Ilim h
á
m jámiyet. №2.2023
104
Ақ сақалды киси болып,
Ҳəзирет қызыр келеди,
Үйиңе, патша, бар, дейди,
Таңлап жүрип елиңнен,
Бир шырайлы қыз ал дейди,
Сол ҳаялды алған соң,
Бир ул,бир қыз табады [ 3]
-дейди.
Қызырдың бул гəплерин еситкен Шаншар ханның
қуўанышы қойнына сыймай өз елине жол алады. Елине
келип, Барын деген ўəзириналдына шақырып, оның
менен ойласады. Ўəзири пүткил халқын жыйнап, сол
елдиң ишинен Шаншар ханға бир сулыў қызды əкелип
береди. Хан ол қыз бенен он жыл жасайды, перзент
көрмейди ҳəмбуған қатты қыйналады. Жасым жетписке
келди, мениң артымда бир туяқ қалмайтуғын болды,-
деп сарсылады. Хан менен ўəзири ойласып жəне қалың
журтты жыйнайды. Журт алдына Барынның шығып
былай дейди:
-Ал мениң атым Барын-ды,
Мен айтамын зарымды.
Бир перзенттиң дəртинен
Беттен төктим арымды,
Кетирди алла сəнимди[4]
Ханның ўəзири журттың алдына шығып ханның
жағдайын айтып, ким кепиллик береди, қызының бир
ул, бир қыз дүньяға келтирип бериўине?,- деп сорайды.
Ўəзирдиң бул гəпин еситкен қалың Ноғай халқы
ойлайды: «бул Шаншар хан қалай айтады, болатынын
ким болжайды-деп журт тарқап кетеди [5]. Сонда сол
жерде турған жасы алпысқа келген Жаўдыр шал
өмиринде гедейликтен көп азаплар шеккен ҳəм де
ҳаялы бул дүньядан өткен. Жалғыз қызы Қаншайымды
балық аўлап, күн көрип үлкен қыйыншылықларды
басынан кеширип, кəмалға келтиреди. Атасы қызын
ханға узатқысы келип, қызы Каншайым гедейликтиң
қыйыншылығын көрмесе екен деп, Жаўдыр шал
ханның айтқан сөзлерине разы болады.
Атасының бул айтқан гəплерин қызы ҳеш еки
етпестен орынлайды. Қаншайым атасының гəплерин
тыңлап
турып,атасына
қаншама
аўыр
болып
турғанлығын биледи ҳəматасының қалған өмиринде
қыйыншылық көрмесин деп қыз Шаншар ханның
айтқанына разы болады.
Бул сюжетте Қаншайым қыздың атасына деген
меҳрибаншылығын ҳəмде атасының қалған өмиринде
қыйыншылықсыз жасаўы ушын өзиниң өмир жолын
жасы алпыстан өткен ғарры менен бирге жасап, өмир
сүриўге бағышлаўға таяр. Бул, əлбетте, перзенттиң
атаға деген ҳүрметин, меҳир-муҳаббаты. Еки халықтың
дəстанларында да, ханның перзент көрмегенлиги, ҳəмде
журтында қызы бар адамларға азап бергенлиги
сүўретленген.
Қаншайым қыздың ақыллы,ол хан менен бирге
турмыс кеширип, оннан Муңлық атлы бир ул, Зарлық
атлы бир қыз дүньяға келтиреди. Хан ҳаялларының
сөзине исенип, Қаншайымды дарға асыўға буйрық
береди. Ал, ханның жəллатлары оны өлтирмей жанын
сақлап қалады. Ханның ҳаяллары менен мəстаннан
көрген азаплары, булардың бəридəстанда сүўретленген.
Еки халық дəстаны да бир-бирине уқсас,сюжет ҳəм
мотивлерге жүдə бай.
Жуўмақлап
айтқанда,
«Муңлық-Зарлық»
дəстанында ҳадаллық, ҳақыйқатлық жүзеге шығып,
Санжархан өзиниң ислеген қəтеликлерин түсинип
жетеди. Муңлық пенен Зарлықты, оның анасы
Қаншайымды таўып бақытлы өмир кеширеди. Бул
дəстанларды оқып жуўмақ шыгаратуғын болсақ,
«Сүринбейтин туяқ, жаңылмайтуғын инсан болмайды»
деп айтқым келеди. Улыўмаластырып айтқанда, инсан
қаншелли сабырлы, шыдамлы болса өзиниң мурат –
мақсетине, жақсы нийетлерине жететуғынлығы сөзсиз.
Достарыңызбен бөлісу: |