. Баласы тыныш
шоршынбай уйықлаўы ушын дастығының астына нан,
дуз, пышақ қояды. «Тумар» - диний инанымларға бай-
ланыслы нəрестени (ҳəттеки, үлкен адамларда көрин-
бейтуғын жерине, биреўлер көрсетип-ақ тағып жүреди)
бəле қəтерден асыраўшы кəраматлы сөзлер жазылған
(ислам дининде араб графикасындағы жазыўлар менен
жазылады) қағаз болып, оны үш мүйешли етип бүклеп
ҳасыл таўарлар менен қаплап илдирип қойылады. Бул
ҳəрекетлер де ананың перзентин қəўип-қəтерсиз өсиўи
ушын ислеген диний исенимлери екенлиги көринип
тур. Инсанға берилген имканият, ишки сезим-
туйғыларын, ҳəрекетлерин тили, зибаны арқалы жүзеге
шығарып сүйинеди, күйинеди, қанаатланыўшылық
билдире алады. Мине, бесик жырындағы ана меҳриниң,
ҳəрекетлериниң сөз бенен баянланыўы, қорғаўы:
Балам мениң уйықласын,
Периштелер қорғасын,
Пышақ кессин жаманды,
Нан, дуз урсын шайтанды. [9]
-деп диний исенимлер менен периштелерди шақырады.
Пышақтан бəле-қəделер қорқып кетсин, нан, дуз –
кəраматлы болып шайтанды сескендириў ушын қуда
жолына атап қояды. Ана муҳаббаты перзент ушын шек-
сиз, бесик жырлары ананың муҳаббатынан усылайын-
ша дөретилип бара береди.
Бесик жырларында айға, күнге, жулдызға, қундызға,
гүлге, бүлбилге, тайыншаққа, қозышаққа, қулыншаққа
уқсатып теңеў арқалы ардақлайды. Оларды дизбеклеп
уйқасқа түсиреди. Таяр бурыннан қəлиплескен мо-
тивтен пайдалана отырып, ырғағына салып, намасына
қосып дөретиўшилик пенен атқарады. Себеби, бесик
жыры тəбийғый түрде ананың меҳри менен қарысып
жүзеге шығады. Мысалы:
Ҳəййиў, ҳəййиў аппағым,
Гүл ишинде жапырағым,
Қозым мениң гүл болғай,
Жыйнағаным той болғай.
Мениң балам тайыншақ,
Жан қуйрығы бир қушақ,
Тербенбестиң бойында,
Шаўып жүрген қулыншақ. [1:253]
«Сөз», «саз», «ҳəрекет»лердиң биргеликте жəмлесип
көркем дөретпениң атқарылыўына, жүзеге шығыўына
қатнасы этнофольклорлық өзгешеликке ийе болып,
фольклорлық дөретпениң ең тийкарғы белгилериниң
бири.
Бесик жырлары арқалы биз халық турмысының түр-
ли көринислерин көриўимизге болады. Өзбек, қазақ,
əзербайжан, тəжик халықларының бесик жырлары те-
матикасына нəзер салып қарасақ: «Аналар сырын
шерткен бесик жырлары» [10] деген тематикадағы бе-
сик жырларын көриўимизге болады. «Текст үлгиси:
«Аллолай отошди» - (Жүректен шыққан оттай ҳəййиў»
-мəнисин береди.)
Жүрегим оттай жанады,
Өткен күнлерден хабарын бермеди.
Мен оннан қант сорандым,
Ол əтөшкүр менен урды,
Мен жылап далаға қаштым,
Ойнап отырып уйықлап қалдым,
Түрк əмеки келип əкетти мени,
Перзент етип өсирди мени,
Турмыс қурып Ҳиндстандаман,
Махпарам бесикте,
Айпарам теребетеди. [10.]
-деген қатарларда тəжик халық ҳəййиўиндеги бир ана-
ның басынан кеширген балалықтағы қыйыншылықла-
рын еслеп ҳəййиў айтып отырғанын көремиз. Жас ана-
ның балалықтағы жетимлик тəғдири ядында мөрленип
қалған. Өз балаларының ана баўырында жетимлик көр-
мей өсиўин əрманлап, бесикти тербетеди. Бул ертек
сюжетли бесик жырында ана болып айтқан жетим қы-
здың өтмиши өгей анасының зулымлығы себепли қызы
бийдəрек жоғалып кеткеннен сөң əкеси оны излеп
дийўана (дəрўиш) болып дүнья гезип кетеди. Өгей ана-
ны қуўып жибереди. Арадан сонша жыллар өтип, бир
есиктиң алдына келип суў сорамақшы болып
турғанында жас ананың бесик жырын еситип қалады.
Бул бахытлы жас ана өз қызы екенлигин сезеди, биле-
ди. Аналар сырын шерткен бесик жырларының сюжети
аналар өмирин, сырын сөз етиўши терең мазмунға ийе.
Ана ишки дүньясын, сезимлерин қосыққа айландырып
бесик жырлары тематикасын пайда етеди.
Миллий руўхты бөбеклик дəўиринен баслап-ақ
бойына сиңдиретуғын халықлық тəрбияның тəсири ай-
рықша екенлигин бесик жырлары арқалы көремиз. Бе-
сик жырын тыңлап жатырған бөбек тыныш, шийрин
уйқыға кетеди. Бала тоқ, тыныш, меҳирли орталық пе-
нен тəмийинленгеннен соң оның раўажланыўына да
жүдə жақсы тəсири тийеди. Бесик жырын тыңлап өскен
баланың есте сақлаў қəбилети де жақсы раўажланады,
меҳир алған оның руўхыяты да бай, меҳирли инсан бо-
лып қəлиплесиўин тəмийинлейди.
Бесик жырларында ул ҳəм қыз балаларға арнаўлы
түрде өзгешеликлерге ийе теңеўлер менен айтылатуғы-
нын көриўимизге болады. Мəселен, қыз балаларға
айым, жулдызым, қундызым теңеўлери көбирек қолла-
нылса, ул балаларға қозышақ, қулыншақ, тайыншақ
сыяқлы теңеўлер көбирек қолланылады:
1)Қулыншағым қайда екен,
Қызлар менен тойда екен.
-деп ул балаларға қарата айтылса, қыз балаларға ка-
рата:
2) Қызым мениң қандай,
Аспандағы айдай [1.]
-теңеўлери менен ҳəййиўлейди.
Улыўма алғанда, бесик жырлары ҳəзирги дəўир ха-
лық аўызеки көркем əдебиятында, халық дөретиўшили-
|