Научно-методический журнал Серия: Естественно-технические науки. Социальные и экономические науки. Филологические науки



Pdf көрінісі
бет192/231
Дата30.07.2023
өлшемі4,81 Mb.
#179664
1   ...   188   189   190   191   192   193   194   195   ...   231
Байланысты:
2-сан 2023 (1-серия)

Ilim h
á
m jámiyet. №2.2023
105
клорының барлық жанрына тоқтап отырмастан, оның 
ең үлкен жанрларынан бири – дəстанлар арқалы, 
дəстанның атқарыўшылары, белгили дарежеде дɵре-
тиўшилери болған жыраў-бақсылар дɵретиўшилиги 
екенлиги мəлим.
Қарақалпақ жыраўларының ең дəслепкилериниң аты 
Соппаслы Сыпыра жыраўдан басланады. Ол атқарған 
дəстанлар менен бирге еле ел арасында оның
«Ғаррыңман», «Ҳе Кенжембай, Кенжембай», «Жатыр 
едим ғаплетте» т.б. ушырасады. XIII–XIV əсирлерде 
қарақалпақ 
дəстанларының 
кɵплеп 
дɵретилген 
дəўиринде сɵзсиз кɵплеген қарақалпақ жыраўлары 
болған. Не себептен олардың атлары умытылып кет-
кенлиги белгисиз. «Манас» туўралы жазған ɵзиниң 
изертлеўинде М.Аўезов «Манас» ты атқарыўшы əййем-
ги манасшылардың умытылғаны жɵнинде айта келип, 
кейин ала «Манас» ты атқарыўшылардың ɵзлериниң 
устазларының атын сааналы түрде еске тусирмегенин 
белгилеп ɵтеди [1:16]. Бул жағдай ҳəр бир жыраў 
дəстанды ɵзи атқарыўшы сыпатында кɵрсетиў мақсе-
тинде қарақалпақ дəстанларын атқарыўшыларында да 
болса керек. Бирақ, Асан қайғы атына байланыслы
материаллар, Жийренше шешен атына байланыслы 
шешенлик сɵзлер, олардың аты менен қарақалпақлар 
арсында усы күнге шекем сақланып келеди.
XVIII əсирде жасаған Жийен жыраў ҳаққында бир 
қанша аңыз мағлыўматлар бар. Жийен жыраўдың уста-
зының ким екенлиги туўралы ҳеш қандай мағлыўмат 
жоқ. Тек шамалаў ретинде оның «Бозаман»,
«Қурбанбек», «Ерқосай», «Жазкелен», «Алпамыс», 
«Қырқ қыз», «Ҳажыгерей», «Ерзиўар» дəстанларын 
атқарғанлығы ҳаққында пикирлер бар [2:25]. Жийенниң 
шəкиртлери қайсы жыраў болғанлығы да белгисиз. 
Қурбанбай жыраў «Қырқ қыз» дəстанының ақырында 
Жийенниң шəкирти ретинде Шаңкɵтти т.б. кɵрсетеди. 
Халмурат XIX əсирдиң ақыры XX əсирдиң басында 
жасаған жыраў. Жийен менен екеўиниң арасында жүз 
жылдан асламырақ дəўири бар. Жийеннен баслап бизге 
шекемги белгили жыраўлардың арасындағы қатнас 
пүткиллей еле шешилмеген мəселе. Буны айтып 
отырғанымыз, қарақалпақларда жыраў, бақсышылық, 
устаз шəкирт болыў формасында раўажланған. Жыраў 
болыў ушын устазға ериў, оннан пəтия алыў, устазын 
пир тутыў ҳəзирге шекем бузылмай келген дəстүр.
XIX əсирдиң ақыры XX əсирдиң басларында 
қарақалпақ дəстанларының қарақалпақлар арасында 
кеңнен қолланылыўы жағынан ҳəм жыраў-бақсылар 
тəрепинен жетилистирилиўи жағынан халық аўзында 
сақланып келинген материалларға қарағанда белгили 
бир дəўирди қурағанлығын билемиз. Усы дəўирде елеге 
шекем халық аўзында умытылмаған ең үлкен халық 
жыраў-бақсыларының аты сақланған. Булардың ең 
ирилери Айтуўар, Шаңкɵт, Қабыл, Дүйсенбай,
Турымбет, Байнияз, Нурабылла, Ақымбет, Муўса т.б. 
ХХ əсирдиң басында бақсы-жыраўшылықтың кɵрилме-
ген дəрежеде үлкен бир адым илгерилеўине мүмкин-
шилик пайда болды. Бирнеше онлаған қарақалпақ
жыраў-бақсыларының ишинде ең үлкен сɵз шеберлери 
есапланған Ерполат, Өгиз (Хожамберген жыраў),
Есемурат жыраў, Қурбанбай жыраў, Қыяс жыраў,
Жапақ бақсы, Ещан бақсы, Қаражан бақсы т.б. қарақал-
пақ халқының сɵз кɵркем-ɵнериниң əсирлер бойы
тарийхын дɵретиўдеги, соның менен бирге ҳəзирги 
дəўиримиздиң 
мүмкиншилигине 
ылайық 
мəңги
сақланады.
Қарақалпақ дəстанларын ең сулыў жырлайтуғын 
жыраўлар қатарына Ҳожамберген Нияз улы ямаса
халық атаған лақабы менен Өгиз жыраў (1884-1855) да 
кирген. Ол жырлған ҳəм басып шығарылған 
«Алпамыс» дəстанының варианты қарақалпақ халық 
поэзиясының ең жақсы үлгилеринен есапланады. Өгиз 
жыраў «Алпамыс» дəстанының бул вариантында үлкен
шайыр жыраў екенлигин кɵрсетеди. Әсиресе оның 
дəстандағы тек қосықлары ғана емес, ал, қара сɵзди де 
(насыры) шебер уйқасымлы, сулыў етип айтылыўы 
буған дəлил болады. «Алпамыс» дастанының Өгиз жы-
раў вариантының кɵркемлик ɵзгешелигиниң жоқары 
дарежеде екенлигин И.Т.Сағыйтов та атап кɵрсетеди 
[3:208]. Өгиз жыраўдың дəстанларды халық тилинде 
сондай шебер жырлайтуғыны ҳаққында Н.Дəўқараев 
ертеде-ақ ɵзиниң жыраў бақсыларға арналған пикирле-
ринде де айтқан еди. Өгиз жыраў шымбайлы Бекимбет 
жыраўдың шəкирти. Усы жыраўлар қатарына қарақал-
пақ дəстанларын шебер атқаратуғын Ерполат жыраўды 
да киргизиўге болады. Ҳəзирги дəўирде қарақалпақ 
жыраўларының ең үлкен ўəкиллериниң бири Қыяс
жыраў (1903-1973). Қыяс кишкене ўақтында мал 
бағады, қосыққа, сазға қызығады. Нурабылла, Ту-
рымбет, Әбдирасүўли, Ерполат қусаған жыраўларды 
бир неше рет тыңлайды. Бегмурат деген жыраўға 
шəкирт болып, оннан жыраўшлықты үйренеди. Оның 
репертуарында «Алпамыс», «Мəспатша», «Шəрияр», 
«Қырқ қыз», «Бозуғлан», «Қурбанбек» т.б. дəстанлар 
бар. Ол «Орманбет бий», «Посқан ел», «Ақмақ патша», 
«Айдос бий» «Шежире» қусаған дɵретпелерди да үйре-
нип алып, репертуарына киргизген. Соның менен бирге 
ол кɵп ғана термелерди биледи. Өз ядынан қосық 
шығара алады, шайыршылығы бар. Оның ɵзи дɵреткен 
ҳəм ҳəзир гейпаралары басылып шыққан «Қобызым», 
«Заманым», «Дүнья», «Қобыз термеси», т.б. кɵплеген 
шығармалары бар. Қыяс жыраў 40 қа шамалас намала-
рды шертеди. Олардың ишинде «Нама басы», 
«Жолшы», «Терме», «Жортыўлы», «Шɵласқан», «Ер-
маннама», «Кɵз айдын», «Қаныгүл», «Толқын», «Айға 
шап», «Шɵңкɵтнама», «Кɵсе Қосжан», «Келте толғаў», 
«Уллы зибан», «Асырым», «Шарбейит» т.б. намалар 
бар [4: 64].
Дɵретиўшилик ɵзгешелиги жағынан Қуламет 
жыраў, Өтенияз жыраўлар да үлкен қызығыўшылық 
оятады.
Қарақалпақ қаҳарманлық дəстанларын тийкарынан 
жыраўлар атқарғанлықтан, биз ири баслы жыраўлардың 
дɵретиўшилик ɵмирбаянына қысқаша тоқтадық. Усы-
ның нəтийжесинде ҳақыйқат қарақалпақ жыраўына тəн 
болған гейпара белгилер жүзеге шығады. 1) олардың 
басым кɵпшилигиниң дерлик аўыр мийнетти басынан 
кешириўи, əсиресе шопан болыўы, мийнеткеш халық 
арасынан шығыўы; 2) белгили бир жыраўға (жыраўшы-
лыққа руқсат бергенше) шəкирт болыўы; 3) сазға, сɵзге 
шеберлик, шайырлық қəсийеттиң болыўы; 4) тек ғана 
халық аўызеки поэзиясының үлгилери менен таныс 
болып қоймастан, əдебияттың үлкен шығармалары
менен де қандай дəрежеде болса да таныс болыўы т.б.
Әлбетте, қарақалпақ жыраўларының басым кɵпши-
лигинде шайыршылық талант болған менен, гейпарала-
рында шайыршылық болмай, тек ядланған текстти ɵз-
гертпей айтыў жағдайлары болады. Мысалы, Өтенияз 
Ийимбетовта усындай қəсийет бар. Сонлықтан 
қарақалпақ жыраўларын усы кɵзқарастан екиге, бир 
топарын шайыр жыраўлар, екинши топарын шайыр 
емес, жыраўлар деп шəртли түрде атаў мүмкин. Шайыр 
жыраўлар сɵзсиз дəстанның дɵрелиўине ɵз үлесин 
қосқан. Ал, шайыр емес жыраўлардың дəстанның тара-
лыўында, сақланыўында роли күшли болған.
Улыўма 
айтқанда, 
қарақалпақ 
бақсыларынан 
устазлық дəрежеге кɵтерилген ири ўəкиллери Ақымбет, 
Муўса бақсылардың Есжан, Жапақ, Қаражан бақсылар-
дың қарақалпақ халқының сɵз ҳəм саз мəдениятына 
қосқан үлеслерин ҳеш ўақытта умытыўға болмайды. 
Атақлы қарақалпақ бақсыларының дɵретиўшилик уқы-
бына байланыслы жыраўлық сыяқлы бақсышылық та 
қарақалпақ халық кɵркем ɵнериниң бир түри болып 
қəлиплескен. Усы дəстүрди ҳəзирги күндеги белгили 
қарақалпақ бақсылары Әмет Тарийхов, Генжебай




Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   188   189   190   191   192   193   194   195   ...   231




©engime.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет